Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Түркменстан Миллий Кеңеси Халық Мәсләҳәти Баслығы Гурбунгули Бердимуҳамедов бир-бирине хат жоллады. Оларда еки тәреплеме бирге ислесиўдиң ҳәзирги дәрежеси ҳәм Самарқандта болып өткен Түркий мәмлекетлер шөлкеми саммитиниң жуўмақлары жоқары баҳаланған.

Өзбекстан Республикасы Президенти

Уллы мәртебели Мырза

Шавкат Мирзиёевқа

Ҳүрметли Шавкат Миромонивич!

Бәринен бурын, Самарқандтағы Түркий мәмлекетлер шөлкеми саммити даўамында Түркменстан делегациясына көрсетилген шын кеўилден миймандослық ҳәм айрықша итибарыңыз ушын терең миннетдаршылық билдиремен.

Саммит шеңберинде Сиз бенен оғада мазмунлы, қызғын ҳәм исеним руўхында болып өткен ушырасыўымыз түркмен ҳәм өзбек халықлары арасындағы көп әсирлик туўысқанлық ҳәм жақсы қоңсышылық байланысларын және бир мәрте тастыйықлады. Биз бул қәдириятларды тек ғана сақлап қалдық емес, ал ҳәзирги күнге шекем жеткерип, мәмлекетлер аралық қатнасықлардың тийкарына айландырдық.

Түркийлер ҳәм улыўма жәҳән цивилизациясының бесиклеринен бири болған Самарқандта туўысқан халықларымыздың уқсаслығы тастыйықланғаны, дослық ҳәм барлық бағдарлардағы бирге ислесиўди және де беккемлеўге пәт бағышлағаны, глобал раўажланыўдың ҳәзирги жүдә қурамалы шараятларда түркий мәмлекетлердиң бирлиги, татыўлығы, бирге ислесиўиниң сиясий ҳәм ағартыўшылық тийкарлары беккемленгени терең символикалық мәниге ийе.

Сиз саммитте өзгеше миймандослық, өз-ара исеним ҳәм ашық-айдынлық орталығын жаратқаныңызды айрықша атап өтпекшимен. Илаждың табыслы өткени, айтылған мақсетлерге ерисилгени көп тәреплеме усы себепли болып есапланады.

Қатнасыўшы мәмлекетлер түркий дүнья идеяларына, өзине тән тарийхый жолына, дәстүр ҳәм үрп-әдетлердиң даўамлылығына, ата-бабаларымыздың мийрасы ҳәм улыўмалық тамырларымызға исенимли садықлығын тастыйықлағаны Самарқанд ушырасыўының ең әҳмийетли нәтийжеси болды.

Бул түсиниклер мәмлекетлеримиз арасындағы еки тәреплеме қатнасықларды толық билдиреди. Сизиң Түркменстанға, оның халқына болған ҳүрметиңиз, дослық ҳәм бирге ислесиўди беккемлеўге таярлығыңыз себепли мәмлекетимизде Сизге жоқары ҳүрмет пенен қарайды.

Түркмен ҳәм өзбек халықлары тек ғана қоңсы емес. Биз тили, мәденияты, дини менен байланысқан, өтмиш, бүгин ҳәм келешектеги бирден-бир тарийхын сезип атырған туўысқанлармыз. Бул ҳаққында сөз болғанда, үш әййемги нақылды келтирмекшимен:

– қоңсы келди – жәрдем келди;

– мийман атаңнан уллы;

– қыямет күни – қоңсыдан.

Өзбек досларымызға сезим-туйғыларымыздың түп мәниси, биргеликте қурыў, раўажланыў, өз-ара бирге ислесиўге байланыслы тәсирлеримиз мине усы мақалларда жәмленген.

Жақында Түркменстанда әмелге асырған рәсмий сапарыңыз ўақтында Сиз бенен өткен ушырасыўымызда, Самарқандтағы саммит шеңбериндеги мәресимде қолларыңыздан «Түркий дүньяның жоқары ордени»н алып атырғанымда усы ҳаққында көп ойладым. Билемен, Сиз, туўысқаным қоллап-қуўатлағаны ушын бул жоқары сыйлыққа еристим. Оның ушын терең миннетдаршылығымды қабыл етиң.

Ҳүрметли Шавкат Миромонович,

Түркменстан – Өзбекстан қатнасықларын беккемлеў ҳәм раўажландырыў жолында ислеп атырған барлық ҳәрекетлериңиз ушын рахмет. Сизиң Өзбекстанға басшылығыңыз даўамында сиясий, экономикалық, мәдений бирге ислесиўимиз сапа жағынан жаңа басқышқа көтерилди.

Бир қатар ири биргеликтеги инфраструктуралық жойбарлар әмелге асырылды, сыртқы сиясий тараўда, регионаллық ҳәм глобал турақлылық ҳәм қәўипсизликти тәмийинлеў бойынша бирге ислесиў механизмлери әмелде ислей баслады. Өзбекстан Түркменстанның бийтәреплиги ҳәм халықаралық басламаларды қоллап-қуўатлап атырғанын көрип турмыз ҳәм жоқары қәдирлеймиз. Мен буны Сиз бенен, Сизиң еки тәреплеме байланысларды раўажландырыўға айрықша итибарыңыз ҳәм қатнасыңыз, еки халық ҳәм мәмлекет арасындағы дослық ҳәм бирге ислесиўге садықлығыңыз бенен байланыстыраман.

Және бир мәрте Түркий мәмлекетлер шөлкеми саммитиниң табыслы өткерилгени менен қутлықлаўға ҳәм Түркменстан бәрқулла Өзбекстанның жанында туратуғынын, қатнасықларымыз тийкарындағы дөретиўшилик мақсетлерине қатаң әмел ететуғынын исендирип айтыўға руқсат еткейсиз.

Сизге, ҳүрметли Шавкат Миромонович, беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт ҳәм тынышлық, Өзбекстан жетекшилигинде, көп тәреплемели мәмлекетлик ҳәм сиясий жумысыңызда үлкен табыслар тилеймен.

Терең ҳүрмет ҳәм үлкен иззет пенен,

Гурбангули БЕРДИМУҲАМЕДОВ,
Түркменстан Миллий Кеңеси Халық Мәсләҳәти Баслығы

   *   *   *

Түркменстан Миллий Кеңеси

Халық Мәсләҳәти Баслығы

Уллы мәртебели Мырза

Гурбангули Бердимуҳамедовқа

Ҳүрметли Гурбангули Мяликгулиевич!

Қәдирдан достым!

Бәринен бурын, жақында елимизге әмелге асырған сапарыңыз мүнәсибети менен жоллаған қызғын хатыңыз, Өзбекстан ҳәм жеке мениң атыма билдирген жыллы пикирлериңиз сондай-ақ, жақсы тилеклериңиз ушын шын кеўлимнен миннетдаршылық билдиремен.

Усы жылдың 11-ноябринде Самарқандта болып өткен Түркий мәмлекетлер шөлкеми саммитинде Сиз, Уллы мәртебели Мырзаның жеке өзиңиздиң қатнасыўыңыз әнжуманның тарийхый әҳмийети ҳәм нәтийжелилигин және де арттырыўға шексиз үлес қосып, түркий шаңарақта туўысқан өзбек ҳәм түркмен халықларының дослық байланыслары қаншелли жоқары екенлигин анық көрсетти.

Хатыңызда билдиргениңиздей, әййемги ҳәм бийтәкирар Самарқанд қаласы мың жыллар даўамында Шығыс пенен Батысты тутастырып, түркий ҳәм жәҳән цивилизацияларын бир-бирине жақынластырып, ҳәр қыйлы мәдениятларды бирлестирип келген, бай мәдений-руўхый ғәзийнеси менен дүньяның раўажланыўына үлкен үлес қосқан.

Әсирлер даўамында бир-бирине жақын тыныш ҳәм татыў жасап келген туўысқан халықларымыздың бирлиги, аўызбиршилиги ҳәм мәңги дослығына, түркий мәмлекетлер интеграциясы ҳәм өз-ара тығыз бирге ислесиўине, Шөлкемимиздиң халықаралық майдандағы абырай-мәртебесин кескин арттырыўға теңсиз әмелий үлес қосып атырған Сиз, Уллы мәртебели Мырзаның «Түркий дүньяның уллы ордени» менен сыйлықланыўы барлық ағза ҳәм бақлаўшы мәмлекетлер халқы арасында жүдә үлкен қуўаныш ҳәм қанаатланыўшылық пенен қабыл етилди.

Бул уллы сыйлықтың салатантлы түрде берилиўи Сиздей дана ҳәм данышпан, ҳақыйқый пидайы, тәжирийбели ҳәм ўатансүйгиш мәмлекетлик ҳәм жәмийетлик ғайраткерге, баҳалы илимий ҳәм дөретиўшилик жумыс пенен келешек әўладлар ушын бай руўхый-ағартыўшылық мийрас жаратып атырған уллы шахсқа билдирилген шексиз ҳүрмет белгиси де болып есапланады.

Бул Түркменстанды түркий дүнья ҳәм Шөлкемимиз бенен және де жақынластыратуғыны ҳәм оның жумысында түркмен халқының кеңирек қатнасыўын тәмийинлеўге мүнәсип хызмет ететуғыны сөзсиз.

Саммит жуўмақлары келешекте Шөлкемимиз шеңбериндеги көп тәреплемели бирге ислесиўдиң имканиятларын ашыўға, регионда ҳәм халықаралық көлемде тынышлықты, өз-ара татыўлықты беккемлеўге, Түркий цивилизацияның жаңа Ояныў дәўирин баслаўға тийкар жаратқаны итибарлы.

Ҳүрметли Гурбангули Мяликулиевич!

Хатыңыз тийкарында Сизиң өзбек халқы ҳәм мәдениятына болған терең ҳүрметиңиз, тарийхый тамырлары, қәлби бирдей халықларымыз арасындағы әзелий байланысларды қәдирлеў ҳәм бирге ислесиўди раўажландырыўдай ийгиликли мақсетлер жәмленгенинен оғада қуўанышлыман.

Өзбек халқына туўысқан болған түркмен ели менен турақлы дослық байланыслары кейинги жыллары кең ен жайып атырғаны, жақын қоңсышылық қатнасықлары стратегиялық шерикликтиң жоқары дәрежесине көтерилгенин және бир мәрте атап өтиўди қәлер едим.

Сизиң сөзиңиз бенен айтқанда, «туўысқан еки халық»тың өз-ара пикирлеслиги, ашық руўхтағы ҳәм қызғын сөйлесиўи еллеримизге, биринши гезекте жас әўладларымызға ибрат ҳәм үлги болып хызмет етиўи сөзсиз.

Бул жақсы нийетлердиң белгиси сыпатында мен жақында ҳүрметли Президент Сердар Бердимуҳамедов пенен көркем Ашхабад қаласындағы «Ташкент» паркинде терек еккенбиз ҳәм бул жерде өз тойын белгилеп атырған жас шаңарақтың қуўанышына шерик болып, оларға пәтия бергенимизде терең символикалық мәни көремен.

Түркменстан менен өз-ара пайдалы бирге ислесиўимиз мисли көрилмеген дәрежеге көтерилгенин қанаатланыўшылық пенен атап өтиў орынлы. Усы күнлери Ташаўыз қаласында өзбек ҳәм түркмен халықлары дослығы фестивалының табыслы өткерилгени де бул пикиримди айқын дәлийллейди.

Пурсаттан пайдаланып, ҳүрметли Гурбангули Мяликгулиевич, Сизге беккем денсаўлық, шаңарақлық бахыт-ығбал ҳәм мақтанышлы жумысыңызда үлкен табыслар, дос түркмен халқына болса тынышлық–аманлық ҳәм турақлы раўажланыў тилеп қаламан.

Шын кеўилден ҳүрмет пенен,

Шавкат МИРЗИЁЕВ,
Өзбекстан Республикасы Президенти