Фермер хожалықларының хожалық жумысына мәмлекетлик уйымлар және басқа да уйымлар ҳәм шөлкемлердиң, сондай-ақ, олардың лаўазымлы адамларының араласыўына жол қойылмайды.

Мәмлекетлик уйымлар және басқа да уйымлар ҳәм шөлкемлердиң нызамсыз қарарлары, олардың лаўазымлы адамларындың ҳәм пуқаралардың нызамсыз ҳәрекетлери (ҳәрекетсизлиги) нәтийжесинде фермер хожалығына жеткерилген зыянлар, соның ишинде, жоғалтылған пайда нызамшылықта белгиленген тәртипте қапланады.

Фермер хожалығы пул айланысын жүргизиў және пул қаржыларын сақлап турыў ушын банк мәкемесинде есап бетлер ашыў ҳәм бул қаржыларды еркин басқарыў ҳуқықына ийе.

Фермер хожалығының есап-санақ китабынан қаржыларды тек ғана фермер хожалығы баслығының келисими менен ямаса судтың қарарына муўапық есаптан шығарыў мүмкин.

Қарақалпақстан хабар агентлиги