18-ноябрь күни Ташкент қаласында Олий Мажлис Сенаты мәжилислер залында Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының отыз бесинши жалпы мәжилиси болып өтти.

Онда Сенат, ҳүкимет ағзалары, министрликлер ҳәм уйымлардың ўәкиллери, Сенат жанындағы Жаслар парламенти ағзалары ҳәм ғалаба хабар қураллары хызметкерлери қатнасты.

Видеоконференцбайланыс түринде өткерилген жалпы мәжилисти Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоева алып барды.

Жалпы мәжилис Сенаттың YouTube тармағындағы бети арқалы тиккелей берип барылды.

Дәслеп сенаторлар  2022-2026-жылларға мөлшерленген Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясын «Инсан қәдирин улығлаў ҳәм белсенди мәҳәлле жылы»нда әмелге асырыўға байланыслы мәмлекетлик бағдарламаның  2022-жылдың 9 айының жуўмағы бойынша орынланыўы бойынша Ҳүкиметтиң есабатын тыңлады.

Атап айтқанда, бағдарламаның 607 бир пүтин ҳәм киши бәнтлеринде нәзерде тутылған тапсырмалардан 233 (33 процент) бәнт ҳәм киши бәнтлер толық орынланған болып, есап бериў дәўиринде 219 нормативлик-ҳуқықый ҳәм басқа да ҳүжжетлер қабыл етилген.

Ҳүкимет тәрепинен өз ўақтында көрилген илажлар нәтийжесинде өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда жалпы ишки өним көрсеткиши 105,8 процентти қураған.

Мәмлекетлик бюджеттиң жәми қәрежетлери 162,4 триллион сумды, соннан социаллық тараўларға қаратылған қәрежетлер 83,3 триллион сумды қураған. Әмелге асырылған жәми қәрежетлер өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 24,7 процентке артқан.

Есап бериў дәўиринде 1,9 миллион пуқараның дәраматлы мийнет пенен бәнтлиги тәмийинленген.

Хызметлер тараўын раўажландырыў бойынша 69,3 мыңнан аслам жаңа саўда ҳәм сервис объектлери иске қосылған болып, оларда мыңнан аслам халықтың бәнтлиги тәмийинленген.

«Жасыл экономика» технологияларын барлық тараўларға жедел енгизиў мақсетинде улыўма баҳасы 700 миллион доллардан артық болған сырт ел инвестицияларын тартыў есабынан Ташкент, Бухара ҳәм Хорезм ўәлаятларында қуўатлылығы 1 154 МВтға тең 5 электр станциялары иске қосылған.

Жол-транспорт коммуникацияларын және де раўажландырыў мақсетинде 5,8 триллион сум қаржылар есабынан жәми 15 мың 95 километр автомобиль жоллары және 104 көпир оңланған.

Социаллық ҳәм өндирислик инфраструктураны раўажландырыў бағдарламасы шеңберинде 2 762 объект ушын 23,8 триллион сум қаржы ажыратылған болып, есап бериў дәўиринде 466 мектеп, 163 мектепке шекемги билимлендириў, 63 медицина, 11 спорт объекти пайдаланыўға тапсырылған.

Басланғыш медициналық санитариялық жәрдем системасында 19,5 мың күндизги емлениў орынларының шөлкемлестирилиўи ҳәм олардың жумыс ўақтының 20Ү00 ге шекем создырылыўы нәтийжесинде поликлиникаларға мүрәжатлар саны 191 миллионды қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 4 миллионға артқан.

Социаллық қорғаўға мүтәж жаслардың 182,6 мыңы «Жаслар дәртери»не киргизилип, 135,4 мыңы социаллық-экономикалық қоллап-қуўатланған.

Соның менен бирге, мәжилисте сенаторлар тәрепинен Мәмлекетлик бағдарламаның орынланыўы бойынша жол қойылған айырым кемшиликлерге де тоқтап өтилди.

Соның ишинде, Бағдарламаның 286-бәнтинде атап өтилген ўазыйпа, яғный тәжирийбе түринде «Жаңа Ангрен ЫЭС»да Мыс еритиў заводларының патасландырыўшы дәреклеринен үлги алыў ҳәм таллаў бойынша автоматикалық станцияларды орнатыў жумыслары әмелге асырылмаған.

Бағдарламаның орынланыўын додалаўда сенаторлар халық тәрепинен көплеген наразылықларға себеп болып атырған мәселелерге айрықша итибар қаратты.

Додалаўлардан соң Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Сондай-ақ, сенаторлар дәрьялардың ултанларын тазалаў ҳәм жағалықларын беккемлеў, рудалық емес пайдалы қазылмаларды қазып алыўдың қоршаған орталық, суў ҳәм жол хожалығы объектлерине унамсыз тәсири бойынша Министрлер Кабинетине жиберилген парламентлик сораў нәтийжелерин додалады.

Ҳүкимет тәрепинен берилген мағлыўматқа бола, сораўда көтерилген кемшиликлерди сапластырыў мақсетинде Сенат жумысшы топары дүзилип, жағдай үйренилген.

^йрениў процесинде суў бассейнлеринде лицензия тийкарында қум-шағыл тас қазып алып атырған 94 исбилерменлик субъектинен 12 синде рудалық емес пайдалы қазылмаларды қазып алыў тәртиби, 25 инде лицензия шәртлери бузылғанлығы анықланған.

Дәрьялардың ултанларын тазалаў ҳәм рудалық емес қазылмаларды қазып алыўды қадағалаўдағы тийкарғы кемшиликлер тийисли шөлкемлер жумысының шөлкемлестириў-ҳуқықый тийкарлары менен байланыслы болса да, тараўдың нормативлик-ҳуқықый базасын жетилистириў жумыслары талап дәрежесинде әмелге асырылмаған. Лицензия ҳәм шәртанама тийкарында қазыў жумысларын айырым қәниге болмаған хызметкерлер алып бармақта. Ақыбетинде дәрья ултанларының тиклеп болмайтуғын жағдайға келиўине ҳәм олардың бағдарының өзгериўине тәсир етпекте.

Қум-шағыл тас өнимлери санаат усылында қазып алыныўы дәрья жағалықлары кеңлигиниң бес жүз метрден артып кетиўине себеп болмақта. Буннан тысқары, дәрья ултанлары белгиленген тереңликлерден төменге түсип кетип атырғанлығы нәтийжесинде жер асты душшы суўлары патасланып, суў көлеми төменлеп кетпекте.

Исбилерменлик субъектлери тәрепинен лицензия ямаса шәртнама мүддети тамам болғаннан соң кән ямаса участканы қабыл етип алыў тәртиби енгизилмеген.

Сондай-ақ, кән жумыслары жуўмақланғаннан соң бузылған жер майданларын рекультивациялаў ҳәм мәмлекет резервине қайтарыў бойынша талапты орынламаған субъектлерге нызамшылықта тәсир илажлары жоқ. Бул, өз гезегинде, дәрья ултанлары тәртипке келтирилмей, оның жағалықларын беккемлеў жумыслары орынланбай таслап кетилиўине, исбилерменлик субъектлерине берилген лицензия менен кең аймақ бириктирилгенлиги ақыбетинде дәрьялардың жағалықларынан қазыў жумысларының өткерилиўи ҳәм олардың бузылыўына себеп болмақта.

Сенаторлар додалаўлар даўамында тийисли шөлкемлердеги жумыстың шөлкемлестириў-ҳуқықый тийкарларындағы кемшиликлер, системалы машқалалардың сақланып қалып атырғаны, қум-шағыл таслардың нызамсыз қазып алыныўы нәтийжесинде тәбиятқа жеткерилген зыян муғдарын есап-санақ етиў механизми жоқ екенлигин атап өтип, нызамшылықтағы бослық ақыбетинде көрилип атырған тәсир илажларының нәтийжеси сезилмей атырғанын айрықша атап өтти.

Додалаў жуўмағында Сенаттың тийисли қарары қабыл етилди.

