Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2019-жыл 17-июньдеги «Аўыл хожалығында жер ҳәм суў ресурсларынан нәтийжели пайдаланыў илажлары ҳаққында»ғы ҳәм 2020-жыл 7-сентябрьдеги «Жер есабы ҳәм мәмлекет кадастрларын жүргизиў системасын түп-тийкарынан жетилистириў илажлары ҳаққындағы» пәрманлары менен жерлерди, әсиресе, суўғарылатуғын жерлерди сақлаў бойынша бир қанша ўазыйпалар белгилеп берилди.
Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы, оның қалалық ҳәм районлық бөлимлери тәрепинен 2022-жылдың басынан баслап 15-ноябрьге шекем, жәми 1372 жағдайда 244,9 гектар жер майданлары пуқаралар тәрепинен өзбасымшалық пенен ийелеп алынғанлығы анықланды. Булар бойынша тийисли ҳүжжетлер рәсмийлестирилип, олардың ҳәр бирине ескертиў хатлары берилди.
Көрилген шаралар нәтийжесинде 1052 жағдайда 93,2 гектарлық өзбасымшалық пенен ийеленген жер майданының район ҳәкимлигиниң жер фондына қайтарылыўы тәмийинленди. 320 жағдайда, 131,7 гектарлық жер майданының бос жер фондына қайтарылыў шарасы көрилмекте. 187 жағдай бойынша 114,4 гектар жер бойынша судларға даўа арзасы киргизилди. Суўғарылатуғын жерлерде нызамға қайшы қурылыс жумыслары алып барылғаны ушын 35 жағдайда майданы 1,6 гектар бойынша топланған ҳүжжетлер прокуратураға өткерилди.
Соның менен бирге, Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы, оның қалалық ҳәм район бөлимлери тәрепинен Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы Кодексиниң тийисли статьялары менен 3 мың 394 физикалық ҳәм юридикалық тәреплерге 8 миллиард сумнан аслам жәрийма қолланылды.
Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы өз алдына қойылған мақсет ҳәм режелер тийкарында республикамыздың аймағында нызамсыз жер ийелеўлердиң алдын алыў бағдарындағы илажларды даўам еттирмекте.
П. СЕЙТМУРАТОВ,
Кадастр агентлиги Қарақалпақстан Республикасы басқармасы баслығының орынбасары.
Қарақалпақстан хабар агентлиги