Өзбекстан Республикасы инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов Египет Араб Республикасының мәмлекетимиздеги Айрықша ҳәм толық ҳуқықлы елшиси Тамир Фатҳи Абдуссалом Ҳаммад пенен ушырасты.

Сөйлесиў ўақтында саўда-экономикалық бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайы додаланды. Товар алмасыў көлемин арттырыў бойынша гезектеги илажлар белгиленип, күн тәртибиндеги басқа да әҳмийетли мәселелер де көрип шығылды.

Шериклик көлеминиң избе-из кеңейип атырғаны атап өтилди. 2023-жыл экспорт тийкарынан тоқымашылық, фармацевтика, электротехника, аўыл хожалығы өнимлери ҳәм хызмет көрсетиў есабынан 110 процент асты. Египет компаниялары менен бирге азық-аўқат өнимлерин ислеп шығарыў, геология-излеў ҳәм ишимлик суўы системасын жетилистириў бойынша бир қатар жойбарлар әмелге асырылмақта. Өзбекстанда Египет капиталының қатнасында 15 кәрхана жумыс алып бармақта.

Сөйлесиў соңында тәреплер санлы экономика, тоқымашылық санааты, транспорт-логистика, фармацевтика, машина қурылысы, таў-кән ҳәм фитосанитрия сыяқлы тараўларда бирге ислесиўди беккемлеў мақсетинде, еки мәмлекет исбилермен топарларының ўәкиллери арасында дөгерек сәўбетлерин өткериў, сондай-ақ, жақын арада Ҳүкиметлераралық биргеликтеги комиссия мәжилисин шөлкемлестириўге келисип алды.

ӨзА