Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркменстан Президенти Сердар Бердимуҳамедовтың мирәт етиўине бола рәсмий сапар менен усы мәмлекетке келди.

Ашхабад халықаралық аэропортында мәмлекетимиз басшысын Түркменстан Министрлер Кабинети Баслығының орынбасары Ботир Атдаев ҳәм басқа да рәсмий адамлар күтип алды.

Қысқа сәўбеттен соң Өзбекстан Президенти өзи ушын ажыратылған резиденцияға жол алды.

Сапардың тийкарғы илажлары бүгин, 21-октябрь күни болып өтеди.

ӨзА