Қырғызстан пайтахты Бишкек қаласында 56-ноябрь күнлери Түркий мәмлекетлер шөлкеми XI саммити өткериледи. Гезектеги әнжуман ушын «Түрк» дүньясын беккемлеў:  экономикалық интеграция, турақлы раўажланыў, санлы келешек ҳәм ҳәмме ушын қәўипсизлик» темасы сайланған.

Қырғыз Республикасы Ишки ислер министрлигиниң хабарына бола, рәсмий илажлар даўамында полиция қәўипсизлик ҳәм жәмийетлик тәртип, жол ҳәрекети қәўипсизлигин толық тәмийинлейди. Жеке қурам жоқары тезликте хызмет етеди. Рәсмий ҳәм байрамилажлары өтетуғын орынлар айрықша қадағалаўға алынады. Жоллардың айырым бөлимлеринде транспорт қуралларының ҳәрекети шекленеди.

Мәмлекет Билимлендириў ҳәм илим министрлигиниң мәлим етиўинше, бул еки күн жоқары оқыў орынлары, орта ҳәм басланғыш кәсиплик билимлендириў мәкемелеринде сабақ процеси онлайн-форматқа өткериледи.

Еслетип өтемиз, ТМШ қурамында Өзбекстан, Әзербайжан, Қазақстан, Қырғызстан, Түркия бар, бақлаўшы мәмлекетлер болса – Түркменстан ҳәм Венгрия. Структураның бас уйымы Стамбулда жайласқан.

 Г.Сатторова, ӨзА