Ҳәзирги ўақытта орынларда депутатлар тәрепинен тараўларда әмелге асырылып атырған жумыслардың есабатлары тыңланып, бул өз гезегинде елимизде әмелге асырылып атырған реформаларды әмелге асырыўдың ашық-айдынлығын тәмийинлеўге, қадағаланыўына ҳәм нәтийжели болыўына хызмет етпекте.

Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиндеги депутатлық топардың гезектеги мәжилиси өткерилип, онда тийкарынан райондағы «Қашы» мәкан пуқаралар жыйынында әмелге асырылған жумыслар додаланды.

Оған тийисли тараў ўәкиллери, МПЖ белсендилери қатнасты.

Күн тәртибине муўапық, мәжилисте Қашы МПЖ баслығы, ҳәким жәрдемшиси, мәҳәлледеги ҳаял-қызлар белсендиси ҳәм жаслар жетекшилериниң быйыл 9 ай даўамында алып барған жумысларының есабы тыңланды.

Ушырасыўда Халық депутатлары Қоңырат районлық Кеңесиндеги ӨзЛиДеП депутатлық топарының баслығы Г.Ембергенова тәрепинен мәмлекетимизде соңғы жылларда әмелге асырылып атырған жумыслар, исбилерменликти раўажландырыў бағдарында қабыл етилип атырған қарар ҳәм пәрманлар туўралы да кең түрде мағлыўматлар берилди.

Сондай-ақ, аймақта «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде әмелге асырылатуғын абаданластырыў ҳәм көклемзарластырыў жумыслары додаланып, пикир-усыныслар билдирилди.

Ушырасыў даўамында мәҳәлле белсендилери тәрепинен ишимлик суў, асфальт ҳәм мектепке шекемги билимлендириў шөлкемлери бойынша мүрәжатлары да тыңланып, оларда көрсетилген мәселелердиң шешилиўи депутатлар ҳәм жуўапкер тараў басшылары тәрепинен қадағалаўға алынды.

 

Қарақалпақстан хабар агентлиги.