Президент Шавкат Мирзиёев аўыл хожалығындағы жумыслардың жағдайы, халықтың турмысы менен танысыў мақсетинде 6-октябрь күни Сырдәрья ўәлаятында болды.

Быйыл ўәлаяттың 75 мың гектар майданында пахта жетистирилди. Ҳәзирги ўақытта дерлик 80 мың гектар жерге ғәлле егилмекте.

Мәмлекетимиз басшысы дәслеп Сырдәрья районындағы «Арслон бобо» ҳәм «Омонбой ўғли Тугал» фермер хожалықларының атызларын көзден өткерди.

«Арслон бобо» фермер хожалығының жер майданы 90 гектар болып, быйыл ғәлледен 80 центнерден өним алынған. Ҳәзир пахта терими қызғын. Сондай-ақ, картошка, мәш, гешир, пияз сыяқлы қайтадан егилетуғын егинлер де жетистирилип, базарға қосымша өним шығырылмақта.

«Омонбой ўғли Тугал» фермер хожалығы 62 гектарда дийқаншылық етеди. Бул жерде де ғәлле өнимдарлығы 80 центнер болған. Ғөрек саны ҳәм теримниң барысына қарағанда, пахтаның да «қырманы бәлент».

Бул қоңсы хожалықларда жерлер лазерли үскене жәрдеминде тегисленгени нәтийжесинде суў алдынғыға қарағанда 30-40 процентке үнемленбекте, суўғарыў ўақыты да қысқарған. Насослар қуяш панеллери қуўатлылығында ислейди. «Жасыл мәкан» улыўма миллий жойбары шеңберинде атыз шетлерине тут, жүзим, қаратал ҳәм басқа да нәллер егилген.

Президентимиз бул жерде сырдәрьялы фермерлер, нураныйлар менен сөйлести.

-Халқымыз «меҳир көзде» дегениндей, сизлер менен көрисип, ҳармаңлар деп келдим,-деди Шавкат Мирзиёев. – Әдил төреши болса, айтыў мүмкин, Сырдәрьяда да өзгерис болып атыр. Бирақ заман сондай жеделлик пенен өтип атыр, адамлардың нийетлери илгерилеп бармақта. Соған жараса, шараят жаратыў, халқымыздың талабын қанаатландырыў ушын жаңадан-жаңа режелер дүзиўимиз керек. Бүгин әзиз Сырдәрья халқына рахметр айтыў менен бирге, ерисилип атырған нәтийжелер турақлы болыўы районлардың, адамлардың бири еки болыўы ушын зәрүр бағдарларды белгилеўге келдик.

Фермерлер аўыл хожалығында имканиятлар кеңейип, мәпдарлық артқаны, мәжбүрий мийнеттиң сапластырылғаны, қосымша өнимлер жетистирилип атырғанын айтты.

-Жер-халқымыздың ырысқы-несийбе дәреги. Бир ўақытлары пахта атызынан бир гектар ажыратыў жынаят еди, қайта егис қадаған етилетуғын еди. Мине, ҳәзир 80 мың гектар пахта ҳәм ғәлле майданларын халыққа бердик, еле және беремиз. Олардан алынған өним де халқымыздики. Базарға өним, шаңарақларға дәрамат болады. Бүгин республикадан келген басшылар ҳәм ҳәкимлер және 7,5 мың гектар жер ажыратылса, Сырдәрья ўәлаятында жумыссызлықты жоқ етиў бойынша усыныс берип атыр. Мен оны, әлбетте, қоллап-қуўатладым, -деди Президент.

Мәмлекетимиз басшысы бул жерде дийқаншылық етип атырған жаслар менен де сөйлести. Олар усы фермер хожалықларының атызынан 0,5 гектардан жер алып, мәш, гешир, пияз, чеснок жетистирип атырғанын айтып берди. Буннан алған дәраматы есабынан университете оқыў, үйин пүтинлеў режелерин билдирди.

Президентимиз Сайҳунабад районындағы «Шукроналик мўъжизалары» фермер хожалығының атызында да болды.

Хожалықтың улыўма жер майданы 70 гектар. Усы жылы 25 гектарға пахта, 45 гектарға ғәлле егилди. Зүрәәтлик мийнетке жараса-жоқары.

Мәмлекетимизде қайсы өним көбирек дәрамат келтирсе, соны егиўге итибар артып атырғаны да аўыл хожалығында жақсы нәтийже бермекте. Бул фермер хожалығы да ғәлледен босаған майданнан жақсы дәрамат алады. Атап айтқанда, быйыл 45 гектар майданға қайта егилетуғын егин сыпатында мәш егилген. Хожалық жумысы менен танысыў ўақтында бел егинди жетистириў бойынша сырт ел тәжирийбесин үйрениў, өнимдарлықты арттырыў ушын илимий тийкарланған қатнасларды қолланыў зәрүр екенлиги көрсетип өтилди.

Бул жерде аўыл хожалығы тараўының ўәкиллери ҳәм жуўапкерлери менен сәўбет болып өтти. Мәмлекетимиз басшысы инновация ҳәм сорт есабынан зүрәәтликти арттырыў, суўдан ақылға уғрас пайдаланыў ҳәм есабын жүргизиў зәрүр екенлигин атап өтти.

Жумыс процеси даўамында мүнәсип жасаў ҳәм мийнет етиў шараятына ийе болыў нәтийжелиликти арттырады. Бул аўыл хожалығы тараўында да әҳмийетли болып есапланады.

Президент мийнеткешлер, атап айтқанда, фермерлердиң көп ўақыты атызда өтетуғынына  итибар қаратты. Соны есапқа алып фермер ҳәм оның шаңарағы, жумысшылар ушын атызда ықшам кишкене турақ жайлар қурыў усынысын берди. Бундай ықшам турақ жайлар электр менен тәмийинлениўи, жасаў ушын барлық шараятларға ийе болыўы керек екенлигин айтты.

Бул турақ жайлар мәўсимлик болмаўы, фермер қәлеген ўақытта – төрт мәўсимде де жумыстан артқан ўақытта жол басып үйине бармастан, усы жердиң өзинде бираз дем алатуғын орын болыўы зәрүр екенлиги атап өтилди. Жуўапкерлерге бундай жайларды шөлкемлестириўде нелерге итибар қаратыў зәрүр екенлиги, фермерлер ушын бул бойынша аз процентли кредитлер ажыратылыўы зәрүр екенлиги ҳаққында тапсырмалар берилди.

Президент Шавкат Мирзиёев Сайҳунабад районындағы «Политекс Сырдәрья» пахта-тоқымашылық кластери кәрханасын барып көрди.

Алдын Сайҳунабад районында санаат улыўма жоқ еди, тек ғана пахта егилетуғын еди. Аўыл хожалығындағы жаңаланыўлар, кластер системасы нәтийжесинде бул жерде де санаат пайда болды. Ҳәзир тек ғана пахтадан жип, ийирилген жип, гезлеме, таяр кийимлер, шигиттен май, сабын, азықлық ҳәм басқа да өнимлер ислеп шығарылмақта.

Атап айтқанда, «Политекс Сырдәрья» кластериниң тоқымашылық кәрханасында да ийирилген жип ислеп шығарыў жолға қойылған. Германия технологиясы алып келинип орнатылып, 700 жумыс орны жаратылған. Кәрхананың жыллық қуўатлылығы 7 мың тонна болып, усы жылдың өткен дәўиринде Қытай, Түркия ҳәм Бангладеш мәмлекетлерине 2,5 миллион долларлық өним экспорт етилген.

Сондай-ақ, кластер жанында жылына 30 мың тонна май таярланатуғын кәрхана да бар. Онда 100 адамның бәнтлиги тәмийинленген.

Мәмлекетимиз басшысы «Политекс Сырдәрья» кластериниң тоқымашылық кәрханасында ийирилген жип ислеп шығарыў процеси менен танысты, жумысшылар менен сөйлести.

Бул жерде Сырдәрья ўәлаяты тоқымашылық кәрханаларында ислеп шығарылып атырған өнимлер көрсетилди. Ҳәзирги күнде ўәлаятта 9 пахта-тоқымашылық кластери жумыс алып бармақта. Быйыл 268 мың тонна пахта шийки затын жетистириў режелестирилген. Оның жүз проценти аймақтың өзинде қайта исленеди.

Президентимиз ғалаба хабар қуралларының ўәкиллери менен де сөйлести.

– Бүгин Сырдәрьяға келиўден тийкарғы мақсетимиз-ўәлаяттың халқы толық жумыс пенен тәмийинленген аймаққа айландырыў нормаларын белгилеў,-деди Шавкат Мирзиёев. – Биринши норма, Сырдәрья шараятында, бул-жер. Кластер ийелериниң көзқарасы өзгерип атыр, сапаға ҳәрекет етип атыр, дәраматы артып атыр. Енди олар халық мәпине хызмет етиўи керек. Бул мәп биринши гезекте жумыс орны. Мәселен, халыққа дийқаншылық ушын жер ажыратыў арқалы 100 мың жумыс орнын жаратыў мөлшерленип атыр. Екиншиден, бул жерлерге не дәраматлы болса, соны егиў бойынша еркинлик бериледи. Ким базарды түсинип, көбирек мийнет етсе, нақ дәрамат алады. Және бир әҳмийетли тәрепи, егер Сырдәрья ўәлаятында жумыссызлықты сапластыра алсақ, бул басқа аймақлар ушын үлги болады.

Сайҳунабад районында Сырдәрья ўәлаятын экономикалық-социаллық раўажландырыў илажлары бойынша мәжилис өткерилди.

Онда тийкарғы итибар жумыс орынларын көбейтиў, исбилерменликти раўажландырыў ҳәм азық-аўқат қәўипсизлигин тәмийинлеў мәселелерине қаратылды.

Сырдәрья ўәлаятында  35 мың жумыссыз, 42 мың сырт елге жумысқа кеткенлер бар. Мийнет базарына кирип киятырған жасларды да есапқа алып, 100 мың жумыс орнын жаратыў зәрүр. Оның ушын пахта майданлары қысқартылып, бул жерлер халыққа бөлип берилетуғыны атап өтилди.

Бирақ, бул қысқарыў орнын өнимдарлықты 2-3 есеге арттырыў есабынан қаплаў, Пахташылық кеңеси ҳәм илимпазлар менен ислесиў зәрүр екенлиги атап өтилди.

Азық-аўқат жетистириўши дийқанлардың кредити ушын қосымша  300 миллиард сум ажыратылмақта. Енди дийқанлар 150 миллион сумға шекем кредит алады. Булар келеси жылы Сырдәрья халқы ушын 45 мың жумыс орнын жаратыўға тийкар болады.

Сондай-ақ, 5 мың гектар егислик майданында суўғарыў системасын жақсылаўға бюджеттен 40 миллиард сум ажыратылады.

Аймақта азық-аўқат өнимлери, шарўа ҳәм қусшылық пенен шуғылланыў ушын жүдә үлкен имканиятлар бар. Соның ушын келеси жылы 1 триллион сумлық қусшылық жойбарларын әмелге асырыў, гөш ҳәм мәйек өнимлериниң көлемин 2 есеге көбейтиў керек екенлиги көрсетип өтилди.

Ўәлаятта 1,7 миллиард долларлық 858 инвестициялық жойбарлар есабынан 20 мың жумыс орнын жаратыў режелестирилген.

– Ҳәр күни қандайда бир мәселениң ишине кирип, қыйын болса да қаржысын таўып, шешим таўып берип атырмыз. Бүгин және ким мәселе қойса, оны да шешип беремен. Қайсы ҳәким есап-санақ пенен анық реже қойып, жумысларды системалы жолға қойса, әлбетте, нәтийже болады,-деди мәмлекетимиз басшысы.

Мәжилисте Бас министрдиң орынбасарлары жумыс орынларын шөлкемлестириў, аўыл хожалығын раўажландырыў, инвестициялық жойбарларды әмелге асырыў, социаллық тараўды жақсылаў режелери бойынша мәлимлеме берди.

Соның менен Президентимиз Шавкат Мирзиёевтиң Сырдәрья ўәлаятына сапары жуўмақланды.

Зиёдулла ЖОНИБЕКОВ,
Икром АВВАЛБОЕВ,
Шуҳрат СУЯРОВ,
ӨзАның хабаршылары