Ташкентте Өзбекстан Республикасы ҳәм Пакистан Ислам Республикасы арасында Экономикалық бирге ислесиў бойынша ҳүкиметлераралық комиссияның 9-мәжилиси ҳәм Өзбекстан – Пакистан бизнес форумы болып өтти.
Илажда мәмлекетимиз инвестициялар, санаат ҳәм саўда министри Лазиз Қудратов, саўда министри Жам Камол Хон, сондай-ақ, тийисли министрлик, уйымлардың жуўапкерлери ҳәм еки мәмлекеттиң 100 ден артық ири санаат кәрханаларының басшылары қатнасты.
Дәслеп делегация басшыларының тар шеңбердеги ушырасыўында саўда, инвестиция, санаат кооперациясы, транспорт ҳәм логистика тараўларындағы бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы талланып, байланысларды раўажландырыўдың перспективасы додаланды. Жоқары дәрежедеги сапарлар даўамында ерисилген келисимлердиң орынланыўына айрықша итибар қаратылды.
Соннан соң Ҳүкиметлераралық комиссияның 9-мәжилиси басланып, тиккелей өз-ара келисимлерди әмелге асырыў ушын жуўапкер структуралар басшыларының толық есабаты, режелери тыңланды.
Мағлыўмат орында айтып өтиў керек, Пакистан менен саўда муғдары соңғы бес жылда 3 есеге, быйылғы жылдың басынан болса және 10 процент өсип, 300 миллион доллардан артты. Усы дәўир даўамында биргеликтеги кәрханалар да үш есеге көбейип, 128 ге жетти. Автомобильде тасылған жүк көлеми дерлик 6,5 есеге артып, 2023-жыл 345 мың тоннаға шықты.
Мәжилисте биргеликтеги инвестициялық жойбарлар ҳәм саўда келисимлерин әмелге асырыў басқышлары толық көрип шығылды. Нәтийжени және де жақсылаў бойынша бир қатар анық илажлар белгилеп алынды. Атап айтқанда, Жеңилликли саўда ҳаққындағы келисимниң нәтийжелилигин арттырыў, ҳәр еки мәмлекетте миллий өнимлер көргизбелерин шөлкемлестириў, саўда үйлерин ашыў ҳәм исбилерменлер ушын электрон саўда майданшаларына кириў имканиятын кеңейтиў мәселелери додаланды.
Инвестиция бирге ислесиўи шеңберинде 2025-2026-жыллар ушын «Санаат кооперациясы бағдарламасы» ислеп шығылады, аўыл хожалығы, азық-аўқат ҳәм химия санааты, мәлимлеме технологиялары, тоқымашылық, машина қурылысы тараўларында кең көлемли биргеликтеги жойбарлар әмелге асырылатуғыны атап өтилди.
Сондай-ақ, тәреплер транспорт системасын раўажландырыў, мәмлекетимиз арасында товар ҳәрекетин әпиўайыластырыў илажларын көриўге келисип алды.
Жуўмағында Ҳүкиметлераралық комиссия мәжилиси протоколы ҳәм Өзбекстан Республикасы Инвестициялар, санаат ҳәм саўда министрлиги ҳәм Пакистан Ислам Республикасы саўда министрлиги арасында электрон коммерция тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша өз-ара келисим меморандумына қол қойды.
Г. Сатторова, ӨзА