Бүгин, 6-октябрь күни саат 09:00 ден 7-октябрь саат 09:00 ге шекем «Қазығурт» (Қазақстан) ҳәм оған тутас «С.Нажимов» (Өзбекстан) қадағалаў-өткериў пункти пуқаралар ҳәм транспорт қуралларының өтиўи ушын жабылады.

Атап өтилиўинше, оған «Өзтрансгаз» акционерлик жәмийети тәрепинен ҳәр еки мәмлекеттиң қадағалаў-өткериў пунктлери арасынан өтетуғын газ қубырларының гидравликалық сынақтан өткерилиўи себеп болады.

Қазақстан-Өзбекстан шегарасындағы басқа қадағалаў-өткериў пунктлери әдеттегидей ислеўде даўам етеди.

«Шегарадан өтпекши болған бәршеден енгизилген шеклеўлерди есапқа алған ҳалда өз жөнелисин алдыннан режелестириўин сораймыз», делинеди хабарда.

Қарақалпақстан хабар агентлиги