Министрлер Кабинетиниң «Жүзим жетистириўшилердиң республикалық таңлаўын өткериў тәртиби ҳаққындағы режени тастыйықлаў ҳаққында»ғы қарары кабыл етилди.

Ҳүжжет Президенттиң «Жүзимгершиликти раўажландырыўда кластер системасын енгизиў, тараўға алдынғы технологияларды тартыўды мәмлекет тәрепинен қоллап-қуўатлаўдың қосымша илажлары ҳаққында»ғы қарарына муўапық ислеп шығылған.

2023-жылдан баслап ҳәр еки жылда бир мәрте сентябрь айында жүзимгершилик бағдарында төмендеги номинациялар бойынша өткерилетуғын республикалық таңлаў шөлкемлестириледи: «Ең жақсы жүзим сорты», «Ең жақсы жергиликли жүзим сорты».

Жүзим жетистириўшилердиң республикалық таңлаўын өткериў тәртиби ҳаққындағы реже тастыйықланды. Онда төмендегилер бойынша тәртип белгиленди: таңлаўды өткериў бойынша шөлкемлестириў комитетиниң жумысын шөлкемлестириў; таңлаў қатнасыўшыларын таңлаў (олар жүзим жетистириў менен шуғылланатуғын юридикалық тәреплер болыўы мүмкин); таңлаў қатнасыўшыларын баҳалаў, жеңимпаз ҳәм сыйлы орын ийелерин сыйлықлаў.

Таңлаў жеңимпазларын ақшалай сыйлықлар ҳәм басқа да естелик саўғалары менен сыйлықлаў Мәҳәлле ҳәм нуранийларды қоллап-қуўатлаў министрлиги, Аўыл хожалығы министрлиги, Фермер, дийқан хожалықлары ҳәм қыйтақ жер ийелери кеңесиниң бюджеттен тысқары қаржылары есабынан қаржыландырылады.

Сыйлықлар төмендеги тәризде бөлистириледи: 1-орын – 100 БЕМ; 2-орын – 75 БЕМ; 3-орын – 50 БЕМ.

Қарақалпақстан хабар агентлиги