Президент Шавкат Мирзиёев «Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбарының орынланыўын нәтийжели шөлкемлестириў, тоғай хожалығын басқарыўды оптималластырыўға байланыслы усыныслар менен танысты.

Тереклер ҳаўаның тазалығын тәмийинлейтуғын, елге сән бағышлайтуғын байлық болып табылады. Бундай аймақларды көбейтиў мақсетинде өткен жылы мәмлекетимиз басшысының басламасы менен «Жасыл мәкан» улыўмамиллий жойбары жәрияланған еди. Оның көлеминде ҳәр жылы 200 миллион түп терек ҳәм пута нәллерин егиў белгиленди. Елимиздеги жасыл майданларды ҳәзирги 8 проценттен 30 процентке арттырыў режелестирилди.

Өткен қысқа ўақытта Қарақалпақстан Республикасы ҳәм ўәлаятларда 535 гектар терекликлер, 638 гектар «жасыл жәмийетлик парклер» шөлкемлестирилди. Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитетинде «Жасыл аймақ» мәмлекетлик унитар кәрханасы дүзилип, зәрүр техникалар менен тәмийинленди.

Елимиздеги экологиялық жағдай ҳәм орынланған жумысларды таллаў бул ҳәрекетти буннан былай да кеңейтиў зәрүрлигин көрсетпекте. Атап айтқанда, атмосфера ҳаўасы ҳәр қыйлы химиялық затлар ҳәм аўыр металлар менен патасланған. Нәллер егиў ҳәм өсириў процесслеринде ҳәкимликлер менен Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитетиниң ўазыйпалары анық тастыйықланбаған.

Сонлықтан бул илажларға Тоғай хожалығы мәмлекетлик комитетин бирден-бир жуўапкер шөлкем етип белгилеў усыныс етилмекте. «Жасыл бағлар» ҳәм «жасыл жәмийетлик парклер»ди қурыў, тереклерди өсириў ҳәм оларды 3 жыл даўамында сақлаў «Жасыл аймақ» кәрханасы тәрепинен әмелге асырылатуғыны белгиленбекте.

Сондай-ақ, тереклер егилген жер майданларын анықлаў ҳәм жойбарластырыў, нәлханаларды көбейтиў, суўды үнемлейтуғын технологияларды енгизиў, тоғай хожалықларына арнаўлы техникалар сатып алыў илажларын көриў нәзерде тутылмақта.

Президент Шавкат Мирзиёев бул жумыслардың елимиз экологиясында ҳәм халқымыздың саламатлығында әҳмийетин атап өтип,  илажларды буннан былай да жетилистириў ўазыйпасын қойды.

 

ӨзА