«Шавкат Мирзиёев Өзбекстан Республикасы Президенти сыпатында ҳәкимият басқарыўына келиўи менен Өзбекстан өзиниң пүткиллей жаңа раўажланыў дәўирине өтти. Мәмлекет баслығы тийкарғы итибарды ишки ҳәм сыртқы сиясатқа, ашық-айдынлық ҳәм Орайлық Азия, Россия, Қытай мәмлекетлери ҳәм АҚШ пенен дослық қатнасықлар орнатыў илажларын әмелге асырыўға қаратты. Халықаралық шөлкемлер менен, бәринен бурын, БМШ ҳәм оның қәнигелестирилген мәкемелери, Жәҳән банки, ЕТРБ менен бирге ислесиўге айрықша итибар қаратылды. Исенимли сиясий уйым ҳәм Өзбекстан Республикасы Президенти Ш.Мирзиёевтиң басшылығында әмелге асырылған кең көлемли реформалар нәтийжесинде мәмлекетте балалар ҳәм мәжбүрий мийнетти толық сапластырыўға ерисилди.»

Бул пикирлер Халықаралық мийнет шөлкеми (ХМШ) Бас директорының бурынғы мәсләҳәтшиси Кари Тапиоланың «Пахта атызларында исенимниң беккемлениўи: Халықаралық мийнет шөлкеминиң Өзбекстандағы жумысы» атлы монографиясында жазылған.

К.Тапиола 2010-2019-жыллары ХМШ Арнаўлы мәсләҳәтшиси лаўазымында жумыс алып барғанын ҳәм сол жыллары бир неше мәрте Өзбекстанға келгенин айтып өтиў керек.











Ташкент қаласында усы монографияның презентациясы өткерилди. Адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў Миллий комиссиясы сондай-ақ, Халықаралық мийнет шөлкеми менен биргеликте шөлкемлестирилген илажда мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик шөлкемлердиң ўәкиллери, халықаралық экспертлер қатнасты.

Сенат Баслығы Т.Норбоева Президент басшылығында мийнет қатнасықлары системасында әмелге асырылған реформалар, атап айтқанда, мәжбүрий мийнет ҳәм балалар мийнетин сапластырыў бағдарында алып барылған жумыслар өз нәтийжесин көрсеткенин атап өтти.

Өзбекстанның ХМШ ҳәм басқа да халықаралық шөлкемлер менен әмелий бирге ислесиўи мийнет қатнасықлары системасының беккемлениўине хызмет етти.

Бул тараўда он жоқары көрсеткишке ерисилди. Соның ишинде, ҳәзирги машқалалар белгилеп алынып, олар кең жәмийетшиликке ҳәм халықаралық жәмийетшиликке ашық жәрияланды. Тез ўақыт ишинде оларды шешиў бойынша әмелий жумыслар орынланды. Инсан ҳуқықларын тәмийинлеўдиң өзине тән пүткиллей жаңа системасы жаратылды, сондай-ақ, мәмлекетте адам саўдасына ҳәм мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў бойынша үш басқышлы система қәлиплестирилди.

Халықаралық нормалар тийкарында нормативлик-ҳуқықый база жетилистирилди, пуқаралық жәмийети ўәкиллери мониторинг жумысын алып барыўда тийкарғы локомотив күшке айланды. Халықаралық ҳүкиметлик емес шөлкемлер ўәкиллери менен мийнет мәселелери бойынша сөйлесиў ҳәм бирге ислесиў кеңейтилди ҳәм өз-ара исенми беккемленди. Буннан тысқары, сырт елде мийнет етип атырған пуқараларды системалы қоллап-қуўатлаў мәмлекетлик сиясат дәрежесине көтерилди. Аўыл хожалығы тараўы реформаланды, кластер системасы жаратылды, балалар ҳәм мәжбүрий мийнет пүткиллей сапластырылды.

Әҳмийетлиси, өзбек пахтасына бойкот бийкар етилип, АҚШ Мийнет министрлиги өзбек пахтасын «Балалар ҳәм мәжбүрий мийнеттен пайдаланған ҳалда ислеп шығарылған өнимлер дизими»нен шығарды.

Илажда халықаралық экспертлер тәрепинен мийнет қатнасықлары тараўында ерисилген нәтийжелер ҳәм ҳәзирги күнде ХМШ менен биргеликте мүнәсип мийнет принциплерин әмелиятта қолланыў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар халықаралық майданда жоқары тән алыныўы ҳәм бул бойынша Өзбекстанның миллий тәжирийбеси басқа мәмлекетлер ушын үлги болыўы мүмкин екенлиги атап өтилди.

Олар монографияда да өз көринисин тапқан болып, онда Өзбекстанда мәжбүрий мийнетке қарсы гүресиў, мийнет ҳуқықларына әмел етилиўин мониторинг етиў, мийнет тараўына байланыслы халықаралық стандартларды енгизиў бағдарында әмелге асырылған жумыслар ҳәм нәтийжелер кең түрде жарытылған.

Илажда ХМШ Шығыс Европа ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери бойынша бюросының директоры О.Кулаева, ХМШ Бас директорының бурынғы мәсләҳәтшиси К.Тапиола ҳәм бир қатар халықаралық шөлкемлердиң қәнигелери сондай-ақ, сырт еллердиң Өзбекстандағы дипломатиялық ўәкилханаларының басшылары усы әҳмийетли баспа бойынша пикирлерин билдирип, мийнет тараўында Өзбекстан ерискен жоқары нәтийжелерди халықаралық майданда үгит-нәсиятлаў зәрүр екенлигин атап өтти.

Норгул АБДУРАИМОВА,
ӨзАның хабаршысы