«Балаларға бериң дүньяны!» саламатлық акциясы даўам етпекте. Акция шеңберинде маман қәнигелер орынларда балаларды медициналық жақтан тексериўден өткерип, әмелий жәрдемлер көрсетилмекте.

Балалар миллий медицина орайының директоры Бахтиёржон Умаровтың басшылығындағы қәнигелер топары менен Республика балалар көп тармақлы медицина орайында «Балаларға бериң дүньяны!» саламатлық акциясы шеңберинде орайдың кардиолог, нейрохирург, хирург, уролог, пластик хирург, педиатр, невролог шыпакерлери тәрепинен медициналық тексериўлер, хирургиялық операциялар ҳәм мастер класслар өткерилмекте.

Сондай-ақ, акция шеңберинде Балалар миллий медицина орайының невропатолог, кардиолог, педиатр қәнигелери жергиликли шыпакерлер менен биргеликте Әмиўдәрья районы медицина бирлеспесине қараслы көп тармақлы поликлиникасында да балаларды медициналық тексериўден өткерди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги