Әдиллик министрлиги тәрепинен «LexAI» – жасалма интеллект жәрдеминде ҳуқықый мәселелерге жуўап табыўға жәрдем беретуғын бирден-бир платформа жаратылды.

Бул платформада ҳуқықый мәселелерге жуўап табыўға жәрдем беретуғын жәрдемши чат-бот, ҳүжжетлерди ҳуқықтаныўшының қатнасыўысыз, конструктор тийкарында еркин таярлаўға, экспертизалаўға, берилген кейслерге ҳуқықый әмелиятты таллаў тийкарында жуўап бериўге мөлшерленген хызметлер жәмленген болып, оларды басқышпа-басқыш  енгизиў үстинде жумыс алып барылмақта.

Ҳәзирде платформаның ҳуқықый мәселелерге байланыслы сораўларға жасалма интеллект имканиятларынан пайдаланған ҳалда Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасындағы  ҳүжжетлер тийкарында онлайн жуўап бериўге мөлшерленген «LexAI» – жасалма интеллект жәрдеминде ҳуқықый мәселелерге жуўап табыўға жәрдем беретуғын чат-бот иске қосылды.

Бүгинги күнде Нызамшылық мағлыўматлары миллий базасында 48 мыңнан аслам ҳүжжет болып, соннан әмелдеги ҳүжжетлердиң саны 34 мыңнан, бирден-бир ҳүжжетлердиң саны 28 мыңнан,  өзгерислер менен қосымшалар киргизиўди нәзерде тутатуғын ҳүжжетлердиң саны болса 5,7 мыңнан аслам.

«LexAI» чат-ботының жаратылыўында ҳуқық ҳәм IT тараўындағы тәжирийбели қәнигелер  тәрепинен 5 айдан аслам ўақыт даўамында жумыслар алып барылды ҳәм нәтийжеде усы чат-ботта әмелдеги 34 мыңнан аслам нормативлик түрдеги ҳүжжет, сондай-ақ, 604 миллионнан аслам белгилерден ибарат билимлер базасы оқытылды.

Чат-боттың тийкарғы функциялары ҳәм логикасы Open source дәреклерисиз ислеп шығылған.

Бул чат-бот келешекте автоматластырыў, веб-сайтларда виртуал жәрдемшилерди жаратыў имканиятын береди. «LexAI» чат-боты – бул тек әпиўайы технология емес, ал турмысымызды жақсылаўға имканият болып есапланады.

Н.Абдураимова,

ӨзА