«Бес баслама» жойбарының төртинши басламасы жасларды китапқумарлыққа қызықтырыў ҳәм бағдарлаўға қаратылған ис-илажлар жаслар турмысында өз нәтийжесин көрсетпекте. Атап айтқанда, «Зийрек китапқумар», «Жас китапқумар», «Жас китапқумар шаңарақ», «Зәкаўат» интеллектуаллық таңлаўлары бир мақсет жолында бирлеседи яғный, жасларды китап оқыўға қызығыўшылығын арттырыў илим, билим ийелеўге ийтермелейди.
Жаслардың китапқумарлыққа деген қызығыўшылықларын және де арттырыў мақсетинде Жаслар ислери агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, «Platobooks» ЖШЖ, «Booky» қарақалпақ тилиндеги аудиокитаплар платформасы ҳәм «Айдынлар» жойбары менен биргеликте китаплар әлеми ушын әжайып жаңалық бола алатуғын жаңа басламаны илгери сүрди. Дүнья жүзиндеги бийбаҳа шығармаларды қарақалпақ тилиндеги аўдармаларын жаратыў, қарақалпақ тилинде баспадан шығарыў ҳәм оның аудио вариантын, сондай-ақ оны фильм көринисинде таярлап баслады. Жаслар өз креативлиги менен жәҳән әдебияты дүрданаларын қарақалпақ тилине аўдарып жаслар арасында китапқумарлықты раўажландырыў ушын өз үлесин қоспақта.
Жақында Нөкис қаласындағы Жаслар орайында Антуан де Сент-Экзюперидиң қайта баспадан шығарылған «Кишкене шаҳзада» китабының презентациясы болып өтти.
Китапты қарақалпақ тилиндеги аудио ҳәм фильм варианты исленип, усы жылдың 17-ноябрь күни саат 19:10да «Жаслар ТВ» телеканалында премьерасы эфирге узатылды. Рус тилинен қарақалпақ тилине жазыўшы Гүлнара Ибрагимова аўдармасы тийкарында Ташкент ўәлаятындағы «Yangi yo’l Poligraf Service» ЖШЖ баспаханасында басып шығарылған.
Антуан де Сент-Экзюперидиң «Кишкене шаҳзада» атлы повести – өмир ҳәм дослықтың мазмунын тусиниў ушин саяхатқа шыққан, узақ планетадан келген кишкене бала ҳаққында әжайып қыссы.
Жаслар басламасы ҳәм мәмлекет басшыларының қоллап-қуўатлаўы менен жәҳән әдебиятының бул шедевр дөретпеси 2000 нусқада басып шығарылды.
Презентацияда 200 ге жақын қатнасыўшы атап айтқанда, креатив жаслар, жеке брендине ийе исблерменлер, китапқумарлар, жазыўшы ҳәм шайырлар қатнасып өз-ара пикир алысты. Илажда китаптың жоқары сапада басып шыгарылғаны, жаслар арасында китапқумарлық мәдениятын раўажландырыў ҳәм жәҳән классик әдебиятына қызығыўшылықты асырыў әҳмийетлилиги атап өтилди.
Бул баслама китап ықласбентлерин, әсиресе жасларды китапқумарлыққа бағдарлаўда әҳмийетли басламалардың бирине айланары сөзсиз.
Қарақалпақстан хабар агентлиги