Аўғанстандағы жағдай айрықша итибарды талап етпекте. «Тилекке қарсы, басқа да айрықша халықаралық машқалалар қалқып шығыўы нәтийжесинде Аўғанстан мәселеси екинши дәрежеге түсип қалмақта.

Отыз жыл алдын бул мәмлекет әмелде халықаралық терроршылық мәканына айланып қалғанына байланыслы ашық тәжирийбе қайта тәкирарланыўына ҳасла жол қойып болмайды.

Аўғанстанның ўақытша ҳүкимети менен өз-ара бирге ислесиў бойынша улыўмалық ҳәм муўапықластырылған қатнасларды ислеп шығыўымыз зәрүр.

Аўған машқаласы бойынша кең консенсусқа ерисиў ҳәм глобал дәрежеде әмелий илажларды қабыл етиў мақсетинде Аўғанстан ҳүкимети менен тәреплердиң миннетлемелерин басқышпа-басқыш орынлаў алгортимин таярлаў ҳәм келисиў зәрүр. Оның ушын жоқары дәрежедеги халықаралық сөйлесиў алып барыўшы топарды қәлиплестириў ҳаққындағы баслама билдирилген. Азия мәмлекетлериниң Бирлескен Миллетлер Шөлкеми Бас Ассамблеясына биргеликтеги мүрәжатының имканиятларын көрип шығыўды усыныс етемиз».

Қарақалпақстан хабар агентлиги