Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Франция Республикасы Президенти Эммануэль Макронның мирәт етиўине бола 21-22-ноябрь күнлери рәсмий сапар менен усы мәмлекетте болды.

Сапардың тийкарғы ўақыялары 22-ноябрь күни болып өтти.

Усы күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Париждеги Бурбон сарайында Франция Миллий жыйыны Баслығы Яэль Браун-Пиве менен ушырасыў өткерди.

Парламентлер арасындағы ҳәм жәмийетлик-сиясий турмысты және де демократияластырыў бойынша реформаларды әмелге асырыў бағдарындағы бирге ислесиўди тереңлестириў бойынша пикир алысылды.

Франция Миллий жыйыны басшысы Өзбекстанда, соның ишинде, парламентаризмди раўажландырыў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў ҳәм қорғаў, гендер теңликти алға қойыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли демократиялық жаңаланыўлардың барысын жоқары баҳалады.

Гендер теңликти тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Өзбекстан бул бағдарда үлкен табысларға ерискени, мәмлекетимизде ҳаял-қызлар нызам шығарыўшы ҳәм атқарыўшы ҳәкимият уйымларында, исбилерменлик ҳәм социаллық тараўда мүнәсип орын ийелеп атырғаны атап өтилди.

2022-жыл сентябрь айында мәмлекетимизде биринши мәрте дүнья парламентлери жетекши ҳаял-қызларының 14-саммити өткерилди. Жетекши ҳаял-қызлардың ролин арттырыў ҳаққында Ташкент декларациясы қабыл етилди.

Ушырасыўда өлим жазасын бийкарлаў, инсан ҳуқықларының кепилликлерин күшейтиў, экологиялық машқалаларды шешиў ҳаққындағы нормалар ҳәм басқа да әҳмийетли қағыйдаларды беккемлеп қойыў нәзерде тутылған конституциялық реформаны әмелге асырыўға таярлық бағдарындағы тийкарғы көзқараслар додаланды.

Парламентлер аралық дослық топарының ушырасыўларын өткериў, БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша кеңеси, Европа Парламенти, Парламентлер аралық аўқам, ЕҚБШ Парламент ассамблеясы шеңбериндеги бирге ислесиўди күшейтиўге келисип алынды.

Ушырасыў жуўмағында Президентимиз Ҳүрметли мийманлар китабына пикирин жазып қалдырды. Сондай-ақ, Франция Миллий жыйыны Баслығын өзи ушын қолайлы ўақытта сапар етип мәмлекетимизге барыўға мирәт етти.

Париждеги дәстүрий түрде рәсмий илажлар өткерилетуғын Ветеранлар үйинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти рәсмий күтип алыў мәресими болды.

Майданда уллы мәртебели мийман ҳүрметине Франция Республика гвардиясы әскерий хызметкерлери сап тартты. Әскерий оркестр еки елдиң мәмлекетлик гимнлерин атқарды. Гвардияшылар мәмлекетимиз басшысы алдынан салтанатлы  түрде жүрип өтти.

Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Франция сыртқы саўда, экономикалық тартымлылық ҳәм сырт елдеги француз пуқараларының ислери бойынша министри Оливье Бешт ҳүрметли қараўыл қатары алдынан өтип, рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.

Мәресимнен соң Өзбекстан делегациясы Франция Президентиниң резиденциясы – Елисей сарайына жолға шықты.

Елисей сарайында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Франция Республикасы Президенти Эммануэль Макронның сөйлесиўлери болып өтти.

Мәмлекет басшылары Өзбекстан ҳәм Франция арасындағы өз-ара пайдалы бирге ислесиўди және де кеңейтиў мәселелерин ҳәр тәреплеме көрип шықты ҳәм қатнасықларды жоқары дәрежедеги кең көлемли шериклик руўхында раўажландырыўға келисип алды.

Жетекшилер еки мәмлекет арасында дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанының 30 жыллығы белгиленип атырған усы жылда еки тәреплеме байланыслар жедел пәт пенен раўажланып баратырғаны, кең сиясий сөйлесиў тереңлесип, халықаралық шөлкемлер шеңберинде тәреплер өз-ара жәрдемлесип атырғаны, парламентлер аралық сөйлесиўдиң кеңейгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Кейинги жыллары Франция компанияларының қатнасыўындағы биргеликтеги кәрхана ҳәм жойбарлар саны үш есеге көбейди. Өзбекстанда әмелге асырылып атырған биргеликтеги жойбарлардың ағымдағы портфели 5 миллиард евродан асты.

Энергетика, геология-излеў, азық-аўқат санааты ҳәм саўда тараўларында «Total Eren», «Veolia», «EDF», «Orano», «Lactalis», «Carrefour» ҳәм «Shiever» сыяқлы халықаралық көлемдеги компаниялардың өз-ара пайдалы жумысы атап өтилди.

Қала инфраструктурасын раўажландырыў, «жасыл экономика», коммунал, гидроэнергетика, аўыл хожалығы ҳәм басқа да тараўлардағы жойбарларда қатнасып атырған Франция раўажланыў агентлиги менен бирге ислесиў сапа жағынан жаңа мазмунға ийе болды.

Сапар алдында өткерилген Өзбекстан – Франция исбилерменлик илажларының жуўмақлары, олардың шеңберинде улыўма баҳасы 6 миллиард евродан артық болған саўда-экономикалық келисим ҳәм шәртнамаларға қол қойылғаны жоқары баҳаланды.

Қәўипсизлик тараўында, пайда болып атырған қәўип-қәтерлерге нәтийжели қарсы гүресиў бағдарындағы еки тәреплеме бирге ислесиўди және де беккемлеўден мәпдарлық билдирилди.


Мәдений-гуманитарлық байланысларды раўажландырыўдың әҳмийети атап өтилди. Тәреплер Самарқандта Франция альянсының бөлими ашылыўын қоллап-қуўатлады ҳәм усы жылы 27-28-ноябрь күнлери Парижде екинши Өзбекстан-Франция билимлендириў форумының өткерилиўин қоллап-қуўатлады. Француз тили муғаллимлерин таярлаў тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыўға келисип алынды.

Жетекшилер Өзбекстанның мәдений-тарийхый мийрасына бағышлап Лувр музейинде «Өзбекстан үлкелериниң ғәзийнелери. Кәрўан жоллары кесилиспесинде» ҳәм Араб дүньясы институтында «Самарқандқа жол. Жипек ҳәм алтын ғәзийнелери» көргизебелериниң ашылыўын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Мәмлекет басшылары әҳмийетли халықаралық ҳәм регионаллық машқалалар бойынша да пикир алысты.

Ушырасыў ашық, қызғын ҳәм дослық орталығында болып өтти. Соңында Шавкат Мирзиёев Эммануэль Макронды өзи ушын қолайлы ўақытта сапар менен мәмлекетимизге барыўға мирәт етти.




Елисей сарайында болып өткен жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерден соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Франция Республикасы Президенти Эммануэль Макрон өмирлик жолдаслары менен Париждеги Лувр музейинде болды.

Лувр дүньядағы ең үлкен ҳәм ең көп адам келетуғын музейлерден бири болып, ең ири ҳәм баҳалы көркем шығармалар топламына ийе. Ҳәр жылы бул жерге 10 миллионға шамалас турист келеди.

Халқымыздың бай мәдений мийрасына бағышланған «Өзбекстан үлкелериниң ғәзийнелери. Кәрўан жоллары кесилиспесинде» көргизбеси Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2018-жылдың октябрь айында Францияға әмелге асырылған сапары даўамында ерисилген келисимлерге муўапық шөлкемлестирилди. Мәмлекетимиз басшысы сол ўақытта Өзбекстан ҳәм Франция музейлериниң бирге ислесиўинде көргизбелер шөлкемлестириў, мәмлекетлеримиз арасында илимий ҳәм мәдений байланысларды кеңейтиў зәрүр екенлигин атап өткен еди. Өзбекстан Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры ҳәм Лувр музейи арасында тийисли меморандумға қол қойылды.

Кейинги үш жыл даўамында көргизбелерге пуқта таярлық көрилди. Бир неше Өзбекстан ҳәм Францияның биргеликтеги экспедициялары шөлкемлестирилип, көплеген археологиялық табылмалар табылды. Буннан тысқары, Лувр реставрациялары ҳәм мәмлекетимиз қәнигелери бир неше басқыштан ибарат кең көлемли тиклеў илажларын әмелге асырды.

Усы жумыслардың нәтийжесинде Луврдың Ришелье залы ҳәм Ислам бөлиминде хронологиялық избе-изликте жайластырылған бес бөлимнен ибарат үлкен көргизбе мәканы жаратылды. Олар – «Оазис мәмлекетлери ҳәм патшалықлары дәўири: Жипек жолындағы мәдениятлардың қарым-қатнасы», «Орта әсирлер ҳәм көркем өнердиң гүллеп-жайнаўы», «Орайлық Азияда исламның тарқалыўы, мәденият ҳәм илимде Ояныў дәўири», «Ибн Синадан Шыңғысханға шекем», «Уллы империялар дәўири: Темурийлер ҳәм Шайбанийлер».

Елимиз тарийхының 1500 жылдан артық дәўирин қамтып алған көргизбе мәмлекетимиздиң 16 музейинде 138 сийрек гезлесетуғын зат, соның ишинде, көргизбе ушын арнаўлы реставрацияланған 70 экспонаттан ибарат. Сондай-ақ, Франция, Уллы Британия ҳәм АҚШтың ири музейлеринен келтирилген 31 буйым көргизбеден орын алды.

Көргизбениң дәслепки мийманлары болған Өзбекстан ҳәм Франция жетекшилери Далварзинтепа ҳәм Холчаён естеликлеринен табылған экспонатлар, Варахшадағы қызыл реңли үй дийўал сүўрети ҳәм басқа да экспонатлар менен танысты. Олардың жаратылыўы ҳәм табылыўы, олар менен байланыслы тарийхый дәўирлер ҳәм шахслар ҳаққында толық мағлыўмат берилди.

Мәмлекет басшылары көргизбе жоқары дәрежеде шөлкемлестирилгени ҳәм онда өзине тән орталық жаратылғанын атап өтип, еки мәмлекеттиң мәдений турмысында әҳмийетли орын ийелейтуғын бул илажды таярлаўға үлес қосқанларға миннетдаршылық билдирди.

Луврдағы көргизбе тек ғана Өзбекстан ҳәм Франция халықлары емес, ал пүткил Европа ҳәм Орайлық Азия арасындағы әзелий тарийхый байланысларды, дослық ҳәм өз-ара түсинисиўди және де беккемлеўге хызмет ететуғыны айрықша атап өтилди.

Көргизбе 2023-жылдың 6-март күнине шекем даўам етеди.

Буннан соң Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Франция Республикасы Президенти Эммануэль Макрон өмирлик жолдаслары менен биргеликте Париждеги Араб дүньясы институтына барды.

Ҳәзирги күнде бул жерде институт ҳәм Өзбекстан Министрлер Кабинети жанындағы Мәденият ҳәм көркем өнерди раўажландырыў қоры менен биргеликте «Самарқандқа жол. Жипек ҳәм алтын ғәзийнелери» атлы көргизбе шөлкемлестирилген. Онда Өзбекстанның XIX әсирдиң ақыры- XX әсирдиң басларына байланыслы бай материаллық мәденияты усынылған.


Өзбекстанның 9 ең ири музейлеринен 300 ден аслам экспонат усы жылдың 23-ноябрь күнинен 2023-жыл 4-июнь күнине шекем биринши мәрте Францияда кең халықаралық жәмийетшилик итибарына қойылады.

Көргизбеден Нөкис, Самарқанд, Бухара, ҳәм Ташкент музейлеринен келтирилген тоқымашылық буйымлары, липас ҳәм аяқ кийимлер, бас кийим топламлары, сондай-ақ, Түркстан авангарды бағдарына тийисли 24 живопислик шығармалар орын алған. Таярлық шеңберинде 89 зергерлик буйымлары реставрацияланды.


Президентлер ушын көргизбе бойлап экскурсия өткерилди, экспонатлар ҳаққында толық айтып берилди.

Өнермент ата-бабаларымыздың жоқары дәрежедеги дөретиўшилик ой-пикири ҳәм шеберлигинен дәрек бериўши бул буйымлардың  ҳәр түрлилиги ҳәм нәзиклиги Франция тәрепин таң қалдырды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Францияға сапары нәтийжели болды.

Сапар жуўмақлары бойынша мәмлекет басшылары жоқары дәрежедеги кең көлемли шериклик қатнасықларын раўажландырыў мақсетинде Биргеликтеги билдириў қабыл етти.

Улыўма, Өзбекстан – Франция қатнасықларын және де кеңейтиўге қаратылған 14 келисим қабыл етилди. Франция раўажланыў агентлиги менен 2023-2025-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасын әмелге асырыў бойынша стратегиялық шериклик ҳаққындағы келисим ҳәм Сыртқы сиясий уйымлар арасындағы 2023-2024-жылларға мөлшерленген бирге ислесиў бағдарламасы солардың қатарына киреди.

Мәдений-тарийхий мийрас, мектепке шекемги билимлендириў, халық ҳәм жоқары билимлендириў, мәмлекетлик хызметти раўажландырыў тараўларында бирге ислесиў ҳаққында декларацияларға да қол қойылды.

Пуқаралық авиация, коррупцияға қарсы гүресиў, судьялардың маманлығын арттырыў, француз тилин оқытыў ҳәм басқа да бағдарларда ҳүжжетлер қабыл етилди.

Усының менен Өзбекстан Республикасы Президентиниң Францияға рәсмий сапары жуўмақланды.




ӨзА