Химия ҳәм биология пәнлери бойынша миллий сертификат имтиханы ушын дизимге алыў басланды
318

Дизимге алыў процесслери 23-декабрьден 29-декабрьге шекем даўам етеди.
Дизимнен өткен талабанлар 30-декабрьге шекем төлем төлеўи мүмкин болады.
Тест сынақлары химия пәни бойынша 25-январь, биология пәни бойынша 26-январь күни өткериледи.
Улыўма билимлендириў пәнлерин билиў дәрежесин анықлаў тест сынақлары январь, февраль, март, апрель ҳәм май айларында өткериледи.
Тест сынағы ушын талабанлар my.gov.uz сайты арқалы онлайн тәризде дизимге алынады. Дизимнен өтиўде талабанлар өзлерине қолайлы аймақты таңлаған ҳалда усы аймақта тест сынақларында қатнасыўы мүмкин.
Қарақалпақстан хабар агентлиги