Заманымыздың тезлик пенен раўажланыўы барысында медицина тараўы да жоқары пәт пенен жетилисип, турақлы түрде жаңалақлар ҳәм ашылмалар менен толып бармақта. Елимиз шыпакерлери шет еллердеги кәсиплеслери менен байланыслар орнатып, мәмлекетимиз денсаўлықты сақлаў системасына өзгерислер киритпекте ҳәм өзлериниң тийкарғы функциясы – инсан дәртине даўа болыўдың ең заманагөй усылларын енгизип атыр. Солардың қатарында жас ҳәм талантлы шыпакер Аваз Исмаилов Япония мәмлекетинде бир қанша ўақыт оқып ҳәм тәжирийбе арттырып, бүгинги күнде журтымызда бурын исленбеген операцияларды әмелге асырып келмекте ҳәм үмитсизликке ушыраған наўқасларға жаңадан өмир бағышламақта.
Отыз үш жаслы жас шыпакердиң медициналық әмелияты жүдә бай. Бары-жоғы бес жыл алдын Ташкент мәмлекетлик медициналық академиясын нейрохирургия жөнелиси бойынша тамамлаған болса да, усы дәўир ишинде “Takeda Science Foundation” Япония илимий фондының гранты тийкарында “Стажёрлық ҳәм клиникалық таярлық” бағдары бойынша, ал соңынан Токио қаласындағы Kyorin University Hospital емлеўханасының “Пластик ҳәм реконструктив хирургия” бөлиминде маманлығын арттырды. Усы ўақытлары Япония Денсаўлықты сақлаў министрлиги тәрепинен операцияға қатнасыў ушын шет елли шыпакерлер ушын рухсатнама берилиўи нәтийжесинде усындай рухсатнамаға ийе болыўға еристи.
Кёрин Университети емлеўханасынан тысқары Японияның басқа да абырайлы клиникаларында стажёр сыпатында қәнигелигин асырды ҳәм операцияларда қатнасты. Сол қатарда, Япония миллий онкологиялық орайында, Миллий глобал денсаўлық ҳәм медицина орайында, Саппоро медициналық университети клиникаларында Өзбекстанда еле жақсы раўажланбаған яки улыўма болмаған әмелиятларды үйренди. Соның ишинде алдын Орайлық Азияда исленбеген хирургиялық процедура, яғный бирлемши ҳәм екилемши лимфедема (лимфостаз) кеселлигиниң ең заманагөй микрохирургиялық емлеў усыллары лимфатик-венулар анастомоз қойыў ҳәм лимфа түйинлерин көширип өткериў хирургиялық әмелияты, сондай-ақ лимфедема наўқаслары ушын арнаўлы липосаксия операцияларын үйренип шықты.
Усындай тәжирийбе нәтийжесинде 2023-жылы ноябрь айында Өзбекстан ҳәм Орайлық Азияда биринши мәрте ICG лимфография тексериўи өткерилди. Соның менен бирлемши ҳәм екилемши лимфедема (лимфостаз)ды Өзбекстанда биринши мәрте профессионал ҳәм адекват Япония методы бойынша тексериў жолға қойылды.
Салыстырыў ушын, бир неше жыл алдын Өзбекстанда лимфоссинтография тексериўи Воҳидов атындағы Хирургия орайында әмелге асырылған болса, соӊғы жылларда бул әмелияттың орынланыўы тоқтап қалған ҳәм жүдә көп наўқасларға диагноз қойылмаған. Сол себепли емлеў адекват алып барылмай, жүдә көп наўқаслар лимфедемасы болмаса да усы кеселликтен емленип келген.
Аваз Исмаиловтың тийкарғы жетискенликлериниң бири – ол Өзбекстан ҳәм Орайлық Азияда биринши мәрта микрохирургиялық жол менен, яғный микроскоп астында, лимфа тамырын венулар тамырға жалғаў хирургиялық операциясын әмелге асырды ҳәм бул наўқасларда жақсы нәтийжелер бере баслады. Буннан тысқары, Өзбекстанда биринши мәрте “Комлексли исиниўге қарсы терапия”ны жолға қойыўға ерисилди. Бул өз ишине лимфадренаж, бандажлаў, арнаўлы шынығыўлар ҳәм тери гигигенасын алады. Бул арқалы жүдә көп кеселликлерге жеңиллик бериледи, әсиресе онкологиядан кейинги ҳәм туўма лимфедемасы барларды даўалаўға ерисиледи. Ҳәзирги күндеги ең заманагөй болып турған микроскоп астында лимфаны венаға жалғаў процедурасы (LVA surgery for lymphedema) жүдә жақсы нәтийжелер берип атыр. Бул жүдә жаңа усыл болып, микрохирургияның ең шоққысы есапланады ҳәм ол супермикрохирургиялық операция деп аталады.
