Әмелий сапар менен Сеулде болып атырған Өзбекстан сыртқы сиясат уйымының басшысы Бахтиёр Саидов басшылығындағы делегация ағзалары Қубла Корея исбилермен топарларының ўәкиллери менен бир қатар ушырасыўлар өткерди.

– “CJ Group”, “Youngone Corporation”, “Hyundai Motor Group”, Экономикалық раўажланыў ҳәм бирге ислесиў қоры, Корея санаат федерациясы басшылығы менен нәтийжели сөйлестик,-деп жазды мәмлекетимиз СИМ басшысы социаллық тармақтағы рәсмий бетинде. –Көплеген перспективалы бағдарларда ҳәзирги ҳәм келеси биргеликтеги жойбарлар әмелге асырыўды додаладық.



Кеше Өзбекстан сыртқы ислер министри Орайлық Азия мәмлекетлериндеги кәсиплеслери менен бирге Қубла Корея Президенти Юн Сок Ёль тәрепинен қабыл етилди, мәмлекет сыртқы ислер министри Чо Тхе Ёль менен сөйлесиў өткерди ҳәм «Орайлық Азия-Корея Республикасы» 17-бирге ислесиў форумында қатнасты.

ӨзА