Қарақалпақстан шараятында көше бийлериниң тутқан орны ҳәм атқаратуғын хызмети айрықша болып, олар аймақларда халықтың аўызбиршилиги менен татыўлығын тәмийинлеўде үлкен жумысларды атқарып келмекте. Әсиресе, соңғы жыллары Қарақалпақстан Республикасы Жоқары Кеңеси Баслығының усынысы тийкарында жәмийетшилик арасында көше бийлери деген статустың енгизилиўи, оларға деген итибардың артып атырғанын көрсетеди.
Бүгин Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң комитет баслығы Шарапат Өтемисов Қараөзек районында болып, район ҳәкиминиң орынбасарлары менен бирге, мәҳәлле жетилиги, көше бийлери ҳәм көше бий ҳаяллары менен ушырасты.
Ушырасыўда соңғы жыллары, Президентимиздиң басшылығында Қарақалпақстанда әмелге асырылып атырған реформалар, халқымыздыӊ турмыс шараятын жақсылаў бағдарындағы әҳмийетли басламалар бойынша қатнасыўшыларға кең түрде түсиник берилди.
Сондай-ақ, аўыл-аймақларда той-мерекелерди ықшамластырыў, жасларымызға дурыс жол көрсетиў, оларды кәсип-өнерге бағдарлаў, турмыс шараятлары аўыр шаңарақларға биргеликте жәрдемлер бериў бойынша пикир-усыныслар билдирилди.
Илаж соңында «Ең үлгили көше бийи» таңлаўының районлық басқышында 1-2-3-орынларды ийелеген көше бийлери Қутлы мәкан МПЖдан Е. Ерниязов, Мәденият АПЖдан О. Төрениязов, Қараөзек ППЖдан О. Зейнеповларға бес миллион сумнан ҳәм усы таңлаўда белсенди қатнасқан он көше бийлерине бир миллионнан ақшалай сыйлықлар салтанатлы жағдайда тапсырылды.
-Бизиң мешит-қәўимде 68 хожалық болып, бул шаңарақларда той-мерекелерди ықшамластырыў, дәбдепазлықты тоқтатыў, халықты исбилерменликке тартыў, көшелерди көклемзарластырыў бойынша бир қатар жумысларды әмелге асырдық, -дейди Мәденият аўыл пуқаралар жыйынынан келген көше бийи Оралбай Төрениязов.-Атап айтқанда, көшемизде «годик», 30, 40, 50, 60, 70 жыллық юбилей тойлар, мерекелерде еки аўқат тартыў, той сейили сыяқлы артықша ысырапгершиликлерди халық пенен ойласқан ҳалда тоқтаттық. Аймағымыздағы қыйтақ жерлерде ыссыханлар шөлкемлестириў бойынша унамлы ислер әмелге асырылып, халықтың дәраматы артып атыр.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы