Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 22-ноябрь күни Париждеги Бурбон сарайында Франция Миллий жыйыны Баслығы Яэль Браун-Пиве менен ушырасыў өткерди.

Парламентлер арасындағы ҳәм жәмийетлик-сиясий турмысты және де демократияластырыў бойынша реформаларды әмелге асырыў бағдарындағы бирге ислесиўди тереңлестириў бойынша пикир алысылды.

Франция Миллий жыйыны басшысы Өзбекстанда, соның ишинде парламентаризмди раўажландырыў, инсан ҳуқықлары менен еркинликлерин тәмийинлеў ҳәм қорғаў, гендер теңликти алға қойыў бойынша әмелге асырылып атырған кең көлемли демократиялық жаңаланыўлардың барысын жоқары баҳалады.

Гендер теңликти тәмийинлеў мәселелерине айрықша итибар қаратылды. Өзбекстан бул бағдарда үлкен табысларға ерискени, мәмлекетимизде ҳаял-қызлар нызам шығарыўшы ҳәм атқарыўшы ҳәкимият уйымларында, исбилерменлик ҳәм социаллық тараўда мүнәсип орын ийелеп атырғаны атап өтилди.

2022-жыл сентябрь айында мәмлекетимизде биринши мәрте дүнья парламентлери жетекши ҳаял-қызларының 14-саммити өткерилди. Жетекши ҳаял-қызлардың ролин арттырыў ҳаққында Ташкент декларациясы қабыл етилди.

Ушырасыўда өлим жазасын бийкарлаў, инсан ҳуқықларының кепилликлерин күшейтиў, экологиялық машқалаларды шешиў ҳаққындағы нормалар ҳәм басқа да әҳмийетли қағыйдаларды беккемлеп қойыў нәзерде тутылған конституциялық реформаны әмелге асырыўға таярлық бағдарындағы тийкарғы көзқараслар додаланды.

Парламентлер аралық дослық топарының ушырасыўларын өткериў, БМШтың Инсан ҳуқықлары бойынша кеңеси, Европа Парламенти, Парламентлер аралық аўқам, ЕҚБШ Парламент ассамблеясы шеңбериндеги бирге ислесиўди күшейтиўге келисип алынды.

Ушырасыў жуўмағында Президентимиз Ҳүрметли мийманлар китабына пикирин жазып қалдырды. Сондай-ақ, Франция Миллий жыйыны Баслығын өзи ушын қолайлы ўақытта сапар етип мәмлекетимизге барыўға мирәт етти.

ӨзА