Кувейт мәмлекетинде терроризмге қарсы гүрес тараўында халықаралық бирге ислесиўди беккемлеў мәселелерине бағышлап өткерилген жоқары дәрежедеги конференция шеңберинде Өзбекстан Республикасы сыртқы ислер министриниң орынбасары Баҳром Аълоев Саудия Арабстаны Патшалығы сыртқы ислер министриниң орынбасары, инженер Волид бин Абдулкарим Ал-Ҳурайжий менен ушырасты. Бул ҳаққында бирге ислесиўшимиз «SPA» мәлимлеме агентлиги жазған.

Сөйлесиў ўақтында еки тәреплеме қатнасықтың ҳәзирги жағдайы көрип шығылып, улыўмалық мәп пайда ететуғын регионаллық ҳәм халықаралық мәселелер додаланды.

ӨзА