Өзбекстан Республикасы Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен Республика Қәнигелестирилген фтизиатрия, пульмонология илимий-әмелий медициналық орайы, Орайлық Азия пульмонологлар жәмийети менен биргеликте усы жыл 1-ноябрьден баслап «Дем алыў патологиялары диагностикасында ҳәм емлеўде инновациялар» атамасында халықаралық конференция өткерилмекте.

Өткерилип атырған халықаралық конференция шеңберинде Ташкент, Бухара, Нөкис ҳәм Әндижан қалаларында бир қатар илажлар шөлкемлестирилмекте.

Нөкис қаласында республикамыздағы емлеў-профилактикалық мәкемелериниң пульмонолог, фтизиатр, хирург ҳәм басқа да шыпакерлери менен Россия респираторлар жәмийетиниң президенти А.Белевскийдиң қатнасыўында конференция өткерилди.

Онда дем алыў жоллары кеселликлериниң профилактикасы, оны өз ўақтында анықлаў, емлеў ҳәм олардың аўыр ақыбетлериниң алдын алыў және майыплықты азайтыўға бағдарланған әҳмийетли мәселелер додаланды.

Атап өтилгениндей, дүньяда 1 миллиардтан аслам инсан созылмалы өткир респиратор кеселликлеринен азап шегеди. Сонлықтан да, Өзбекстанда бул нәрсеге үлкен әҳмийет берилип, кеселликти ерте анықлаў, емлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылмақта. Президетимиздиң тийисли қарар ҳәм пәрманларына муўапық, Республика Қәнигелестирилген фтизиатрия, пульмонология илимий-әмелий медициналық орайының барлық аймақлық филиалларында пульмонология бөлимлери ашылған ҳәм улыўма стационар орынлар 900 ден асты. Филиаллар ҳәм бөлимлер арасында тығыз тәжирийбе алмасыў илажлары шөлкемлестирилмекте. Орай өкпе кеселликлериниң спецификалық емес тәреплери бойынша эпидемиологиялық жағдайды турақлы түрде талқылап қадағалап бармақта.

Елимизде денсаўлықты сақлаў бағдарында халықаралық бирге ислесиўлердиң жақсы жолға қойылғаны, алдынғы тәжирийбелерди енгизиў өзиниң унамлы нәтийжесин бермекте. Өткерилип атырған бул конференция да оның дәлийли болып есапланады.

Өткерилип атырған конференциядан баслы мақсет – өткир респираторлық кеселликлерди ерте анықлаў, емлеўдиң жаңа, еле де нәтийжели усыллары менен танысыў, жаңа инновацияларды медициналық әмелиятларға енгизиў болып есапланады. Конференциядағы пикир алысыўлар системаны еле де раўажландырыўға үлкен түртки береди.

Конференцияда қатнасыўшылар додаланып атырған мәселелер бойынша пикир-усынысларын билдирип, өзлерин қызықтырған сораўларға жуўап алды.

Ә.Жийемуратов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги