Жақында республикамызда ҳаял-қызлардың машқалаларын системалы түрде шешиў, оларды социаллық жақтан қоллап-қуўатлаў бойынша республикалық комиссиясы тәрепинен өткерилип киятырған «Ең жақсы сектор баслығы», «Ең жақсы мәҳәлле баслығы», Ең жақсы ҳәким жәрдемшиси», «Ең жақсы жаслар жетекшиси», «Ең жақсы ҳаял-қызлар белсендиси» ҳәм «Ең үлгили жумыс бериўши ҳаял» таңлаўларының Қарақалпақстан Республикалық басқышы жеңимпазлары анықланған еди.

Онда «Ең жақсы мәҳәлле баслығы» номинациясы бойынша Кегейли районы “Гүжимтерек” мәкан пуқаралар жыйыны баслығы Бахтияр Жумамуратов жеңимпазлар қатарынан орын ийелеп, Қарақалпақстан Республикасы Жоқарғы Кеңеси тәрепинен ақшалай сыйлық ҳәм естелик саўғалар менен сыйлықланды.

Бизлер жақында усы аймақта болып жыйынның бүгинги турмысы менен таныстық.

-Жыйын аймағы Халқабад посёлкасы орайында жайласқан болып, бүгинги күни 830 хожалықта 4278 халық тыныш-татыў өмир сүрмекте,-дейди бизге Гүжимтерек мәкан пуқаралар жыйыны баслығы Бахтияр Жумамуратов.-Аймағымызда 1 улыўма орта билим бериў мектеби, 1 кәсип-өнер мектеби, 2 балалар бақшасы, емлеўхана, поликлиника ҳәм 26 исбилерменлик субьектлери жумыс алып бармақта. 2019-жылы жыйын аймағында «Абат мәҳәлле» мәмлекетлик бағдарламасы, 2021-жылы «Аўыр аймаққа» киргизилип усы бағдарламалар тийкарында кең көлемли қурылыс ҳәм абаданластырыў жумыслары әмелге асырылды. Атап айтқанда, 7,2 км аралықтағы ишки жолларға шағыл тас, 500 метрге асфальт төселген болса, 6,4 км аралыққа ишимлик суў тармақлары тартылды. 2,4 км аралықтағы тротуарлар бетонланып, 1,4 км аралыққа түнги жақтыландырыў үскенелери орнатылды. Сондай-ақ, 3,5 км аралыққа жаңадан электр линиялары тартылып, 2 трансформатор қурылды. Буннан тысқары Әндижан ўәлаяты Улығнар районының қәўендерлигинде 7 көшеге шағыл тас төселип, жақтыландырыў үскенелери орнатылды ҳәм 130 үйдиң сыртқы фасады ислеп берилди. Соның менен бирге, аймағымызда жасаўшы исбилермен Данияр Толыбаев тәрепинен «Гүлистан» ҳәм «Гүлбағ» көшелерине шағыл тас төсеп берилди.

Усылар менен бир қатарда аймақта жыйын хызметкерлери тәрепинен халықты социаллық жақтан қорғаў, олардың жумыс пенен бәнтлигин тәмийинлеўге де айрықша итибар қаратылып келинбекте. Атап айтқанда, «Темир дәптер»де дизимде турған Зинахан Тилеўкееваның үйине ишимлик суў тартылып, жаңадан газ плита ҳәм үй-буйымлары алып берилди. Ал, Муратбай Ережеповтың баласының мобилизациялық әскерий хызметиниң төлем пуллары төлеп берилди. Сондай-ақ, «Ҳаял-қызлар дәптери»деги 4 кем тәмийинленген шаңарақ үйлерине ишимлик суў тартып берилген болса, 12 ҳаял-қызға жеңилликли кредитлер алып берилип, биреўи турақлы, жигирмасы жәмийетлик, жигирма бири мәўсимлик жумысларға орналастырылды. 18 ҳаял-қыз бийпул медициналық тексериўден өткерилип, оларға психологиялық ҳәм ҳуқықый мәсләҳәтлер берилди. Сегизи кәсипке қайта таярлаў бойынша оқытылып, екеўиниң ижара пуллары төлеп берилди.

-Жыйын аймағында 38 жасты «Жаслар дәптери»не дизимге алғанбыз,-дейди  жаслар жетекшиси Байрамбай Сарсенбаев.-Оларды руўхый ҳәм материаллы жақтан қоллап-қуўатлаў мақсетинде, 7 жасқа 186 млн 342 мың сум жеңилликли кредитлер алып берилген болса, 6 жасқа субсидия пуллары ажыратылды. Жоқары оқыў орынларында оқыйтуғын 4 жастың шәртнама төлемлери, 2 жастың мобилизациялық әскерий хызметиниң төлем ақшалары төлеп берилди. Сондай-ақ, 3 жас жәмийетлик жумысларға тартылып, 4 жасқа Қумшүңгил аўыл пуқаралар жыйыны аймағынан 3,5 гектар егислик жер алып берилди.

Усылар менен бир қатарда, аймақта жаслардың спорт ҳәм көркем өнер менен шуғылланыўына итибар қаратылып келинбекте. Атап айтқанда, «Бес баслама олимпиадасы» шеңберинде өткерилген жарыста аймақтың қызлары стол тенниси бойынша өткерилген жарыста Қарақалпақстанда 1-орынды ийелеп, Сырдәрья ўәлаятында өткерилген жуўмақлаўшы басқышқа қатнасып қайтты. Ал, Гүлжамал Еркинбаева болса, бақсышылық бағдарында районда жеңимпаз атанып, ҳәзирги күнлери республикалық басқышқа қатнасыўға қызғын таярлықлар көрмекте.

Жуўмақлап айтатуғын болсақ, «Ең жақсы мәҳәлле баслығы» номинациясы бойынша жеңимпаз атанған “Гүжимтерек” мәкан пуқаралар жыйынында көплеген унамлы жумыслар әмелге асырылып, олар халық алғысына миясар болмақта.

А.Оразов,

Қарақалпақстан хабар агентлиги шолыўшысы