Бүгин Шанхай қаласында экономикаға бағышланған миллий дәрежедеги көргизбе – «China International Import Expo (CIIE)» ҳәм Хунцяо халықаралық экономикалық форумының ашылыў мәресими болып өтти. Абырайлы әнжуманды Қытай Халық Республикасы Мәмлекетлик кеңесиниң Бас министри Ли Цян ашып берди.
Информациялық бирге ислесиўшимиз – «Синьхуа»ның мағлыўматына бола, бул илажда 129 мәмлекеттен жәми 3 ярым мыңға шамалас қатнасыўшы, сондай-ақ, дүньяның 500 ден аслам ең абырайлы санаат компанияларының жуўапкер ўәкиллери топланған.
Көргизбеде 400 ден артық өним, заманагөй технология қураллары ҳәм жаңа хызмет түрлери таныстырылмақта. Экспертлердиң пикиринше, глобал компаниялардың Қытай базарына жоқары исениминен дерек бериўши бул көргизбе тиккелей жәҳән экономикасының раўажланыўына хызмет етеди.
Форумның ашылыўында Өзбекстан Бас министри Абдулла Арипов шығып сөйледи. Сондай-ақ, Жәҳән саўда шөлкеминиң Бас директоры Нгози Оконжо-Ивеала, Малайзия Бас министри Анвар Иброҳим, Словакия Бас министриниң орынбасары Дениса Сакова, Монголия Бас министри Лувсаннамсрайн Оюун-Эрдэнэ, Сербия Бас министри Милош Вучевич ҳәм Қазақстан Бас министри Олжас Бектеновлар да шығып сөйледи.
Ҳәр қыйлы мәмлекетлердиң делегатлары болса санлы экономика, санаат шынжырын және де жетилистириў ҳәм модернизациялаў, санаатта жасалма интеллект тәжирийбеси сыяқлы әҳмийетли темаларда баянат оқыды.
Итибарлы тәрепи, 10-ноябрьге шекем даўам ететуғын ири илажды жарытыўға 3 800ге шамалас жергиликли ҳәм сырт ел ҒХҚ ўәкиллери тартылған.
Ўткир Алимов, ӨзА