Нызамшылыққа муўапық, майыплық пенсиялары, соның ишинде, жумыс стажы толық болмаған ўақыттағы майыплық пенсиясы ҳәм мийнетке жарамсыз пуқараларға берилетуғын майыплық напақасының ең аз муғдары 698 сум етип белгиленген.

Басқалардың күтимине мүтәж майып болған 18 жасқа шекемги балалардың тәрбиясы менен бәнт болғанларға ҳәр айда 500 000 сум муғдарында напақа төлеми төленеди.

Тәрбиялаў напақасы пуқаралардың Мәмлекетлик хызметлер ямаса Бирден-бир интерактив мәмлекетлик хызметлер порталына еткен мүрәжаты тийкарында бюджеттен тысқары Пенсия қорының район (қала)лық бөлимлери тәрепинен тайынланады ҳәм төленеди.

Қарақалпақстан хабар агентлиги