21-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Қазақстан Республикасы Президенти Қасым-Жомарт Тоқаев пенен телефон арқалы сөйлесиўи болып өтти.

Мәмлекетимиз басшысы Қасым-Жомарт Тоқаевтың Қазақстан Республикасы Президенти улыўма халықлық сайлаўының табыслы өткени ҳәм онда исенимли жеңиске ерискени менен қызғын қутлықлады.

Өзбекстан-Қазақстан жақсы қоңсышылық, стратегиялық шериклик ҳәм аўқамласлық қатнасықларын және де беккемлеўдиң әҳмийетли мәселелери көрип шығылды.

Болажақ жоқары дәрежедеги ушырасыўларды таярлаўға айрықша итибар қаратылды.

Саўда, санаат, энергетика, транспорт ҳәм логистика, аўыл хожалығы сыяқлы тийкарғы бағдарларда ҳәм экономиканың басқа тармақларында әмелий бирге ислесиўди кеңейтиў әҳмийетли екенлиги атап өтилди.

Регионаллық бирге ислесиў мәселелери бойынша да пикир алысылды.

ӨзА