Өзбекстан Республикасы Президенти «Әндижан мәмлекетлик техника институтын шөлкемлестириў ҳаққында»ғы пәрманға қол қойды.
Оған муўапық, Әндижан машина қурылысы институты, Әндижан экономика ҳәм қурылыс институты ҳәм Ташкент тоқымашылық ҳәм жеңил санаат институтының Әндижан факультети тийкарында Әндижан мәмлекетлик техника институты шөлкемлестириледи.
Автомобиль қурылысы, электротехника, энергетика, тоқымашылық, инженерлик, қурылыс ҳәм басқа да санаат тараўлары бойынша, сондай-ақ, аймақтың жоқары мағлыўматлы кадрларға болған талабына муўапық заманагөй билим ҳәм әмелий көнликпелерге ийе кадрлар таярлаў;
билимлендириў процесине илим ҳәм техниканық соңғы жетискенликлерин қолланыў, халықаралық тән алынған шөлкемлер рейтингинде жоқары 300 лик дизимге кирген сырт ел жоқары билимлендириў бағдарламаларын ислеп шығыў ҳәм енгизиў;
әмелий ҳәм фундаменталь илимий-изертлеў ислери ҳәм инновациялық жойбарлардың нәтийжелилигин арттырыў илажларын көриў;
қәнигелик тараўлары бойынша билимлендириў, илим, өндирис арасында интеграцияны тәмийинлеў;
жетекши сырт ел жоқары билимлендириў шөлкемлери менен биргеликте студентлердиң академиялық алмасыўын тәмийинлеў, олардың билим алыўы ҳәм тараў шөлкемлеринде қәнигелик әмелиятын шөлкемлестириў;
профессор-оқытыўшылардың санаат кәрханаларында стажировка өтеўин жолға қойыў ҳәм қәнигелерди қайта таярлаў ҳәм олардың маманлығын арттырыў системасын раўажландырыў;
студентлерди ҳәр тәреплеме жетик кадрлар болып жетисиўи ушын барлық шараятларды жаратыў, сондай-ақ, оларда жоқары руўхый ҳәм әдеп-иркамлылық пазыйлетлерди раўажландырыў, тәлим-тәрбия ҳәм әмелият үнлеслигин нәтийжели шөлкемлестириў институтының тийкарғы ўазыйпалары болып есапланады.
Әндижан машина қурылысы институты, Әндижан экономика ҳәм қурылыс институты ҳәм Ташкент тоқымашылық ҳәм жеңил санаат институтының Әндижан факультетинде оқып атырған барлық студентлер оқыўын Институтта даўам еттиреди ҳәм 2024-2025-оқыў жылынан баслап питкериўши курс студентлерине белгиленген тәртипте Институт дипломы бериледи.
Институт мәмлекетлик жоқары билимлендириў мәкемеси болып есапланады ҳәм Жоқары билимлендириў, илим ҳәм инновациялар министрлигиниң системасында жумыс алып барады.
ӨзА