– Бул операция 2007-жылдан берли қолланылады ҳәм буны биринши мәрте Япониялы алым Исао Кошима әмелге асырған, биз бул усылды Орайлық Азияда биринши мәрте табыслы әмелге асырдық, – дейди доктор Аваз Исмаилов. – Бул жаңа тараў болғанлығы себепли көп наўқаслар ҳәм ҳәтте базы бир шыпакерлер де биле бермейди, сол себепли наўқаслар ҳәм усы тараўда ислейтуғын шыпакерлер тәрепинен бул кеселлик елеге шекем даўасыз есапланады. Бизиң мақсетимиз Япония методы бойынша онкологиядан даўаланған, әсиресе, көкирек бези саратанынан кейин ең көп раўажланатуғын ақыбетлердиң бири – зыянланған орындағы қол исиниўиниң алдын алыў және лимфедема раўажланбастан оларды емлеў, буның ушын наўқасларды хирургиялық процедуралардан кейин еле қолында исиниў пайда болмастан алдын ICG лимфографиясы арқалы тексериў ҳәм адекват емлеў жумысларын алып барыў есапланады. Бул арқалы көплеген наўқасларға жәрдем бериў ҳәм алдынғы саламат турмысқа қайтарыў мүмкин.
Қарақалпақстанлы Ахмед Нажимов бир неше ай даўамында шеп аяғындағы исиниў менен жүдә көп жерлерге мүрәжат еткен. Ҳеш жерде оған анық диагноз қойып емлей алмағаны ушын наўқаста аяқ исниўи күшейип бара берген. Соңынан бир шыпакер наўқасқа тексериўлерсиз шамалап лимфостаз деп диагноз қойған ҳәм бул дәрттиң даўасыз екенлигин айтқан. Наўқас бул кеселлик ҳаққында социаллық тармақлардан мағлыўмат излей баслаған ҳәм Аваз Исмаиловты таўып, оның қабыллаўына келген. Шыпакер ICG лимфографиясын әмелге асырып, анық диагноз қойған ҳәм микроскоп астында лимфа тамырын венулар тамырға жалғаў хирургиялық процедурасын усыныс еткен. Наўқас бул операциядан кейин сол күнниң өзинде үйине қайтып, көп ўақыт өтпей кеселликтен пүткиллей қутылған.
Айтып өтиў орынлы, мәмлекетимизде туўма лимфедемасы болған наўқаслар бир неше жыллар даўамында әдеттегидей турмыс тәризин алып бара алмайды, жәмийеттен ажыралып жасаўға мәжбүр. Олардың турақлы жумыс пенен тәмийинлениўи ҳәм жумыс ислеўи қыйыншылық туўдарыды. Ҳәр жылы оларға мәмлекет тәрепинен ордер тийкарында пул ажыратылады және көпшилик наўқаслар майыплылық напақасын алыўға мәжбүр. Бул кеселлик онкологиядан кейин, әсиресе көкирек бези саратанынан кейин 40 процент аўырыўларда ушырайды. Соның менен бирге, лимфа түйинлери алып тасланған ҳәм нурлы терапия өткерилген наўқасларда70-80 процент ҳалатта ушырайды. Ҳәтте айырым илимий мақалаларда онкологиялық кеселликтен кейин 20 жыл өтип раўажланған қол исиниўи бақланғанлығы жазылған.
Бүгинги күнде лимфедеманы диагностикалаў ушын 3 түрли методтан пайдаланылады. Булар – лимфосцинтиграфия, МРТ-лимфография ҳәм ICG-лимфография. ICG-лимфография арқалы анық диагноз қойылады ҳәм бул ең заманагөй және қәўипсиз усыл болып табылады. Тилекке қарсы, бул тексериў Өзбекстан ҳәм Орайлық Азияда ҳәзирше биреў ғана.
Лимфедема кеселлиги бойынша бирлемши түри 100 000 адамға 1 наўқас туўры келсе, екилемши түри 1000 адамға 1 адам туўры келеди, бирақ көпшилик наўқаслар толық тексерилмегенлиги ушын бул кеселлик ҳаққында мағлыўматқа ийе емес ҳәм басқа қәнигелерде нәтийжесиз емленеди.
