Президент Шавкат Мирзиёев космослық жумысты раўажландырыўға қаратылған қосымша илажлар менен танысты.

Мәмлекетимиз басшсының 2019-жыл 30-августағы пәрманына бола, Министрлер Кабинети жанында «Өзбеккосмос» агентлиги шөлкемлестирилген еди. Өткен дәўирде бул тараўда нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлер таярлаў, инфраструктура жаратыў бойынша бир қатар жумыслар исленди. Бирақ бүгинги күнде космостан пайдаланыў көлеми соншелли кеңейди, еле бул бағдарда үйренетуғын мәселелеримиз көп.

Мәселен, 2020-жылы дүньяда космослық хызметлер базарының улыўма көлеми 400 миллиард долларға шамаласқан. Онда тийкарғы орынды жерди аралықтан зондлаў, байланыс жолдаслары, навигация хызметлери ийелемекте. Келешекте космостан пайдаланыў зәрүрлиги және де артып бара береди.

Сонлықтан, Президентимиздиң көрсетпесине муўапық, космослық тармақта раўажландырыўдың 5 жыллық концепциясы ҳәм «жол картасы» ислеп шығылды. Оларда жерди аралықтан турып зондлаў, телекоммуникация жасалма жолдаслары миллий топарын жаратыў, илимий-өндирислик орайды шөлкемлестириў, кадрлар таярлаў, аэрокосмослық стартап жойбарларды қоллап-қуўатлаў бойынша мақсетлер белгиленген.

Сондай-ақ, «Өзбеккосмос» агентлигине қосымша ўазыйпалар жүклеў белгиленбекте. Булар – космослық сүўретлерди таллаў арқалы экономика тараўларында нызамбузылыў жағдайларын анықлаў, мәмлекетлик космослық мониторингти әмелге асырыў, бул процессте алдыңғы технологияларды қолланыў бойынша усыныслар таярлаў сыяқлылар болып табылады.

Мәмлекетимиз басшысы бул илажлардың нәтийжелилиги қандай болатуғынын сорады.

Атап өтилгениндей, бул тармақтың раўажланыўы аўыл ҳәм суў хожалығы, жер қатнасықлары, экология, геология сыяқлы көплеген тараўларда пайдалы. Мәселен, егинлердиң түрин ҳәм майданын, жерлердиң өз басымшалық пенен ийелеп алыныўын, нызамсыз шығынды орынлары пайда болыўын анықлаў дәрежеси 95 процентке шекем жетеди. Суў объектлери, жер асты ҳәм пайдалы қазылмаларды қорғаў және де күшейеди.

Президентимиз бул усынысларды мақуллап, тийисли ҳүжжетлерди қабыл етиўге көрсетпе берди.

ӨзА