Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Венгрия тәрепиниң мирәт етиўине бола 3-4-октябрь күнлери рәсмий сапар менен усы мәмлекетте болды.

4-октябрь күни Будапешт қаласында Венгрия Парламентиниң имаратының қарама-қарсысындағы Лайош Кошут атындағы майданда Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевти рәсмий күтип алыў мәресими болып өтти.

Майданда жоқары мәртебели мийманның ҳүрметине пияда ҳәм атлы әскерлерден ибарат ҳүрметли қараўыл сап тартты. Еки елдиң мәмлекетлик гимнлери жанлады.

Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Венгрия Президенти Каталин Новак рәсмий делегациялар ағзаларын қутлықлады.

Мәресим жуўмағында ҳүрметли қараўыл салтанатлы сап тартып өтти.

Шавкат Мирзиёев Венгрияға рәсмий сапары шеңберинде Будапешт қаласының Қаҳарманлар майданындағы Естелик үстини алдына гүлшеңбер қойды.

Мәмлекетимиз басшысы Венгрия мәмлекетшилигин қурыўға үлес қосқан уллы ғайраткерлердиң естелигине ҳүрмет көрсетти.

Бул жер Будапешттиң бас майданларынан бири болып, ЮНЕСКОның Пүткилжәҳән мийрасы дизимине киргизилген. Майдан орайында Мың жыллық үстин бой тиклеген, онда мадияр постаментиниң 7 баслығының ҳәйкели орнатылған. Бул естелик венгерлердиң бүгинги ўатанын табыўы ҳәм Венгрия патшалығына тийкар салыныўына бағышланған.

Комплексте венгер халқының белгили ғайраткерлериниң естеликлеринен ибарат 2 колоннада жайласқан. Естеликтиң алдынғы тәрепинен Венгрия қаҳарманларының ҳүрметине естелик тастахтасы орнатылған.

Будапешт қаласындағы Шандор сарайында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёевтиң Венгрия Президенти Каталин Новак пенен ушырасыўы болып өтти.

Ушырасыў алдынан мәмлекетимиз басшысы Ҳүрметли мийманлардың китабында жазыў жазып қалдырды, жетекшилер биргеликте сүўретке түсти.

Президентлер Өзбекстан ҳәм Венгрия арасындағы көп қырлы стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да кеңейтиў мәселелери бойынша пикир алысты.

Халықларымыздың әзелий тарийхый байланыслары уқсас қәдириятлар ҳәм дослық қатнасықларын беккемлеў ушын тийкар болып хызмет етип атырғаны атап өтилди. Арминий Вамбери ҳәм Исхак Ибраҳим сыяқлы шығыстаныўшы илимпазлар тарийхый байланысларымыз ҳәм бай мәдений мийрасымызды үйрениўге үлкен үлес қосқаны айрықша атап өтилди.

Еки тәреплеме бирге ислесиў жедел раўажланып атырғаны, сиясий сөйлесиў тереңлесип, өз-ара жәрдем даўам еттирилип атырғаны, парламентлераралық ҳәм жәмийетшилик байланыслары кеңейип атырғаны қанаатланыўшылық пенен атап өтилди.

Саўда-экономикалық ҳәм инвестициялық бирге ислесиўди раўажландырыў тийкарғы әҳмийетке ийе. Кейинги жылларда товар алмасыў көлеми дерлик үш есеге артқаны атап өтилди.

Бул бағдардағы жумысларды жеделлестириўде экономикалық бирге ислесиў бойынша Өзбекстан – Венгрия ҳүкиметлераралық комиссиясы ҳәм 3-октябрь күни Будапештте екинши мәжилисин өткерген Өзбекстан – Венгрия Исбилерменлер кеңеси әҳмийетли орын ийелемекте.

Тәреплер Өзбекстан Европа Аўқамының GSP+ преференциялар системасына қосылғаны өз-ара саўданы салмақлы дәрежеде көбейтиў ҳәм диверсификациялаў ушын жаңа имканиятлар ашатуғынын атап өтти.

Өзбекстан – Венгрия бирге ислесиўин раўажландырыўда мәдений-гуманитарлық тараў айрықша орынға ийе. Венгрия ҳүкимети «Хунгарикум» бағдарламасы шеңберинде өзбекстанлы студент ҳәм докторантлар ушын ҳәр жылы ажыратылатуғын квотаны 170 ге шекем арттырыў ҳаққындағы қарарды қабыл етилгени айтылды.

Өзбекстан ҳәм Венгрия жоқары билимлендириў мәкемелери ректорларының екинши форумын өткериў мақсетке муўапықлығы көрсетип өтилди.

Мәмлекет басшылары халықаралық ҳәм регионаллық әҳмийетке ийе мәселелер бойынша да пикир алысты, көп тәреплеме стурктуралар шеңбериндеги жедел сөйлесиўди ҳәм өз-ара жәрдемди даўам еттириў мәселелерин додалады.

Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан Президенти Венгрия Президентин өзи ушын қолайлы ўақытта мәмлекетимизге барыўға мирәт етти.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев Будапешт қаласында Венгрияның жетекши компания ҳәм банклериниң басшылары менен ушырасыў өткерди.

Илажда Венгрия экономикалық раўажланыў министри Мартон Надь, Саўда-санаат палатасының баслығы Ласло Парраг, «OTP Bank» баслығы Шандор Чаньи, сондай-ақ, «Gedeon Richter», «Bonafarm», «Wizz Air», «Raba Holding», «Meditop», «Master Good», «Kite» сыяқлы жигирмаға шамалас ең ири компания ҳәм корпорация басшылары қатнасты.

Өзбекстан жетекшисиниң сырт мәмлекетлерге сапар етиўлери даўамында исбилерменлер менен ушырасыўлар өткериўи дәстүрге айланған. Бундай илажлар тиккелей байланысларды жолға қойыў, мәмлекетимиздиң саўда-экономикалық бағдардағы табысларын алға қойыў, сырт ел инвестицияларын өз-ара пайдалы жойбарларға тартыўға хызмет етеди.

Венгрия – Европаның ең тез экономикалық жақтан өсип атырған мәмлекетлеринен бири, аўыл хожалығы, саўда, туризм, қаржы ҳәм мәлимлеме технологиялары тараўында үлкен потенциалға ийе мәмлекет.

Кейинги жылларда мәмлекетлеримиз арасындағы саўда-экономикалық бирге ислесиў жедел раўажланбақта. Қоспа кәрханалар ҳәм инвестициялар көлеми артпақта.

Ушырасыўда фармацевтика, аўыл хожалығы, азық-аўқат санааты, электроника ҳәм электротехника, химия, тоқымашылық, былғары тармақлары ҳәм автомобиль қурылысы сыяқлы тараўларда өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң перспективалы бағдарлары додаланды.

Өзбекстанда экономиканың барлық тараў ҳәм тармақларын түп-тийкарынан жетилистириў, халықтың абаданлығын арттырыўға қаратылған кең көлемли реформалар әмелге асырылып атырғаны атап өтилди.

Мәмлекетимиз басшысы кейинги жылларда Өзбекстанның экономикалық сиясатының тийкарғы нәтийжелерин санап өтти: валюта базары ҳәм пайданы репатриациялаў еркинлестирилди, мәмлекетлик активлер ҳәм банклерди, санаат ҳәм инфраструктура еркинлестирилди, мәмлекетлик активлер ҳәм банклерди, санаат ҳәм инфраструктура объектлерин меншиклестириў бағдарламасы басланды, салық системасы реформаланды.

– Жаңа Өзбекстанның раўажланыў стратегиясында исбилерменлер ушын максимал дәрежеде қолайлы шараятлар жаратыў, елимизде сырт ел бизнес жумысын кеңейтиў бағдарындағы жумысларды даўам еттириў мақсет етилген. Ең әҳмийетлиси сырт ел бизнес ўәкиллери жаңаланыўларымызға исенди, – деди Шавкат Мирзиёев.

Ушырасыўда тийкарғы жойбарларды қаржыландырыў ушын қоспа фондтың шөлкемлестирилиўи ҳәм ол тез пурсатта жумыс баслайтуғыны айтылды.

Тек ғана Венгрия компаниялары ушын мөлшерленген өз алдына санаат зонасын жаратыў ҳәм оны барлық зәрүр өндирис инфраструктурасы менен тәмийинлеў усыныс етилди.

Мәмлекетимиз басшысының пикиринше, болажақ қоспа жойбарлар ҳәм олардың шеңберинде венгриялы шериклердиң илимий қолланбалары, конструкторлық инновациялар ҳәм технологиялардың өзлестирилиўи үлкен синергетик нәтийже береди.

Президент Шавкат Мирзиёев Венгрия делегациясының ҳәр бир ағзасы менен өз алдына сөйлести. Анық қоспа жойбарларды әмелге асырыў режелери ҳаққында толық пикир алысылды. Өзбекстан тәрепи Венгрия исбилерменлерине олардың инвестициялық режелерин әмелге асырыўда толық жәрдемлесиўге таяр екени атап өтилди.

– Ҳәр бир исбилерменди мәмлекетимизге келип, бүгинги күнде инвестициялар ушын ең жақсы жер Өзбекстан екенине жеке исеним пайда етиўге мирәт етемен, – деди Президентимиз.

Венгрия исбилермен топарларының ўәкиллери, өз гезегинде, Өзбекстанда әмелге асырылып атырған экономикалық реформаларға жоқары баҳа берди ҳәм мәмлекетимиз базарына шығыў, перспективалы қоспа жойбарларды әмелге асырыўға таяр екенин билдирди.

Күни кеше өткен Өзбекстан – Венгрия бизнес форумында улыўма баҳасы 1 миллиард доллардан аслам инвестиция, саўда ҳәм финанслық келисимлерге қол қойылғаны ҳәм тәреплер бирге ислесиўден мәпдарлығының гезектеги айқын көриниси болды.

Ушырасыў жуўмағында алға қойылған барлық жойбарларды әмелге асырыў бойынша анық мүддетлер ҳәм жуўапкер атқарыўшылар көрсетилген комплексли «жол картасы»н қабыл етиўге келисип алынды.

Өзбекстанның министрлик ҳәм уйымларына венгриялы бирге ислесиўшилердиң елимизде табыслы исбилерменлик жумысын әмелге асырыўында ҳәр тәреплеме жәрдемлесиў тапсырылды.

Будапешттеги «Кармелита» сарайында Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Венгрия Бас министри Виктор Орбан тар шеңберде еки тәреплеме сөйлесиў өткерди.

Сөйлесиўде Өзбекстан – Венгрия стратегиялық шериклигин буннан былай да кеңейтиў ҳәм беккемлеў мәселелери көрип шығылды.

Өзбекстан Президенти дос Венгрия жетекшисине сапар даўамында көрсетилген қызғын қабыллаў ҳәм жыллы миймандослық ушын миннетдаршылық билдирди.

Мәмлекетимиз басшысы еки мәмлекет арасындағы көп қырлы стратегиялық шериклик жедел раўажланып, избе-из беккемленип атырғанын үлкен қанаатланыўшылық пенен атап өтти. Виктор Орбанның 2021-жыл мартта елимизге рәсмий сапарының жуўмағында ерисилген келисимлер Өзбекстан – Венгрия қатнасықларында жаңа бет ашқаны ҳәм еки тәреплеме бирге ислесиўди және де жоқары басқышқа көтергени айрықша атап өтилди.

Ҳәр қыйлы дәрежелердеги сөйлесиўлер жеделлести, нәтийжели сиясий ҳәм парламентлераралық бирге ислесиў жолға қойылды, саўда-экономикалық және инвестициялық тараўларда қоспа жойбарлар әмелге асырылмақта, мәдений-гуманитарлық алмасыўлар кеңеймекте.

Сөйлесиўлерде қоспа инвестициялық жойбарларды санаат кооперациясы арқалы әмелге асырыўға айрықша итибар қаратылды. Усы мәниде еки мәмлекеттиң экономикасы бирин-бири толықтырып турыўы, раўажланыў стратегиялары диверсификация ҳәм индустриалласыўына қаратылғаны менен бир-бирине уқсаслығы атап өтилди.

Кейинги жылларда өз-ара товар алмасыўдың артқаны, оны буннан былай да көбейтиў ушын барлық имканиятлар ҳәм факторлар бар екени атап өтилди. Өзбекстан Европа аўқамының «GSP+» ағзасы статусына ийе екени де буған хызмет етеди.

Тәреплер өз-ара жеңилликлер ҳәм преференциялар бериў, таяр өним ислеп шығарыў бойынша қоспа қуўатлықлар жаратыў ҳәм сол арқалы ҒМДА, Шығыс ҳәм Қубла Азия және Жақын Шығыс базарларына шығыўға умтылады.

Фармацевтика, аўыл хожалығы, электротехника, машина қурылысы, инновациялар, санластырыў, транспорт және илимий изертлеўлер бирге ислесиў ушын перспективалы жойбарлар сыпатында атап өтилди.

Еки мәмлекет жетекшилери әҳмийетли халықаралық ҳәм регионаллық машқалаларды да додалады. Халықаралық структуралар, соның ишинде, БМШ, ЕҚБШ, Түркий мәмлекетлер шөлкеми ҳәм басқалар шеңбериндеги бирге ислесиў мәселелерине тоқтап өтилди.

Венгрия Бас министри усы жылдың ноябрь айында Самарқандта өткерилетуғын Түркий мәмлекетлер шөлкеминиң биринши саммитине қатнасатуғынын тастыйықлады.

Өзбекстан Республикасы Президенти Шавкат Мирзиёев ҳәм Венгрия Бас министри Виктор Орбанның сөйлесиўлери еки мәмлекет рәсмий делегацияларының қатнасыўында кеңейтилген қурамда даўам етти.

Жетекшилер Өзбекстан-Венгрия қатнасықлары 2021-жылы стратегиялық шериклик дәрежесине көтерилгени ҳақыйқый тарийхый ўақыя болғаны және халықларымыздың көп әсирлик дослығы ҳәм өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң бүгинги раўажланыўына толық сәйкеслигин атап өтти.

Сиясий, саўда-экономикалық, инвестициялық ҳәм мәдений-гуманитарлық бирге ислесиўди буннан былай да кеңейтиўге айрықша итибар қаратылды.

Мәмлекетимиз басшысы кейинги жылларда  өз-ара саўда көлеми дерлик 3 есеге көбейгенин атап өтти. Тәреплер келешекте товар алмасыўды 500 миллион долларға жеткериў режесин жүзеге шығарыўға келисип алды.

Виктор Орбан Венгрия Өзбекстанның өзиниң әҳмийетли ҳәм узақ мүддетли шериги деп есаплайтуғынын атап өтти. Бул сапар етиўдиң бай бағдарламасы да өз-ара сөйлесиўди ҳәр тәреплеме раўажландырыўға умтылыс күшли екенинен дәрек береди.

Аўыл хожалығы, транспорт, фармацевтика, тоқымашылық, азық-аўқат, электротехника, суўды үнемлеў ҳәм санаат тараўларындағы кооперацияға жаңа күшли пәт бағышлаў бойынша келисимге ерисилди.

Усы мақсетте ҳүкиметлерге әҳмийетли жойбарларды қаржыландырыў ушын тез ўақытта қоспа фонд дүзиў тапсырылды.

Соның менен бир қатарда бизнес-форум ҳәм көргизбелер турақлы өткерип барылады, имканиятлар мақсимал дәрежеде иске қосылады, өз-ара пайдалы бирге ислесиўдиң барлық бағдарлары қамтып алынады.

Тәреплер жақында өткерилген бизнес форумның табыслы жуўмақлары, яғный баҳасы 1 миллиард доллардан аслам болған инвестиция ҳәм саўда келисимлерине қол қойылғаны нәтийжели бирге ислесиўдиң анық әмелий нәтийжеси болғанын қанаатланыўшылық пенен атап өтти.

Ерисилген келисимлерди әмелге асырыўға көмеклесиў мақсетинде Будапештте Өзбекстан Республикасының дипломатиялық ўәкилханасын ашыў бойынша келисимге ерисилди.

Ушырасыў жуўмағында Өзбекстан ҳәм Венгрия жетекшилери мәмлекетлеримиз арасындағы дослық ҳәм стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да беккемлеў бағдарында умтылыс күшли екенин және бир мәрте тастыйықлады.

Будапешт қаласында өткен жоқары дәрежедеги сөйлесиўлерден соң еки тәреплеме ҳүжжетлерге қол қойыў мәресими болды.

Президент Шавкат Мирзиёев ҳәм Бас министр Виктор Орбан Өзбекстан Республикасы ҳәм Венгрия арасындағы стратегиялық шерикликти раўажландырыў ҳаққындағы биргеликтеги билдириўге қол қойылды.

Ҳүжжетте сөйлесиўлер дослық, ашық ҳәм конструктивлик руўхында өткени атап өтилген, ҳәр тәреплеме өз-ара пайдалы бирге ислесиўди жеделлестириў нәзерде тутылған, дипломатиялық қатнасықлар орнатылғанына 30 жыл толғаны атап өтилген.

Буннан тысқары, еки мәмлекет ҳүкиметлери, министрлик ҳәм уйымлар дәрежесинде Өзбекстан – Венгрия стратегиялық шериклик қатнасықларын буннан былай да кеңейтиўге қаратылған 15 ҳүжжетке қол қойылды. Булар:

– 2023-2024-жылларда санаат кооперациясын раўажландырыў бойынша қоспа бағдарлама;

– Илим ҳәм технологиялар тараўындағы бирге ислесиўди раўажландырыў бойынша ҳәрекетлер режеси;

– Аўыл хожалығы тараўындағы бирге ислесиўди кеңейтиў бойынша ҳәрекетлер режеси;

– Денетәрбия ҳәм спорт тараўында бирге ислесиў ҳаққында келисим;

– Илимди раўажландырыў тараўындағы бирге ислесиў ҳаққындағы келисим.

Сондай-ақ, бажыхана, әдиллик, қоршаған орталықты қорғаў, бағшылық ҳәм ыссыхана хожалығы, жүзимгершилик, инвестициялық тараўларда, Өзбекстан Республикасы мәмлекетлик басқарыў академиясы ҳәм Венгрия Мәмлекетлик хызмети университети, Самарқанд ўәлаяты ҳәм Хайду-Бихар округи, Халықаралық қатнасықлар мәлимлеме-таллаў орайы ҳәм Сыртқы ислер ҳәм саўда институты, Ташкент мәмлекетлик аграр университети ҳәм Венгрия аўыл хожалығы ҳәм тәбийғый илимлер университети арасында бирге ислесиў ҳаққындағы меморандумларға қол қойылды.

Соның менен Өзбекстан Президенти Шавкат Мирзиёетиң Венгрияға рәсмий сапары жуўмақланды.

ӨзА