Бүгин Олий Мажлис Сенаты дүньяның барлық мәмлекетлери, атап айтқанда, Европа мәмлекетлери парламентлери менен де бирге ислесиў байланысларын раўажландырып бармақта.

2022-жыл 1-ноябрь күни Өзбекстан Республикасы Олий Мажлиси Сенатының Баслығы Танзила Норбоеваның мәмлекетимизге келген Германия Федеративлик Республикасы Бундастегиниң «Германия-Орайлық Азия» парламентлик топары ағзалары менен ушырасыўы болып өтти.

Онда Өзбекстан ҳәм Германия арасындағы бирге ислесиўдиң ҳәзирги жағдайы ҳәм перспективалары, атап айтқанда, парламентлераралық байланысларды және де беккемлеў мәселелери додаланды.

Сөйлесиў ўақтында атап өтилгениндей, ҳәзирги ўақытта Өзбекстан менен Германия арасында барлық бағдарларда, соның ишинде, саўда, инвестициялық, мәдений-гуманитарлық тараўларда бирге ислесиў қатнасықлары кеңейип бармақта.

Кейинги жыллары еки тәреплеме парламентлераралық байланыслардың пәти сезилерли түрде жеделлести. Германия тәрепинен де бирге ислесиўге умтылыў күшейгенин атап өтиў зәрүр. Әлбетте, оған Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң ашық, конструктивлик ҳәм прагматикалық сыртқы сиясаты үлкен түртки берди.

2019-жылдың 21-январь күни Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Германияға рәсмий сапары шеңберинде Германия Бундестагиниң сол ўақыттағы басшысы Волфганг Шойбле менен ушырасыўы парламентлераралық бирге ислесиўдиң раўажланыўында үлкен әҳмийетке ийе.

Ушырасыў жуўмағы бойынша Өзбекстан Республикасы Олий Мажлисиниң Германия Бундестеги менен қол қойылған бирге ислесиў ҳаққындағы түсинисиў меморандумы парламентлер арасындағы қатнасықлардың ҳуқықый тийкарын тәмийинледи.

Сенат Баслығы Т.Норбоева немис парламентаризминиң бай тәжирийбеси менен дәстүрлерин атап өтип, Өзбекстан менен Германия арасындағы парламентлераралық байланысларды раўажландырыў зәрүр екенлигин, оның әҳмийетли бағдары Европа Аўқамының «Inter-Pares» жойбары шеңбериндеги өз-ара бирге ислесиў екенин атап өтти.

Т.Норбоева, сондай-ақ, парламенттиң мәмлекетлик басқарыў системасындағы ролин арттырыў бағдарында ерисилген унамлы нәтийжелер себепли Өзбекстан регионда усы бағдарламада қатнасқан биринши мәмлекет болғанын айрықша атап өтти.

Ушырасыўда тәреплер бундай ушырасыўлар форматы Өзбекстан-Германия қатнасықларында өз-ара пайдалы ҳәм ҳәр тәреплеме бирге ислесиўди беккемлеў жолында жаңа басқыштың басланыўы болып хызмет ететуғынын атап өтти.

Өз гезегинде, «Германия-Орайлық Азия» депутатлар топары басшысының орынбасары Робин Вагенер Германия Орайлық Азия регионының тийкарғы мәмлекети – Өзбекстан менен қатнасықларды раўажландырыўға айрықша итибар қарататуғынын атап өтти. Германияның өз-ара пайдалы байланысларды орнатыўдан мәпдарлығы сезилерли дәрежеде артыўына Өзбекстанда әмелге асырылып атырған жәмийетлик-сиясий реформалардың нәтийжелери, әмелге асырылып атырған ашық-айдынлық сиясаты, сыртқы экономикалық жумыстың түпкиликли либералласыўы, нызамшылықтың жетилискенлиги, сырт ел ҳәм жергиликли исбилерменлер ушын жаратылған қолайлы шараятлар көп тәреплеме жәрдем берди.

Робин Вагенер, сондай-ақ, Бундестаг ҳәм Өзбекстан Олий Мажлиси Сенаты арасында тығыз парламентлераралық байланысларды жолға қойыўға қаратылған делегациялардың Германия ҳәм Өзбекстанға өз-ара сапарларын әмелге асырыўдан мәпдар екенлигин билдирди.

Ушырасыўда Европа Аўқамының парламентлер потенциалын күшейтиў бойынша «Интер Парес» жойбарын әмелге асырыўда парламентлик жумыс тараўында тәжирийбе алмасыў, тийисли комитетлер ҳәм дослық топарларының басшылары дәрежесинде парламентлераралық байланысларды жеделлестириў, халықаралық парламент шөлкемлери шеңберинде тәреплердиң позицияларын өз-ара қоллап-қуўатлаў ҳәм муўапықластырыўға келисип алынды.

Қарақалпақстан хабар агентлиги