Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңесиниң Баслығы Аманбай Орынбаев Кегейли районын социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың турмыс шараятын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар менен танысыў мақсетинде усы районда болды.

Жоқарғы Кеңес Баслығы дәслеп райондағы Жүзимбағ аўыл пуқаралар жыйыны турғыны, 1-топар майыбы Нарбай Аўезовтың ҳал-жағдайынан хабар алып, жасаў шараяты менен жақыннан танысты.  Оның шаңарағына ҳәр тәреплеме ғамхорлық көрсетиў бойынша тийисли орынларға тапсырма берилди.

Буннан соң райондағы белгиленген мүддети өтип кетсе де, еле қурылыс жумыслары тамамланбаған объектлерди барып көрди. Соннан, 69-санлы Шаңарақ поликникасы жанындағы наўқаслар стационар шараятта емленетуғын 24 орынға мөлшерленген районлық медицина бирлеспесиниң филиалы, Кегейли районлық медицина бирлеспесиниң  имараты, Ақтуба аўыл пуқаралар жыйынындағы 90 орынға арнап қурылып атырған балалар бақшасы ҳәм Жаслар орайы имаратларының қурылысы көзден өткерилди. Халқабад посёлкалық пуқаралар жыйынындағы шаңарақ поликлиникасын толық реконструкциялаў ушын қаржы ажыратылды.


Жоқарғы Кеңес Баслығы А.орынбаевтың басшылығында район белсендилери, министрлик ҳәм шөлкемлер, районлық мәкеме басшылары қатнасыўында мәжилис өткерилди.


Онда халықтың разылығын тәмийинлеў, олардың турмысында ушырасып киятырған машқалаларға шешим табыў, районның социаллық-экономикалық жағдайын жақсылаў бағдарында әмелге асырылып атырған жумыслар, сондай-ақ, бул бағдардағы айырым тараў басшылары тәрепинен жол қойылып атырған кемшиликлер ҳаққында сөз етилди.

Районда алып барылған үйрениў жумыслары барысында бюджеттен ажыратылған қаржылардан мақсетли пайдаланыў бойынша қәте-кемшиликлерге жол қойылып, мақсетсиз жумсалыў жағдайлары, қурылыс тараўында ажыратылған қаржыларды талан-тараж етиў, қосып жазыўлар, сондай-ақ, белгиленген мүддеттен артта қалыў жағдайлары көп ушырасып атырғанлығы, ҳәким жәрдемшилери тәрепинен жеңиллетилген кредит қаржыларын мақсетсиз жумсаў жағдайлары анықланғанлығы  сынға алынды.


Сондай-ақ, социаллық тараўда да бир қанша кемшиликлер анықланған болып, мектеплерде оқыўшылардың жоқары оқыў орынларына кириў көрсеткиши ҳәм балаларды мектепке шекемги билимлендириў мәкемелерине қамтып алыў дәрежесиниң төменлиги, 3-8-9-санлы мәмлекетлик балалар бақшаларында азық-аўқатлық өнимлерди талан-тараж етиў жағдайлары, район аймағындағы мектеплердиң баслаўыш (1-4) класс оқыўшыларын бийпул азық-аўқатлық өнимлери менен тәмийинлеў нәтийжели шөлкемлестирилмегенлиги, пуқаралардың мүрәжатлары менен ислесиў қанаатландырарлы жолға қойылмағаны атап өтилди.


Жоқарыда атап өтилген кемшиликлерге жол қойып, өзиниң хызмет ўазыйпасына ҳәм билдирилген исенимге немқурайдылық пенен қарағаны ушын район ҳәкиминиң қурылыс, коммуникациялар, коммунал хожалық, экология ҳәм көклемзарластырыў мәселелери бойынша орынбасары, районлық халықтың бәнтлигине көмеклесиў орайының баслығы, Ҳәким жәрдемшилери менен ислесиў орайының баслығы ийелеп турған лаўазымынан босатылды.

Район ҳәкиминиң қаржы-экономика ҳəм кəмбағаллықты қысқартыў мәселелери бойынша биринши орынбасары, аўыл хәм суў хожалығы мәселелери бойынша орынбасары, халық билимлендириў бөлими баслығы интизамый жазаға тартылып, мектепке шекемги билимлендириў бөлими баслығының лаўазымына ылайықлылығы мәселеси көрип шығылатуғын болды. Сондай-ак, район ҳәкиминиң орынбасары — Инвестициялар ҳәм сыртқы саўда бɵлиминиң баслығы жол қойған кемшиликлерин сапластырыў бойынша ескертилди.

Соның менен бирге Жоқарғы Кеңес Баслығы Президентимиз тәрепинен Қарақалпақстан Республикасы ушын қаратылып атырған итибар нәтийжесинде республикамызда алып барылып атырған ийгиликли ислерге де тоқтап өтти.

Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелердиң инфраструктурасын  буннан былай да жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарары менен Қарақалпақстанда 252 пуқаралар жыйынындағы жәми 259 объектте қурылыс-оңлаў жумыслары ушын 293,7 миллиард сум қаржы ажыратылатуғынлығы, соның ишинде, тек ғана Кегейли районы бойынша 12 жойбарда 6 миллиард 922 миллион сумлық ишимлик суўы тармақларын жаңадан қурыў, ишки жолларды реконструкциялаў жумыслары алып барылатуғынлығын атап өтти.

Мажилис жуўмағында жыл жуўмағына шекем районды социаллық-экономикалық раўажландырыў ҳәм халықтың абадан турмыста жасаўын тәмийинлеўге жәми 12 миллиард 334,4 миллион сум муғдарында қосымша қаржы ажыратылатуғынлығы атап өтилди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги