Франция Республикасы Президенти Эммануэль Макронның мирәт етиўине бола Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев өмирлик жолдасы менен 21-ноябрь күни рәсмий сапар менен Парижге келди.

«Париж-Орли» аэропортында мәлекетимиз басшысының сапары мүнәсибети менен еки мәмлекет байрақлары көтерилди, ҳүрметли қараўыл сап тартты.

Мәмлекетимиз жетекшисин Франция мәденият министри Рима Абдул-Малак ҳәм басқа да рәсмий адамлар күтип алды.








Сол күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев сапар етиў барысында Франция раўажланыў агентлиги (ФАР) бас директоры Реми Риуди қабыл етти.

Өзбекстан ҳәм Франция раўажланыў агентлиги арасындағы бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиў, жаңа перспективалы жойбарлар менен байытыў мәселелери көрип шығылды.


Кейинги ўақытта өз-ара байланысларда жоқары дәрежеге ерисилгени қанаатланыўшылық пенен атап өтилди. Биргеликтеги жойбарлар портфели 1 миллиард евроға жетти. Агентликтиң қатнасыўында бүгин инфраструктура, экономика тармақлары ҳәм социаллық тараўды раўажландырыў бойынша әҳмийетли бағдарламалар әмелге асырылмақта.

ФАР басшысы бүгинги күнде Жаңа Өзбекстанда әмелге асырылып атырған реформалар бағдарламасының салмақлы нәтийжелерин атап өтип, бирге ислесиўдиң бүгинги жағдайын ҳәм потенциалын жоқары баҳалады.


Сәўбетлесиўде мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлерди, бәринен бурын, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў ҳәм инфраструктуралық тараўларға енгизиў, энергетика ҳәм траспортта «жасыл» экономикалық жойбарларды кеңейтиў, агросанаат комплексин қоллап-қуўатлаў, ҳаял-қызлар ҳәм жасларды оқытыў ҳәм олардың исбилерменлигин қаржыландырыўды алға қойыў сыяқлы әҳмийетли бағдарларда әмелий шерикликти тереңлестириў мәселелерине айрықша итибар қаратылды.

Жойбарларды аралас тәризде, соның ишинде, Франция компанияларының тиккелей инвестицияларының қатнасыўында қаржылдандырылған механизмлерден жедел пайдаланыў зәрүр екени атап өтилди.


Тәреплер ерисилген барлық келисимлерди әмелге асырыў бойынша «жол картасы»н таярлаўға келисип алды.

Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети ҳәм Франция раўажланыў агентлиги арасында аўыл хожалығы, энергетика, «жасыл» экономика, қалаларды раўажландырыў, суў тәмийнаты, банк-қаржы ҳәм транспорт тараўларында анық жойбарларды әмелге асырыўды нәзерде тутатуғын улыўма баҳасы 1 миллиард евродан зыят болған 2025-жылға шекем стратегиялық бирге ислесиў бағдарламасына қол қойыў мәресими болып өтти.


Буннан соң Өзбекстан президенти усы мәмлекеттиң жетекши компаниялары ҳәм финанс структураларының басшысы  менен ушырасыў өткерди.

Илажға «MEDEF» Франция кәрханалары ҳәрекети бас директоры Филлипп Готье, «Airbus», «Orano», «Suez», «Alstom», «Total Eren», «EDF», «Schneider Electric», «Natixis» сыяқлы 20 ға шамалас ири компаниялардың басшылары қатнасты.

Президентимиз ушырасыў қатнасыўшыларын қутлықлап, рәсмий сапар етиўдиң биринши күниндеги илажлар исбилерменлик мәселелерине бағышланғанына итибар қаратты.

– Бул Өзбекстан әҳмийетли ҳәм исенимли шеригимиз – Франция менен экономикалық бирге ислесиўди кеңейтиўге умтылысы қатаң екенинен және бир мәрте дәрек береди, – деди мәмлекетимиз басшысы.

Бүгин Өзбекстанда сырт ел инвесторларына кең имканиятлар жаратылғаны атап өтилди. Валюта базары еркинлестирилди, пайданы репатрициялаўға барлық шеклеўлер бийкар етилди, банклер, ири санаат ҳәм инфраструктуралық объектлерди меншиклестириў бағдарламасы басланды, мәмлекетлик-жеке меншик шериклик механизмлери жедел енгизилмекте.

Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясына муўапық исбилерменликти буннан былай да хошаметлеў, инвесторлардың ҳуқықларын қорғаў, мүлкке қол қатылмаслықты тәмийинлеў ҳәм басқа да бағдарларда анық илажлар әмелге асырылмақта.

– Ҳәр бир инвестор Өзбекстан дегенде, бәринен бурын, турақлылық ҳәм келешекке исенимди көз алдына келтириўи ушын умтылып атырмыз, – деди Шавкат Мирзиёев.

Дүньядағы бүгинги турақсызлық шараятында мәплерди есапқа алыў ҳәм өз-ара исенимге тийкарланған көп тәреплемели ҳәм конструктивлик шерикликти тереңлестириў барған сайын үлкен әҳмийетке ийе болып атырғаны атап өтилди.

Усы мәниде, Франция бизнесиниң Өзбекстан базарына шығыўы ушын үлкен перспективалар ашылмақта. Мәмлекетимиздиң тартымлылығы Орайлық Азияда халықтың саны бойынша ең ири мәмлекет екени, өнимлеримиз ҒМДАның үлкен базарына бажысыз жеткерип берилетуғыны менен түсиндириледи.

Өзбекстан франциялы исбелирменлерди өндирис ушын зәрүр инфраструктура менен тәмийинлеў, жеңилликлер ҳәм кепилленген сатып алыўлар көринисинде қоллап-қуўатлаў ҳәм басқа да жәрдем илажларын бериўге таяр екени атап өтилди.

Президент Шавкат Мирзиёев жоқары қосымша қунлы өнимлерди ислеп шығарыў қуўатлықларын жаратыў, «жасыл» энергетика, азық-аўқат санааты, химия ҳәм автомобиль қурылысы, электротехника және электроника тармақлары, денсаўлықты сақлаў тараўын узақ мүддетли ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиў ушын перспективалы бағдарлар сыпатында атап өтти.

Шерикликти кеңейтиў режелери бойынша ҳәр тәреплеме пикир алысылды. Франция исбилермен топарларының ўәкиллери өз сөзлеринде Өзбекстанда әмелге асырылып атырған экономикалық реформаларды жоқары баҳалады. Мәмлекетимизде қайсы анық жойбарларды әмелге асырыў нийетинде екенин билдирди.

Франция бизнес делегациясының ҳәр бир ағзасы менен сәўбетлесип, мәмлекетимиз басшысы исбилерменлерди елимизге келиўге ҳәм Өзбекстан инвестиция киргизиўге ең қолайлы орын екенине исеним пайда етиў ушын мират етти.

Ушырасыў жуўмағында Өзбекстанның жуўапкер басшыларына илажда билдирилген барлық басламаларды өз ишине алған және оларды әмелге асырыў механизмлери, анық мүддетлери ҳәм орынлаўшылары көрсетилген Әмелий илажлар режесин ислеп шығыў ҳәм тастыйықлаў тапсырылды.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Францияға рәсмий сапары даўам етпекте.





ӨзА