Аваз Исмаиловтың айтыўынша, Японияда шыпакерлерди оқытыў жүдә жоқары дәрежеде алып барылады. Олар ушын ең жақсы шараятлар жаратылған, қәлеген медициналық китаплар инглис ҳәм япон тилинде китапханадан табылады. Соның менен бирге Японияда шыпакерлер ушын арнаўлы сайтлар болып, ол жерде ҳәр қандай операция видеоларын табыў ҳәм үйрениўге болады. Шыпакерлик кәсиби Японияда ең уллы кәсиплердиң бири саналады. Ол жақта шыпакерлер ҳәм муғаллимлерди “Сэнсэй” деп шақырады және шыпакерлердиң айлық ис ҳақысы жүдә жоқары болып, орташа айлықтан 4-5 есе көп. Және де әҳмийетли тәреплерден бири – ҳеш бир инсан емлениў ушын шет елге кетпейди, барлығы кәсиби яки лаўазымына қарамастан Японияда емленеди, ҳәттеки ҳәмелдарлар да. Бул да миллий медицинаның раўажланыўына үлес қосады.
Японияның болажақ шыпакерлери ушын биринши гезекте билимлендириў стандартлары ҳәм ҳәр бир курс ушын ойлап табылған және ҳәр бири әмелге асыра билиўи шәрт болған шыпакерлер көнликпеси ислеп шығылған болып, буны барлық устазлар үйретиўге мәжбүр. Ҳәр бир болажақ шыпакер резидентураны питкергенинде таяр кадр болып шығады. Кейинги әмелияты арнаўлы хирургиялық лабораторияларда өтиледи. Бул жерде ҳайўанларға тәжирийбе өткериледи. Жуўмақлаўшы басқыш – студент ҳәм шыпакерлер кадаврик курсларында, яғный ҳақыйқый өлилерде хирургиялық көнликпелерин өткерип маманлығын арттырады. Бул да бизлердиң медициналық мәкемелерде жолға қойылмағанлығы ашынарлы жағдай.
– Японияның жүдә көп профессорларынан билим алғанман, бирақ дүнья медицинасына өз үлеслерин қосқан ҳәм жаңалықлар жаратқан профессорларды айтып өтиў өз ўазыйпам деп билемен, – дейди Аваз Исмаилов. – Ең биринши нәўбетте профессор Акихимо Такушиманы тилге алыўым керек. Ол адам Кёрин университети емлеўханасының пластик ҳәм реконструктив хирургия бөлими меңгериўшиси, Япония пластик ҳәм реконструктив хирургиясы ассоциациясы президенти, Япония пластик хирургиясы журналының директоры есапланады. Ол Японияда туўма ҳәм арттырылған жүз нерви парезлери бойынша көплеген мақалалар менен китаплар жазған және усы тараў бойынша дүньядағы ең күшли хирурглардың биринен саналады. Және бир профессор – Киёнори Харии Японияда ең атақлы пластик хирургларының бири. Ол дүньяда биринши болып жамбас көлемин тамырлары менен бирге көширип өткериў ҳәм жүз нерви парезлеринде белдиң кең мускулы тамырлары ҳәм нерви менен көширип өткериўди әмелге асырған профессор болады. Профессор Такуми Ямомота дүньяда лимфедема кеселлиги ушын ICG лимфографиясы бойынша классификациясын жаратқан ҳәм соның менен лимфедеманы диагностикалаў және емлеў ушын жүдә әҳмийетли жаңалықлар кириткен профессор саналады. Япон шыпакерлериниң өзине тән қәсийети – олар өзинен кейинги шәкиртлерине билимлерин аямай үйретеди ҳәм оларға хирургиялық әмеллерди ислеўде жеке өзлери жәрдем береди.
Бүгинги күнде Аваз Исмаилов Ташкент қаласындағы “Kasmed” жеке меншик клиникасында ҳәм Республика қәнигелестирилген онкология ҳәм радиология илимий-әмелий медициналық орайда микрохирургия әмелиятларын орынлап келмекте. Оның миллий медицина илиминиң раўажланыўына ҳәм микрохирургия тараўында жаңа әмелиятларды енгизиўде үлеси салмақлы. “Медицинаның ашылмаған сырлары көп ҳәм келешекте кеселлик себепли инсанларды мезгилсиз жоғалтыўға шек қойылыўына гүман жоқ”, – деп есаплайды доктор Исмаилов.
Нилуфар Базарова,
ӨзАныӊ хабаршысы