Жаңа редакциядағы Мийнет кодекси 2021-жыл 14-октябрьде Олий Мажлис Нызамшылық палатасы тәрепинен қабыл етилип, 2022-жыл 17-мартта Сенат тәрепинен мақулланған еди. Бул нызамға быйыл 28-октябрь күни Өзбекстан Республикасы Президенти тәрепинен қол қойылды. Ҳүжжет рәсмий жәрияланған күннен баслап 6 ай өткеннен соң күшке киретуғыны белгиленген.

Жаңа редакциядғы Мийнет кодекси бир қатар жаңа тәртип-қағыйдаларды өзинде жәмлегени, ҳәзирги күнге бейимлестирилгени, бир қатар нызам ҳәм нормативлик-ҳуқықый ҳүжжетлердеги нормаларға үйлестирилгени менен айрықша әҳмийетке ийе. Мийнет қәўипсизлигин күшейтиўге қаратылған нормалар өз көринисин тапқан, бейимлестирилген жумыс режими деген түсиниклер киргизилди.

Кодексте жеке тәртиптеги мийнетке байланыслы қатнасықларды ҳәм олар менен тиккелей байланыслы болған социаллық қатнасықларды ҳуқықый жақтан тәртипке салыўдың тийкарғы принциплери белгиленген. Мийнет ҳуқықларының теңлиги, мийнет ҳәм хызметлер тараўында кемситиўди қадаған етиў, мийнет еркинлиги ҳәм мәжбүрий мийнетти қадаған етиў, мийнет тараўындағы социаллық шериклик, мийнет ҳуқықларының тәмийинлениўи ҳәм мийнет миннетлемелери орынланыўының кепилленгени, хызметкердиң ҳуқықый жағдайының төменлеўине жол қоймаўы сыяқлы принциплер солардың қатарына киреди.

Хызметкер ҳәм жумыс бериўшиниң ҳуқықлары менен миннетлемелери беккемлеп қойылды. Мәселен, хызметкер мийнетти қорғаў талапларына сәйкес келетуғын жумыс орнына ийе болыў, жумыс ўақты даўамлылығының шегарасын, айырым кәсиплердеги ҳәм категориялардағы хызметкерлер ушын қысқартылған жумыс ўақытын белгилеў, ҳәр 13 ҳәптелик дем алыс күнлери, ислемейтуғын байрам күнлери, сондай-ақ, жыллық мийнет дем алысларын бериў арқалы тәмийинленетуғын дем алыс сыяқлы бир қатар ҳуқықларға ийе.

Сондай-ақ жумыс бериўшиниң миннетлемелери де белгиленген болып, жумыс бериўши мәжбүрий мийнет ҳәм балалар мийнетиниң аўыр түрлериниң қолланылыўына жол қоймаўы, мийнетти қорғаўдың нормативлик талапларына муўапық болған мийнет қәўипсизлигин ҳәм шараятларын тәмийинлеўи зәрүр екенлиги өз көринисин тапқан.

Олий Мажлис Нызамшылық палатасының өткерилип атырған гезектеги мәжилисинде Спикер Н.Исмоилов дәслеп жаңа редакциядағы Мийнет кодексине тоқтап өтти. Оның әҳмийети, мазмун-мәнисине итибар қаратты. Спикер кодекстеги нормалардың тийкарғы бөлеги тиккелей ислейтуғын нормалар екенлигин, оны ислеў процесинде үлги нызам дәрежесине алып шығылғаны, яғный текстти юридикалық-техникалық ҳәм лигвистикалық жақтан талапларға жуўап беретуғынын, соның ушын үлги нызам деп атаў мүмкин екенлигин атап өтти.

Жаңа редакциядағы кодекстиң мәнисин кеңнен үгит-нәсиятлаў зәрүр. Бул бойынша депутатлық корпус тәрепинен орынларда семинарлар ҳәм түсиндириў жумыслары режелестирилип атырғаны айтылды. Онда мийнет жәмәәтлеринде тийисли жуўапкерлердиң қатнасыўында кодекс мазмун-мәнисин бойыншаа толық түсиник жумыслары алып барылады.

Муҳтарама КОМИЛОВА,
ӨзАның хабаршысы