Азияда бирге ислесиў ҳәм исеним илажлары бойынша саммит шеңберинде Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Түркия Республикасы Президенти Режеп Таййип Эрдоған менен ушырасыў өткерди.

Кең көлемли стратегиялық шериклик қатнасықлары ҳәм көп қырлы бирге ислесиўди және де беккемлеў бойынша жоқары дәрежеде ерисилген келисимлердиң әмелге асырылыўы көрип шығылды.

Биргеликтеги инвестициялық жойбарларды алға қойыў ҳәм жаңа исбилерменлик басламаларын әмелге асырыў, Түркия жетекши компанияларының мәмлекетимиздеги мәмлекетлик кәрханаларды меншиклестириў процесиндеги қатнасына айрықша итибар қаратылды.

Жедел гуманитарлық алмасыўларды, бәринен бурын, мәденият ҳәм билимлендириў тараўларында даўам еттириў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Усы жылы ноябрь айында Самарқанд қаласында өткерилетуғын Түркий мәмлекетлер шөлкемине таярлық мәселелери додаланды. Министрлердиң «Өзбекстан-Түркия-Әзербайжан» форматындағы турақлы ушырасыўлары шеңберинде нәтийжели сөйлесиўди кеңейтиўге келисип алынды.

ӨзА