Республика балалар көп тармақлы медициналық орайында  склерозласқан панэнцефалит назологиясына бағышланған оқыў семинары болып өтти.

Семинарға орай шыпакерлери офлайн, қала ҳәм районлардағы педиатр, ҳәм невропатологлар онлайн түрде қатнасып, онда склерозласқан панэнцефалит кеселлигиниң алдын алыў, диагностикасы ҳәм емлеў принциплери бойынша мағлыўматлар берилди.

– Социаллық тармақларда елимизде склерозласқан панэнцефалит кеселлиги менен кеселленген балалардың ата-аналарының денсаўлықты сақлаў министрлигине мүрәжатлары сәўлеленген видеокөринислер берилип барылмақта. Склерозласқан панэнцефалит қәўипли бас мийи кеселлиги болып, ол тийкарынан балалар ҳәм жас өспиримлерде бақланады. Бул патология көбинесе қызылшаның тәсиринен жүзеге келиўине қарамастан, оның этиологиясы басқаша түрде де болыўы мүмкин,-дейди орайдың невропатолог шыпакери А.Каландаров.

Кеселликтиң белгилери динамикада күшейип, баланың улыўма раўажланыўдан артта қалыўы, қатты тынышсызланыўларының көбейиўи, булшық ет тонусларының артыўы, кескин салмақ жойтыўы менен көринеди. Кеселликтиң соңғы басқышында наўқас кома жағдайына түседи.

Семинарда қатнасыўшылардың бул кеселликтиң алдын алыў, емлеў-профилактикалық илажларын өткериў ҳәм басқа да усыған байланыслы мәселелер бойынша пикир-усыныслары тыңланып, олар өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги