Президент Шавкат Мирзиёев 24-октябрь күни гүзги-қысқы мәўсимде экономика тармақлары ҳәм социаллық тараў мәкемелериниң турақлы ислеўин тәмийинлеў бойынша мәжилис өткерди.

Усы жыл 23-сентябрьде бул ҳаққында Министрлер Кабинетиниң қарары қабыл етилген еди. Ҳәр бир ўәлаят, район ҳәм бағдарлар кесиминде өз алдына реже-кестелер ҳәм илажлар ислеп шығылып, дәреклери белгиленген.

Мәжилисте энергетика министри ҳәм ўәлаят ҳәкимлери бул бағдарда орынланған жумыслар бойынша есап берди.

Атап өтилгениндей, халықты, бәринен бурын электр энергиясы менен үзликсиз тәмиийнлеў илажлары көрилмекте. Бул ушын IV шеректе 21 миллиард киловатт саат, келеси жылдың басынан дерлик 22 миллиард киловатт саат электр ислеп шығарыў режелестирилген. Сондай-ақ, гүзги-қысқы мәўсимде халыққа 10 миллиард куб метр тәбийғый газ жеткерип берилиўи белгиленген.

Мәмлекетимиз басшысы бул процессте ысырапкершиликке жол қоймаў ушын газ қудықларынан тутыныўшыға шекемги системаны толық санластырыў бойынша көрсетпе берди.

Тәбийғый газ тармағынан узақтағы аўыллар, социаллық объектлерге суйылтырылған газ ҳәм көмир жеткерип бериледи. Президентимиз қайсы аймаққа және қосымша резерв керек болса, тәмийинлеп берилетуғынын атап өтти.

– Барлық тармақ ҳәм аймақ басшылары бул мәселеде жуўапкершиликти еки есеге арттырып, халықты разы етиўи, ҳеш бир мүрәжатты итибарсыз қалдырмай, оператив түрде шешиўи  керек, – деди Шавкат Мирзиёев.

Энергетика министрлигине халықтың энергия дәреклери менен тәмийинлениў жағдайын, реал ўақыт тәртибинде турақлы қадағалап барыў тапсырылды. Жүзеге келетуғын машқалаларды сапластырыўда «колл-орай»лар аймақлық жумысшы топарлардың жумысы әҳмийетли екенни атап өтилди.

Энергия дәреклерин үнемлеў мәселесине айрықша итибар қаратылды. Дүньяда энергетика тараўында жүз берип атырған машқалалар регионымызға да тәсир етип атырғаны, бундай жағдайда үнемлилик әҳмийетли екени атап өтилди. Сонлықтан барлық мәкемелерде энергия үнемлейтуғын технологиялар орнатыў, адамлардың жуўапкершилигин арттырыў зәрүрлиги атап өтилди.

Мәжилисте кәрханалардың қаржы жағдайын жақсылаў, коммерциялық банклердиң турақлылығын арттырыў мәселелерине тоқтап өтилди. Кредитлер есабынан иске түсирилген жойбарларды толық қуўатлылыққа алып шығып, олардың мүддети өткен қарыздарлығын азайтыўға жәрдемлесиў бойынша тапсырмалар берилди.

ӨзА