Буннан соң мәжилисте Өзбекстан Республикасы Мәмлекетлик бюджеттиң 2022-жылдың тоғыз айындағы орынланыўы бойынша Министрлер Кабинетиниң есабаты көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, ҳәзирги күнде дүнья экономикасында болып атырған қыйын процесслерге қарамастан 2022-жылдың 9 айында Өзбекстан экономикасында турақлы өсиў пәтлери сақлап қалынды.

Мәмлекетимизде жалпы ишки өним көлеми 2022-жылдың январь-сентябрь айларында өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 5,8 процентке өсип, 627 триллион 477 миллиард сумды қурады.

Экономикада структуралық өзгерислерди әмелге асырыў, инвестицияларды кеңнен тартыў, өндирислерди диверсификациялаў ҳәм исбилерменликти қоллап-қуўатлаў бойынша көрилип атырған нәтийжели илажлар нәтийжесинде халықтың реал дәраматлары 409,2 триллион сумды қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 10,7 процентке артқан.

Макроэкономикалық көрсеткишлердиң орынланыўы ҳәм әмелге асырылып атырған нәтийжели бюджет-салық сиясаты нәтийжесинде есап бериў дәўиринде Мәмлекетлик бюджет дәраматлары мәмлекетлик мақсетли қорларысыз 147,1 триллион сумды қурап, өткен жылдың усы дәўирине салыстырғанда 31,1 триллион сумға ямаса 26,8 процентке көбейип, жергиликли бюджетлер еркинде 6,5 триллион сум муғдарында қаржы қалдырылды.

Мәмлекетлик бюджеттиң усы жылдың 9 айындағы қәрежетлери мәмлекетлик мақсетли қорларысыз 162,4 триллион сумды ямаса ЖИӨге салыстырғанда 26,4 процентти қурады.

Сенат ағзалары додалаў процесинде тийкарғы итибарды 2022-жылдың 9 айында Мәмлекетлик бюджеттиң дәрамат ҳәм қәрежетлериниң орынланыўы, ажыратылған қаржылардың мақсетли жумсалыўы, сондай-ақ, Мәмлекетлик бюджет дәраматлары прогнозының орынланыўында салық ҳәм бажыхана төллемлериниң өндириўшеңлик дәрежесине қаратты.

Мәмлекетлик қаржылардан пайдаланыў нәтийжелилиги бойынша қурылыс тараўында өткерилген қадағалаў илажларында ҳақыйқатында орынланбаған қурылыс-оңлаў жумысларын есабатларға қосып жазыў, жойбарлаў-смета ҳүжжетлеринде қурылыс материалларын жоқары баҳаларда көрсетиў сыяқлы қәте-кемшиликлер анықланғаны атап өтилди.

Социаллық раўажландырыў бағдарындағы қаржылардың мәмлекетлик бағдарламаларда белгиленген илажларды қаржыландырыўға ажыратылған қаржылардың мақсетли өз мүддетинде ҳәм толық өзлестирилиўинде де айырым машқалалар менен қәтеликлер бар екенлиги атап өтилди.

Мәжилисте министрлик ҳәм уйымлар системасындағы ишки аудит хызмети жумысы нәтийжелилигиниң анализине де тоқтап өтилди. Атап айтқанда, еле бюджет қаржыларынан нызамсыз пайдаланыў жағдайларының алдын алыў бойынша жумыслар жетерли дәрежеде шөлкемлестирилмей атырғанлығы атап өтилди.

Сондай-ақ, министрликлер ҳәм уйымлар бюджет қәрежетлери ҳәм раўажландырыў бағдарламаларының мақсетли индикторлары орынланыўын таллаў ҳәм олардың нәтийжелилик дәрежеси есабатта өз көринисин таппағанлығы сенаторлар тәрепинен айрықша атап өтилди.

Буннан тысқары, жергиликли бюджетлердиң дәрамат базасын кеңейтиў ҳәм белгиленген прогноздан артықша түскен дәраматлардан мақсетли пайдаланыў бойынша жол қойылған кемшиликлер көрсетип өтилди.

Әсиресе, жергиликли бюджетлердиң қосымша қаржылары ҳәкимликлердиң бийликлери тийкарында халық депутатлары жергиликли Кеңеслериниң қарарларын қабыл етпей тиккелей жумсалыў жағдайларына жол қойылғаны анық мысаллар менен көрсетип өтилди.

Сенаторлар «Ашық бюджет» порталы арқалы жергиликли бюджеттиң прогноздан арттырып орынланған бөлими есабынан жәмийетлик пикирдиң есапқа алыныў жағдайы бойынша да мүнәсибет билдирип, бул бойынша ашық-айдынлықты ҳәм пуқаралардың кеңнен қатнасын тәмийинлеў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Есабатта мәмлекетлик сатып алыўларды әмелге асырыў процеси менен байланыслы унамлы жумыслар жарытылып, бул процесстеги қәте-кемшиликлер, машқалалар ҳәм олардың шешими бойынша анық усыныслар көрсетип өтилмегени сынға алынды.

Мәмлекетлик бюджет дәраматлары ҳәм қәрежетлериниң орынланыўын тәмийинлеўде және бюджет мәмлекетлик мақсетли қорларының қаржыларынан нәтийжели, мақсетли пайдаланыўда жол қойылған қәте-кемшиликлер ҳәм олардың шешимине қаратылған усыныслар билдирилди.

Додаланған мәселе бойынша анықланған кемшилик ҳәм машқалалардың шешими бойынша усыныслар сәўлеленген Сенаттың қарары қабыл етилди.

Жалпы мәжилисте Ташкент ўәлаяты ҳәм Ташкент қаласында жаңа жумыс орынларын жаратыў және халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарында әмелге асырылған жумыслар бойынша өткерилген үйрениў нәтийжелери додаланды.

Атап өтилгениндей, «мәҳәлле кесими»нде ислесиў системасы ҳәм ҳәким жәрдемшилери институтының енгизилиўи, аймақлардағы машқалалардың имканы болғанынша тезирек сапластырылыўы әҳмийетли мәселелердиң өз ўақтында толық шешилиўине тийкар жаратпақта.

Атап айтқанда, ҳәким жәрдемшилериниң усыныслары тийкарында шаңарақлық исбилерменликти раўажландырыў бағдарламалары шеңберинде 306 мың жойбарға 7,2 триллион сум жеңиллетилген кредит, 17,3 мыңға шамалас пуқараға исбилерменлик жумысын баслаў ҳәм қыйтақ жер хожалығында бәнт болыў мақсетинде 84,4 миллиард сум субсидия қаржылары ажыратылған. 326,5 мың адам бос жумыс орынларына жайластырылған ҳәм 112 мыңға шамалас пуқара кәсип-өнерге, исбилерменлик көнликпелерине оқытылған.

Додалаўлар процесинде аймақлық бағдарламалар шеңберинде Ташкент ўәлаятында 431 ҳәм Ташкент қаласында 128 инвестициялық жойбардың иске қосылғаны, соның нәтийжесинде 14,5 мыңнан аслам жаңа жумыс орны жаратылғаны атап өтилди. Ташкент ўәлаятында 49,9 мың ҳәм Ташкент қаласында 46,1 мың пуқара 70 тен аслам жумыс бағдарында өзин-өзи бәнт еткен.

Сенат ағзалары халықтың бәнтлигин тәмийинлеў бағдарындағы унамлы жумыслар менен бир қатарда айырым кемшилик ҳәм машқалалардың бар екенлигине, соның ишинде, айырым район (қала)ларда жыллық бәнтлик бағдарламасының орынланыўы артта қалып атырғанына, тийисли жумысларды муўапықластырып барыўшы штаблардың жумысы нәтийжели шөлкемлестирилмегенине итибар қаратты.

Атап өтилгениндей, жумыс орынлары ҳаққындағы улыўмалық есабатты қәлиплестириўде көрсеткишлердиң мәмлекетлик салық уйымлары ҳәм «Бирден-бир миллий мийнет системасы» уйымлараралық программалық-аппарат комплексиның мағлыўматлары базасына муўапықлығы толық тәмийинленбеген.

Сондай-ақ, «Уста-шәкирт» дәстүрлери тийкарында жасларға кәсип-өнер үйретип атырған өнерментлерге шәкиртлер таярлаў, зәрүр шийки зат сатып алыў ҳәм шәкиртлерди мийнет ҳақы менен тәмийинлеў мақсетинде халықты исбилерменликке тартыў қорынан субсидия қаржыларын ажыратыў системалы жолға қойылыўы зәрүр екенлиги, сондай-ақ, Ташкент ўәлаятындағы жер участкаларын «e-auksion.uz» электрон саўда платформасына жайластырыўды және де нәтийжели шөлкемлестириў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Әсиресе, қала ҳәм район Кеңеслеринде халық депутатлары жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў жумысларын системалы түрде ҳәр айдың нәтийжелери бойынша додалаў ҳәм тийисли илажлар көриўге байланыслы тәсиршең механизмлерди ислеп шығыў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Сенаторлар тәрепинен халық депутатлары район (қала)лық Кеңеслерине жаңа жумыс орынларын жаратыў, халықтың бәнтлигин тәмийинлеў мәселелерин мәҳәлле кесиминде ислесиў системасы тийкарында үйрениў ҳәм сессияларда сын көзқарастан додалаў, социаллық қорғаўға мүтәж ҳәм жумыс табыўда қыйналып атырған шахслар ушын бәнт етип қойылған (квота) жумыс орынларынан нәтийжели пайдаланыў бойынша усыныслар берилди.

Додалаўларда итибар берилген мәселелердиң шешимине байланыслы усыныслар Сенаттың қабыл еткен қарарында өз көринисин тапты.

Буннан соң Сенаттың отыз бесинши жалпы мәжилисинде «Измир шәртнамасын (Измир, 1996-жыл 14-сентябрь) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Сенаторлар бул Шәртнамаға 1996-жыл 14-сентябрьде 10 мәмлекет – Аўғанстан, Әзербайжан, Пакистан, Қырғызстан, Қазақстан, Тәжикстан, Түркия, Түркменстан, Иран ҳәм Өзбекстан тәрепинен қол қойылғанын ҳәм Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң (ЭБШ) шөлкемлестириў ҳүжжети екенлигин атап өтти.

Шәртнама Экономикалық бирге ислесиў шөлкеминиң шөлкемлестириў структурасын, оның мақсет ҳәм жумыс принциплерин, сондай-ақ, қаржы мәселелерин ҳәм шөлкемде қарарлар қабыл етиў тәртибин белгилейди.

Додалаў ўақтында сенаторлар Өзбекстан тәрепинен Измир Шәртнамасының ратификацияланыўы Экономикалық бирге ислесиў шөлкемине толық ағза болыў ушын ҳуқықый тийкар жарататуғынын, сондай-ақ, шөлкемге ағза мәмлекетлер менен кең түрде бирге ислесиў имканиятын беретуғынын атап өтти.

Өзбекстанның шөлкемде толық қатнасыўы сырт ел инвестицияларының көлемин арттырыў, транспорт-логистика жолларын кеңейтиў, соның ишинде, транзит тасыў тарифлерин бирдей етиў арқалы кеңейтиў, мәмлекет регионларының туристлерди тартыўды арттырыў имканиятын береди.

Додалаў жуўмақлары бойынша сенаторлар нызамды мақуллады.

Соң «Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети менен Түркия Республикасы Ҳүкимети арасында әскерий ҳадлы (рамкалы) Келисимди (Ташкент, 2022-жыл 29-март) ратификациялаў ҳаққында»ғы нызам көрип шығылды.

Атап өтилгениндей, бул Келисим 2022-жыл 29-март күни Түркия Республикасы Президентиниң Өзбекстанға сапары ўақтында қол қойылған. Келисим әскерий таярлық ҳәм әскерий билимлендириў, қорғаныў санаатының бирге ислесиўин раўажландырыў, логистика тараўындағы бирге ислесиў, картография ҳәм гидрография, миналар ҳәм жасалма жарылыўшы қурылмаларға қарсы гүресиў бойынша тәжирийбе алмасыў сыяқлы бағдарларда Өзбекстан ҳәм Түркия арасындағы бирге ислесиўди және де раўажландырыўға қаратылған.

Бул бағдарлардағы бирге ислесиў илажлары Өзбекстан Республикасы Қорғаныў министрлиги ҳәм Түркия Республикасы Миллий қорғаныў министрлигиниң жыллық режелерине киргизиледи.

Додалаў ўақтында Келисимниң ратификацияланыўы Мәмлекетлик бюджеттен қосымша қаржы ажыратыўды талап етпейтуғынын, Келисим шеңберинде шөлкемлестирилетуғын барлық илажлар болса ҳәр жылы Қорғаныў министрлигине ажыратылатуғын бюджет қаржылары шеңберинде әмелге асырылатуғыны атап өтилди.

Сенаторлар нызамды мақуллады.

Сондай-ақ, Олий Мажлис Сенатының 35-жалпы мәжилисинде сенаторлар «Өзбекстан Республикасы менен Қырғызстан Республикасы арасында өзбек-қырғыз Мәмлекетлик шегарасының айрықша участкалары ҳаққындағы Шәртнаманы (Бишкек, 2022-жыл 3-ноябрь) ратификациялаў ҳаққында»ғы ҳәм Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети менен Қырғызстан Республикасы Министрлер Кабинети арасында Әндижан (Кампирабад) суў сақлағышының суў ресурсларын биргеликте басқарыў ҳаққындағы Келисимди (Бишкек, 2022-жыл 3-ноябрь) ратификациялаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамларын көрип шықты.

Сенаторлар Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң басламалары себепли Орайлық Азия регионында пүткиллей жаңа сиясий орталық жаратылғанын айрықга атап өтти. Бурын улыўмалық мәплерге ерисиў жолында регион еллериниң өз-ара жақынласыўына тосқынлық болып келген көплеген машқалалы мәселелерди шешиўде алдыға умтылыў жүз берди.

Жалпы мәжилисте сенаторлар «Өзбекстан Республикасы менен Қырғызстан Республикасы арасында өзбек-қырғыз Мәмлекетлик шегарасының айрықша участкалары ҳаққындағы Шәртнаманы ратификациялаў ҳаққында»ғы соның менен бирге, Өзбекстан Республикасы Ҳүкимети менен Қырғызстан Республикасы Министрлер Кабинети арасында Әндижан (Кампирабад) суў сақлағышының суў ресурсларын биргеликте басқарыў ҳаққындағы Келисимди ратификациялаў ҳаққында»ғы Өзбекстан Республикасы нызамларын толық додалады.

Сенаторлар мәмлекетлик шегара менен байланыслы тартыслы мәселелердиң шешилиўи мәмлекетимиздиң миллий қәўипсизлигин тәмийинлеўде үлкен әҳмийетке ийе екенин атап өтти, себеби бул шегарадағы тартыслардың алдын алыў ҳәм нызамсыз саўдаға нәтийжели қарсы гүресиў имканиятын береди.

Өз гезегинде, Әндижан (Кампирабад) суў сақлағышынан биргеликте пайдаланыў мыңлаған фермер хожалықларын суў менен тәмийинлеўде исенимли кепилликлер жаратады.

Буннан тысқары, бул ҳүжжетлердиң қабыл етилиўи трансшегаралық суў ресурсларынан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм өз-ара қолайлы пайдаланыўға хызмет етиўи, еки тәреплеме бирге ислесиўди сапа жағынан жаңа басқышқа алып шығыўға имканият беретуғыны атап өтилди.

Толық додалаў жуўмақлары бойынша Сенат бул нызамларды мақуллаў ҳаққында қарарлар қабыл етти.

Усының менен  Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының 35-жалпы мәжилисиниң биринши күни жуўмақланды.

Өзбекстан Республикасы

Олий Мажлиси Сенатының

Мәлимлеме хызмети