Санкт-Петербург қаласында болып атырған ҒМДА мәмлекетлери Парламентлераралық Ассамблеясы (ПА) кеңесиниң мәжилисинде Өзбекстан парламенти делегациясы да қатнаспақта.
Сапардың биринши күнинде делегациямыз ўәкиллери кеңесиниң шөлкемлестириў мәселелерге қаратылған мәжилисинде қатнасты.
Мәжилисте ҒМДА мәмлекетлери ПА кеңеси ағзалары тәрепинен Өзбекстанда парламент сайлаўының демократиялық принциплерге сәйкес түрде әдалатлы өткени атап өтилди. Сиясий илажда сайлаўшылардың 75 проценти белсенди қатнасқаны, сондай-ақ, депутатлардың 38 процентин ҳаял-қызлар шөлкемлестиргени – региондағы ең жоқары көрсеткиш екени айырықша атап өтилди.
Сенат Баслығы Танзила Норбоева сайлаў процесслери бақлаўшылар топары ўәкиллерине билдирилген қалыс пикирлери ҳәм усыныслары ушын миннетдаршылық билдирди. Олар берген усыныслардың терең үйренилиўи, әмелиятқа енгизилиўи атап өтилди.
* * *
Сенат Баслығы Т.Норбоева сапар даўамында Беларусь Миллий мәжилиси Республика Кеңеси баслығы Н.Кочанова менен ушырасты.
Н.Кочанова Өзбекстанда болып өткен парламент сайлаўы процесслери нәтийжели жуўмақланғаны ҳәм Т.Норбоеваның Сенат Баслығы лаўазымына қайта сайланғаны менен қызғын қутлықлады.
Ушырасыўда Өзбекстан ҳәм Беларусь мәмлекетлери арасындағы саўда-экономикалық, мәдений-гуманитар тараўларды, парламентлераралық байланысларды беккемлеў, нызам дөретиўшилиги бойынша тәжирийбе алмасыў мәселелерине айырықша итибар қаратылды.
Соның менен бирге, тәреплер кейинги жылы Өзбекстан делегациясының Беларусь Республикасына әмелий сапары даўамында өткерилиўи режелестирилген еки мәмлекет халық депутатлары жергиликли Кеңеслери ўәкиллери қатнасыўындағы аймақлар аралық форум, сондай-ақ, Өзбекстан –Беларусь ҳаял-қызлар III бизнес-форумы ҳәм Жаслар парламенти биргеликтеги мәжилисиниң шөлкемлестириў мәселелерин де додалады.
Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзА хабаршысы