Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев 18-ноябрь күни Европа Аўқамының сыртқы ислер ҳәм қәўипсизлик сиясаты бойынша Жоқары ўәкили, Европа комиссиясы вице-президенти Жозеп Боррелди қабыллады.

Пандемиядан кейинги дәўирде жедел экономикалық тиклениў ҳәм регионлараралық байланыслылықты раўажландырыў мақсетинде Өзбекстан менен ЕА арасындағы шерикликти және де тереңлестириў мәселелери додаланды.

17-18-ноябрь күнлери Самарқанд қаласында болып өткен «Европа Аўқамы-Орайлық Азия» форматындағы министрлер ушырасыўы және «Турақлы раўажланыў ушын глобал дәрўаза» темасындағы өз-ара байланыслылық бойынша халықаралық конференцияның нәтийжели жуўмақлары жоқары баҳаланды. Мәмлекетимиз басшысы Европа дипломатиясы басшысына бул әҳмийетли илажларды қоллап-қуўатлағаны ҳәм оларда жеке өзи қатнасқаны ушын миннетдаршылық билдирди.

Жозеп Боррель, өз гезегинде, Өзбекстанның регионаллық бирге ислесиўди беккемлеў бағдарындағы сиясатын алғыслады ҳәм Орайлық Азия мәмлекетлери бул бойынша үлкен табысларға ерискенин атап өтти. Евроаўқамы буннан былай да регион мәмлекетлери менен сиясат, саўда, инвестиция, санластырыў, климат өзгериўи ҳәм қоршаған-орталық, илим ҳәм билимлендириў тараўларындағы бирге ислесиўди кеңейтиў нийетинде.

Регионаллық ҳәм халықаралық қәўипсизликтиң әҳмийетли машқалалары додаланып, Орайлық Азиядағы регионаллық бирге ислесиўге, соның ишинде, Аўғанстандағы жағдайдың раўажланыўына айрықша итибар қаратылды.

Самарқандтағы конференция жуўмақлары бойынша биргеликтеги «жол картасы»н ислеп шығыў ҳәм Өзбекстан Республикасы ҳәм Европа Аўқамы арасында кеңейтилген шериклик ҳәм бирге ислесиў ҳаққындағы келисимге тез ўақыт ишинде қол қойыўға келисип алынды.

ӨзА