Нөкис қаласындағы «Истиқлол» балалар дем алыў орайында «Гимнастикаға биринши қәдем» атамасында фестиваль болып өтти.
Фестивалға республикамызда барлық аймақларында жайласқан мәмлекетлик мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлериниң гимнастика менен шуғылланыўшы тәрбияланыўшылары қатнасты.
Қызықлы өткен беллесиўлер жуўмағында, биринши орынды Қоңырат районындағы 25-санлы Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияланыўшылары жеңип алыўға миясар болды.
Фестивалда өзлериниң айрықша шеберликлери менен көзге түскен Мойнақ районындағы 10-санлы Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми тәрбияланыўшылары екинши ҳәм Тахтакөпир районындағы 2-санлы Мектепке шекемги билимлендириў шөлкеми гимнастлары үшинши орынды ийелеўге еристи.
Жарыс соңында, жеңимпаз командалар министрлик тәрепинен таярланған «Министр кубоги», диплом ҳәм саўғалар менен сыйлықланды.
Сондай-ақ, бул фестивалда белсене қатнасқан басқа да командалар ҳәр қыйлы номинациялар бойынша жеңимпаз деп табылып, естелик саўғалар менен хошаматленди.
Адилбай Оразов,
Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы