Қарақалпaқстан Республикасы ҳәкимшилик судында өткерилген гезектеги руўхый-ағартыўшылық сааты Өзбекстан Республикасы Конституциясын үйрениўге бағышланды. Илажды Қарақалпaқстан Республикасы ҳәкимшилик судының баслығы А.Нурлипесов кирис сөзи менен ашып, басқарып барды.

Руўхый-ағартыўшылық саатына Қарақалпақстан Республикасы Конституциялық бақлаў комитетиниң баслығы Парахат Айтниязов мирәт етилип, тараў ўәкиллерине Өзбекстан Республикасы Конституциясыниың қабыл етилиў тарыйхы, бүгинги күнде әдил судлаўды әмелге асырыўда Конституция нормаларын дурыс қолланыўдың әҳмийети туўралы кең түрде сөз етти.

Атап өтилгениндей, жаңа редакциядағы Конституцияда статьялар саны 128 ден 155 ке, нормалар саны болса 275 тен 434 ке артты. Яғный, тийкарғы нызамымыздың 65 процент тексти халқымыздың усыныслары тийкарында жаңаланды, ондағы 160 қа шамалас норманың тийкарынан, инсан мәплери ҳәм ҳуқықларын тәмийинлеўге қаратылғанлығы шын мәнисинде халық Конституциясы жаратылғанынан дәрек береди. Себеби онда “инсан – жәмийет – мәмлекет” баслы принцип етип белгиленди.

Бүгинги күнде инсан қәдир-қымбатын, оның ҳуқықлары, еркинликлери ҳәм нызамлы мәплерин тәмийинлеў идеясы мәмлекетимиздиң пүткил ишки ҳәм сыртқы сиясатының ирге  тасына, жаңа Өзбекстанда алып барылып атырған демократиялық реформалардың ең әҳмийетли ҳәрекетлендириўши күши ҳәм бул ийгиликли ҳәрекетлерди өз-ара байланыстырып туратуғын әҳмийетли факторға айланғанлығы мақтаныш етилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги