Нөкис қаласында «Жадидлер изинен» таңлаўының Қарақалпақстан Республикасы басқышы болып өтти.
Оған республикамыздың барлық аймақларынан таңлаўдың қалалық ҳәм районлық басқышларында жеңимпаз болған оқыўшылар қатнасып, белгиленген 3 шәрт бойынша өзлериниң билимлерин сыннан өткерди.
Қызықлы өткен таңлаў жуўмағында, 6-7-8-класс оқыўшылар арасында биринши орынды Елликқала районынан Соҳиба Каримбаева биринши, төрткүлли Улығбек Аманбаев екинши ҳәм Нөкис қаласынан Лайло Аралбаевалар үшинши орынды ийелеўге миясар болды.
Ал, 9-10-класс оқыўшылар арасында өткерилген таңлаўда болса, Нөкис районынан Феруза Дошбаева биринши, Нөкис қаласынан Дамир Адилбаев екинши ҳәм берунийли Мая Бекмуратовалар үшинши орынларды ийелеўге еристи.
Таңлаў соңында жеңимпазлар шөлкемлестириўшилер тәрепинен диплом ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы.