19-ноябрь күни Ташкент қаласында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының отыз бесинши жалпы мәжилиси өз жумысын даўам еттирди.

Оған Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қуралларының хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей берип барылды.

Дәслеп сенаторлар  усы жылдың 27-28-октябрь күнлери Самарқанд қаласында болып өткен ҒМДА Парламентлераралық Ассамблеясының (ПА) гүзги сессиясының жуўмақларын додалады.

Атап өтилгениндей, ҒМДА ПА гүзги сессиясының (көшпели) Ассамблея жумысында биринши мәрте Санкт-Петербургтағы резиденциясынан тысқары, яғный мәмлекетиимзде өткерилиўи, бәринен бурын, Өзбекстанда алып барылып атрыған ашық ҳәм прагматикалық сиясаттың, қала берсе, парламент дипломатиясының жеңиси сыпатында халықаралық жәмийетшилик тәрепинен тән алынбақта. Онда көрилген мәселелер, келисимлер парламентлераралық өз-ара қарым-қатнас тәреплердиң мәплерин есапқа алыў және ҳүрмет етиўге тийкарланған көп тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеўге хызмет етеди.

Ассамблеяның тийкарғы жумыс бағдары үлги нызам атқарыўшылығы болып есапланып, дослық аўқамы мәмлекетлери парламентлери ағзаларының ҒМДА ПА майданындағы өз-ара бирге ислесиўи себепли жәмийетлик турмыстың ҳәр қыйлы тараўларындағы машқалаларды шешиўде келисилген көзқарасларды  ислеп шығыўға қаратылған.

ҒМДА ПА ағза мәмлекетлери тәрепинен биргеликте ислеп шығылып атырған модель нызамларды қабыл етиў қатнасыўшы мәмлекетлер ушын мәжбүрий емес. Олар миллий мәплерден келип шығып, нызамшылыққа имплементацияланыўы мүмкин.

ҒМДА ПА жумысының 30 жыл даўамында ағза мәмлекетлер арасындағы бирге ислесиўди беккемлеўге байланыслы әҳмийетли мәселелерди биргеликте додалаў, қарарлар қабыл етиў ушын нәтийжели майдан ўазыйпасын атқарды ҳәм көп тәреплеме бирге ислесиўди жолға қойыў, парламентлераралық байланысларды раўажландырыўдың халықаралық маштабта тән алынған институты болып табылады.

Самарқанд қаласында өткерилген гүзги сессия шеңберинде парламентлер ағзалары тәрепинен сайлаў, референдум ҳәм оларды бақлаў ҳаққындағы көплеген үлги нызамлар, сондай-ақ, қәўипсизлик, илим ҳәм билимлендириў, интеллектуаллық жумыс, қоршаған орталықты қорғаў ҳәм басқа да тараўларға байланыслы 40 тан аслам үлги жойбарлар көрип шығылды.

Сондай-ақ, сенаторлар ҒМДА мәмлекетлериниң жас парламентлери ағзалары Жаслар парламентлераралық ассамблеясының мәжилисине жыйналыўы да өзине тән әҳмийетке ийе екенине тоқтап өтти.

Онда, атап айтқанда, мәмлекетимиз парламентиниң еки палатасы жанындағы Жаслар парламентлери ағзалары тәрепинен алға қойылған жаслар арасындағы жумыссызлықты нызамшылық жолы менен тәртипке салыў арқалы шешиў ҳәм ислемейтуғын ҳәм билимлендириўге тартылмаған жаслардың социаллық-экономикалық белсендилигин арттырыў сыяқлы басламалары қатнасыўшы мәмлекетлер тәрепинен бир аўыздан мақулланды.

ҒМДА ПА жанындағы Экология ҳәм тәбияттан пайдаланыў бойынша эксперт кеңесин дүзиўге байланыслы баслама қоллап-қуўатланды.

Атап өтилгениндей, кескинлик ҳәм анықсызлық күшейип баратырған, өз-ара қарым-қатнас ҳәм исеним жетиспей атырған, халықаралық қатнасықларда турақсызлық күшейип атырған шараятта әйне парламент ҳәм халық дипломатиясы мәмлекетлер арасында өз-ара исенимди беккемлеў ҳәм көп тәреплемели қатнасықларды жолға қойыўда әҳмийетли фактор болып хызмет етеди.

Додалаўлардың жуўмағында бул мәселе бойынша Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан соң жалпы мәжилисте «Мәмлекетлик бажы ҳаққында»ғы нызамға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққындағы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, нызам нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырыў процесслерин түп-тийкарынан жеңиллетиў, мәмлекетлик бажыдан азат етиў, мәмлекетлик бажыны өндириўдиң өзине тән өзгешеликлерине анықлық киргизиў арқалы адамларға жеңиллик жаратыўға қаратылған.

Қайтыс болған пуқараның нызам менен жеке топланып барылатуғын пенсия тәмийнатына байланыслы мийрасқа болған ҳуқық ҳаққындағы гүўалығын бериўде мәмлекетлик бажыны төлеўден азат етилиўи белгиленген болып, бул бағдарда жүзеге келип атырған машқалалар шешилиўи нәзерде тутылған.

Сондай-ақ, нотариал ҳәрекетлерди әмелге асырғаны ушын өндирилетуғын төлемлер муғдарының пуқараларға түсиникли тәризде жеткерилиўин және ашық-айдынлығын тәмийинлеў мақсетинде мәмлекетлик бажы ставкалары оптималластырылған.

Нызамға тийкарланып мүлкти ижараға бериў шәртнамасын тастыйықлағаны ямаса оған өзгерислер киргизгени ушын билгиленген мәмлекетлик бажы муғдарлары еки есеге азайтылған.

Гиреў, ипотека ҳәм лизинг шәртнамаларын және автомототранспорт қуралларын басқа адамға өткериў шәртнамаларын тастыйықлағаны ушын дифференцияласқан мәмлекетлик бажы ставкалары бирдей түрге енгзилип, бирден-бир ставка муғдарында белгиленген.

Нызам менен автомототранспорт қурлларын басқарыўға ҳәм ийелик етиўге байланыслы исеним хаты, сондай-ақ, автомототранспорт қуралларын тегин пайдаланыў шәртнамаларын тастыйықлағаны ушын туўысқаншылығы болмаған басқа адамлардан өндирилетуғын мәмлекетлик бажы муғдары базалық есаплаў муғдарының 3 есесинен 2 есесине шекем азайтылған.

Буннан тысқары, пуқаралар арасында қарыз шәртнамасын дүзиўде ҳәм орынлаў ўақтында болыўы мүмкин келиспеўшиликлердиң алдын алыў, судлардағы ис жүклемесин азайтыў мақсетинде, нызам менен сырт ел валютасында бул түрдеги шәртнамаларды нотариал тәртипте рәсмийлестириўде мәмлекетлик бажы муғдарын еки есеге азайтыў нәзерде тутылған.

Бул нызамның қабыл етилиўи мәмлекетлик бажыны есаплаў ҳәм өндириўдеги айырым түсинбеўшиликлердиң алды алыныўы, нотариуслар тәрепинен мәмлекетлик бажы бойынша жеңилликлерди дурыс қолланыўды және пуқараларға бажы төлемлери бойынша жеңилликти тәмийинлейди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сондай-ақ, сеаторлар тәрепинен  «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Атап өтилгениндей, мәмлекетимизде белгили бир жасаў орнына ийе болмаған адамларды реабилитациялаў арқалы оларға ҳуқықый, социаллық, психологиялық, медициналық ҳәм басқа да түрдеги жәрдем көрсетиўге, сондай-ақ, оларға жәмийетте қабыл етилген этикалық нормалар менен қағыйдаларды сиңдириўге қаратылған илажларды әмелге асырыўдың ҳуқықый тийкарлары жаратылған.

Бүгинги күнде ишки ислер уйымларының белгили бир жасаў орнына ийе болмаған адамларды реабилитация орайына орналастырыў ҳаққындағы өтинишлерине байланыслы жумыслар районларарлық ҳәкимшилик судлар тәрепинен көрип шығылмақта.

Атап айтқанда, республика бойынша ҳәкимшилик судлар тәрепинен көрип шығылған усы түрдеги ислер кейинги үш жыл ишинде жылына 8-9 мыңды қурайды.

Ҳәзир белгили бир жасаў орнына ийе болмаған адамды реабилитация орайларына орналастырыў пуқараларды артықша сергиздан етиўге себеп болмақта және бул категориядағы жумысларға жуўапкер болған ишки ислер уйымларына бир қатар қыйыншылықлар туўдырмақта. Яғный, районлараралық ҳәкимшилик судлардың тек ўәлаят орайларында жайласқаны ҳәм аймақлардың орайдан узақлығы, ишки ислер уйымлары хызметкерлериниң бул жумыс пенен шуғылланыўы даўамында өзиниң хызмет орны узақ мүддет бос қалыўы, сондай-ақ, адамларды реабилитация орайларына орналастырыў ҳаққындағы өтинишлерин көрип шығыў әмелиятын пуқараларға қолайлылықлар жаратыў жағынан қайта көрип шығыўды талап етпекте.

Сонлықтан нызам менен Өзбекстан Республикасының Ҳәкимшилик жуўапкершилик ҳаққындағы және Ҳәкимшилик суд ислерин жүргизиў ҳаққындағы кодекслерине тийисли қосымшалар менен өзгерислер киргизилмекте.

Соның ишинде, белгили бир жасаў орнына ийе болмаған адамды реабилитация орайына жайластырыўға байланыслы жумыслар ҳәкимшилик суд ўәкиллигинен жынаят ислери бойынша районлық, қалалық судларға берилмекте.

Нызамның қабыл етилиўи нәтийжесинде ишки ислер уйымларының белгили бир жасаў орны болмаған адамларды услап турыў ҳәм реабилитациялаўға қаратылған жумысының нәтийжелилиги артыўына ерисиледи және пуқаралардың артықша сергиздан болыўына шек қойылады ҳәм материаллық ресурслардың үнемлениўине алып келеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Жалпы мәжилисте «Ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын теңдей ҳуқық және имканиятлар кепилликлери ҳаққында»ғы Өзбекстан Республиксының  нызамына қосымшалар ҳәм өзгерислер киргизиў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Нызам менен мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде гендерге байланыслы аудит өткериўдиң ҳуқықый тийкарлары беккемленбекте.

Атап айтқанда, мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлердиң жумысында, соның ишинде, кадрлар сиясатын алып барыўда ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын теңдей ҳуқық және имканиятлар кепилликлери ҳаққындағы нызамшылық талапларына әмел етиў жағдайы, сондай-ақ, гендерге байланыслы комплексли қатнасларды үйрениў ҳәм баҳалаў жумысы  гендерге байланыслы аудит сыпатында белгиленбекте.

Аудитти өткериўдиң тийкарғы ўазыйпалары – мәмлекетлик уйымлар менен шөлкемлерде ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар санының қатнасы және гендер теңлигин тәмийинлеў тараўындағы нызамшылықтың орынланыўын баҳалаў етип белгиленбекте. Соның менен бирге, ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар ушын теңдей ҳуқық ҳәм имканиятларды тәмийинлеў бойынша усыныслар ислеп шығыў нәзерде тутылмақта.

Нызамда гендерге байланыслы  аудит үш жыллық режеге тийкарланып Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясы тәрепинен мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлерде жәмийетлик қадағалаў шеңберинде өткериў, оның нәтийжелерине байланыслы мәлимлеме ҳәм усыныслар Ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин арттырыў, гендер теңлик ҳәм шаңарақ мәселелери бойынша республикалық комиссияға (Комиссия) жиберилиўи белгиленбекте.

Гендерге байланыслы аудит нәтийжелери ҳаққындағы мәлимлеме Өзбекстан Кәсиплик аўқамлары федерациясының рәсмий веб-сайтына жайластырылады.

Сондай-ақ, Комиссияға ҳаял-қызлардың жәмийеттеги ролин арттырыўға, ҳаял-қызлар ҳәм ер адамлар арасында гендер теңликке ерисиўге, шаңарақты беккемлеўге, анылықты ҳәм балалықты қорғаўға қаратылған мәмлекетлик сиясатты әмелге асырыўға қатнасыў, гендер теңликти, ҳаял-қызлардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин тәмийинлеў бағдарындағы жумыслардың бүгинги жағдайын үйрениў, ҳәзирги машқалаларды сын көз қарастан таллаў ҳәм сапластырыў илажларын көриў, гендерге байланыслы аудитти өткериў режесин тастыйықлаў ҳәм гендерге байланыслы аудитти өткериў методларын белгилеў бойынша ўәкилликлер берилмекте.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан тысқары, сенаторлар «Корпоративлик басқарыў системасының бунан былай да жетилистирилиўи мүнәсибети менен Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызамды додалады.

Додалаў процесинде кейинги жылларда елимизде қолайлы инвестициялық орталықты жаратыў, жеке меншик мүлк ийелериниң ҳуқықларын ҳәм нызамлы мәплерин қорғаў бойынша системалы реформалар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Атап айтқанда, мәмлекет қатнасындағы кәрханаларда заманагөй басқарыў усыллары, ашық-айдынлық ҳәм базар принциплерин кеңнен енгизиў, дәраматларды арттырыў, реформалар процесинде жеке меншик капиталдың қатнасына кең имканиятлар жаратыў, экономикада мәмлекеттиң қатнасын қысқартыў ҳәм бәсекиге шыдамлы орталықты буннан былай да жақсылаў бойынша нәтийжели илажлар әмелге асырылмақта.

Тараўда алып барылып атырған реформалардың ҳуқықый тийкарлары беккемлеп барылмақта.

Нызам менен «Акционерлик жәмийетлери ҳәм акционерлердиң ҳуқықларын қорғаў ҳаққында»ғы, «Жуўапкершилиги шекленген ҳәм қосымша жуўапкершиликли жәмийетлер ҳаққында»ғы нызамларға өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте. Яғный, оларда бақлаў кеңесиниң еркин ағзаларын киргизиў талабы, еркин ағзалыққа талабанларды көрсетиў тәртиби, еркин ағзаларға қойылатуғын талаплар және олардың реестрин жүргизиў ҳәм оны жәриялаўға байланыслы нормалар өз көринисин таппақта.

Нызам корпоративлик басқарыўдың заманагөй стандарт ҳәм усылларын енгизиўге, кәрханаларды стратегиялық басқарыўда бақлаў кеңесиниң ролин күшейтиўге қаратылған.

Сенаторлардың атап өтиўинше, нызамның қабыл етилиўи жәмийетлик бақлаў кеңесиниң қурамына еркин ағзалардың көбейиўине, мәмлекеттиң экономикадағы қатнасын азайтыўға, жәмийетлерде заманагөй менеджмент ҳәм корпоративлик басқарыў усылларын енгизиўге, бақлаў кеңесиниң қурамына профессионал қәнигелерди тартыўға хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Буннан соң «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине қамақтағылардың ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин исенимли қорғаўға қаратылған өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы нызам додаланды.

Атап өтилгениндей, жынаят-орынлаў әмелиятын таллаў ҳәм жәмийетшилик пенен тиккелей қарым-қатнас жасаўдың нәтийжелери қамақтағылардың ҳуқықлары менен еркинликлериниң кепилликлерин күшейтиў, оларды сақлаў шараятларын буннан былай да жақсылаў және халықаралық стандартларға муўапықластырыў, сондай-ақ, жазаны өтеў  мәкемелеринде мийнетке тартылған қамақтағыларға ҳақы төленетуғын жумыс ислеў дәўирин олардың улыўма мийнет стажына қосып есаплаў зәрүрлигин көрсетпекте.

Жоқарыдағыларды есапқа алып ҳәм Өзбекстан Республикасы Президентиниң усы жылдың 28-январьдағы «2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның Раўажланыў стратегиясы ҳаққында»ғы пәрманы менен тастыйықланған Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўын тәмийинлеў мақсетинде Ишки ислер министрлиги тәрепинен бул нызам жойбары ислеп шығылған.

Нызам менен «Пуқаралардың мәмлекетлик пенсия тәмийнаты ҳаққында»ғы нызамға ҳәм Жынаят-орынлаў кодексине еркинен айырыўға ҳүким етилген адамлардың улыўма мийнет стажына ислеген және социаллық салық төленген дәўирди қосып есаплаўды нәзерде тутатуғын өзгерислер менен қосымшалар киргизилмекте.

Нызам менен еркинен айырыўға ҳүким етилген адамлардың мийнет стажына ислеген ҳәм социаллық салық төленген дәўир қосып есапланатуғыны, сондай-ақ, қамақтағыларға адамгершиликке жат ямаса қәдир-қымбатын кемситетуғын қарым-қатнас яки жаза түрлериниң қолланылыўына жол қойылмаўы, қала берсе қамақтағылардың аўдармашы менен бир қатарда сурдоаўдармашының хызметинен пайдаланыў ҳуқықы және қамақтағыларға тынышландырыў көйлегин қолланыў мүмкин емес екени қатаң белгиленбекте.

Соның менен бирге, еркинен айрылған I ҳәм II топар майыплығы болған адамлар ушын мөлшерленген улыўмалық турақ жайлар арнаўлы қураллар ҳәм қурылмалар менен тәмийинленген болыўы кереклиги нәзерде тутылмақта. Және бир әҳмийетли тәрепи – қамақтағылардың дүзелиў жолына қайтқанын белгилеў нормалары, қамақтағыларды хошаметлеў мәселелери, еркинен айырыўға ҳүким етилген адамлар жумыстан бос саатларда, түнги дем алыў ушын ажыратылған ўақыттан тысқары, кинофильмлер ҳәм телекөрсетиўлер көриў ҳуқықы анық белгиленбекте.

Нызамның қабыл етилиўи қамақтағыларды мәкемеде ислеген жумыс стажын улыўма жумыс стажына қосыў арқалы оларға келешекте пенсия алыў имканиятын жаратыўға ҳәм ең тийкарғысы, қамақтағылардың дүзелиў жолына қайтқанын белгилейтуғын қатаң нормаларды белгилеў арқалы олардың минез-қулқын баҳалаўда коррупциялық факторлар сапластырылыўына хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Сенаттың 35-жалпы мәжилисинде «Өзбекстан Республикасының айырым нызам ҳүжжетлерине өзгерислер менен қосымшалар киргизиў ҳаққында»ғы  нызам да көрип шығылды.

Бул нызам менен «Денетәрбия ҳәм спорт ҳаққында»ғы, «Жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият ҳаққында»ғы, «Пуқарлардың денсаўлығын сақлаў ҳаққында»ғы, «Хожалық жүргизиўши субъектлердиң жумысын мәмлекет тәрепинен қадағалаў ҳаққында»ғы, «Жуўапкершилиги шекленген ҳәм қосымша жуўапкершиликли жәмийетлер ҳаққында»ғы, «Йод жетиспеўи кеселликлериниң профилактикасы ҳаққында»ғы, «Транспорт қураллары ийелериниң пуқаралық жуўапкершилигин мәжбүрий қамсызландырыў ҳаққында»ғы ҳәм «Аудиторлық жумыс ҳаққында»ғы нызамларға өзгерислер ҳәм қосымшалар киргизилди.

Нызам менен жергиликли мәмлекетлик ҳәкимият уйымларының исбилерменлик субъектлери үстинен әмелге асырылып атырған айырым қадағалаў функциялары бийкар етилмекте.

Атап айтқанда, аймақта денетәрбия-саўалландырыў ҳәм спорт объектлеринен мақсетли пайдаланыў үстинен қадағалаўды тәмийинлеў, коммунал хызметлер төлеми ҳәм мәжбүрий төлемлерди төлеў бойынша қарызларды өндириў ҳаққындағы даўалар менен судқа мүрәжат етиў, медициналық жәрдемниң сапасын клиникалық-статистикалық стандартларға әмел етилиўин қадағалаў, йодланған дуз ҳәм йодланған азық-аўқат өнимлериниң сапасы ҳәм қәўипсизлиги, оларды сақлаў шараятлары үстинен қадағалаўды әмелге асырыў және Мәмлекетлик бажыхана комитетиниң сырт еллерде дизимнен өткерилген ҳәм Өзбекстан Республикасы аймағында ўақтынша пайдаланып атырған транспорт қуралларының ийелери тәрепинен мәжбүрий қамсызландырыў бойынша нызамшылықта белгиленген миннетлемелердиң орынланыўын қадағалаў функциясы нызам менен бийкар етилди.

Нызамға бола, Исбилерменлик субъектлериниң ҳуқықлары менен нызамлы мәплерин қорғаў бойынша ўәкилге тексериўлерди дизимге алыў китабының есабын электрон тәризде жүргизиўди тәмийинлеў және мәмлекетлик уйымлар ҳәм шөлкемлер тәрепинен өз ўәкилликлери шеңберинде тараўлар бойынша белгиленген тәртипте усынылған исбилерменлик субъектлери жумысының нызамшылық талапларына муўапықлығы дизими тийкарында қәлиплестирилетуғын мәжбүрий талаплардың электрон реестрин жүргизиў сыяқлы ўәкилликлери берилди.

«Аудиторлық жумыс ҳаққында»ғы нызамға киргизилип атырған өзгерислер ҳәм қосымшаларға бола, аудиторларды сертификатлаўды тәртипке салыўда Ҳүкимет ҳәм Қаржы министрлигиниң қадағалаў роли және де қысқартылмақта ҳәм бул тараўды тиккелей кәсиплик жәмийет тәрепинен раўажландырыў ушын ўазыйпалар аудиторлардың республикалық жәмәәтлик бирлеспесине өткерилмекте.

Нызамды ислеп шығыўда алдыңғы сырт мәмлекетлердиң унамлы тәжирийбеси талланған болып, оның қабыл етилиўи исбилерменлик субъектлериниң жумысын кепиллеўге, олардың жумысына тийкарсыз араласыўға шек қойыўға және мәмлекетимизде киши ҳәм жеке бизнести раўажландырыўға хызмет етеди.

Нызам сенаторлар тәрепинен мақулланды.

Соның менен бирге, Сенаттың 35-жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығының орынбасарын сайлаў ҳәм Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәселелер көрип шығылды.

Сенаторлар додалаў нәтийжесинде Шухрат Тагаймуратович Полвановты судьялық лаўазымында болыўдың гезектеги он жыллық мүддетине, Өзбекстан Республикасы Жоқарғы суды баслығының орынбасары – экономикалық ислер бойынша судлаў комиссиясы баслығы лаўазымына бес жыл мүддетке сайлады.

Буннан соң сенаторлар тәрепинен Өзбекстан Республикасы Жоқарғы судының қурамына өзгерислер киргизиў ҳаққындағы мәселе додаланды.

Сенаттың қабыл етилген қарарына муўапық Гулнара Анваровна Мирзаева, Абдикамал Абдималикович Абдикаримов ҳәм Асқар Танирбергенович Бекманов Жоқарғы судтың судьясы лаўазымына он жыллық мүддетке сайланды.

Сондай-ақ, М.А.Назаров, Ж.И.Гайбуллаев, Б.А.Наимов, А.К.Тўхташев Жоқарғы судтың судьясы лаўазымынан босатылды.

Олий Мажлис Сенатының отыз бесинши жалпы мәжилисинде Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенаты Кенгашиниң қарарларын тастыйықлаў ҳаққындағы мәселе де көрип шығылды.

Жалпы мәжилисте жәмийетлик турмыстың барлық тараўларының ҳуқықый тийкарларын беккемлеўге қаратылған ҳәм мәмлекетте әмелге асырылып атырған кең көлемли реформалардың нәтийжелилигин арттырыўға, халықаралық бирге ислесиўди раўажландырыўға қаратылған 18 мәселе, соның ишинде, 10 нызам көрип шығылды.

Соның менен Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының отыз бесинши жалпы мәжилиси өз жумысын жуўмақлады.

.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети