Өзбекстан Республикасы Президентиниң 2022-жыл 25-октябрьдеги «2022-2023-жылларда мәҳәллелер инфраструктурасын және де жақсылаў бойынша қосымша илажлар ҳаққында»ғы қарарына муўапық, Тақыятас районы аймағында да бир қатар жумыслардың әмелге асырылыўы белгиленген.

Қарардың жойбар бағдарламалары шеңберинде әмелге асырылатуғын илажлардың жыйма параметрлерине муўапық, республикамыз бойынша жәми 252 мәҳәлледеги 259 объектте 293,7 миллиард сумлық жумыслардың әмелге асырылыўы белгиленген.

Қарардағы ишки жолларды оңлаў, халықтың ишимлик суў, электр энергиясы ҳәм газ тәмийнатына болған талабын қанаатландырыў, билимлендириў, денсаўлықты сақлаў, мәденият, спорт ҳәм басқа да инфраструктуралық объектлерден пайдаланыўды жақсылаў бойынша ўазыйпалар соған киреди.

Ҳәзирги ўақытта Халық депутатлары Тақыятас районлық Кеңесиниң депутатлары Б.Шапиев ҳәм Р.Хидирбаевлар райондағы шетки аймақ болған Қусшылық АПЖ да болып, усы қарарға муўапық әмелге асырылып атырған қурылыс жумыслары үстинен депутатлық ҳәм жәмийетлик қадағалаў жумысларын әмелге асырмақта.

Ол жерде қарар бойынша мәҳәллелерде инфраструктураны жақсылаўға байланыслы ең әҳмийетли мәселелерди системалы шешиў, атап айтқанда, орынлардағы ишки жоллар, ишимлик суў, көшелердиң түнги жақтыландырыў шырақлары ҳәм басқа да инфрастркутуралық объектлерди жақсылаў бойынша әмелге асырылып атырған жумыслар үйренилмекте.

Баслы мақсет – халыққа мүнәсип турмыс шараятларын жаратыў болып есапланады.

Қарақалпақстан хабар агентлиги