Әжинияз атындағы Нөкис мәмлекетлик педагогикалық институтында гүз-қыс мәўсиминде студентлер арасында газ ийсинен зәҳәрлениўдиң алдын алыў, бул бағдарда түсиндириў ҳәм үгит-нәсият жумысларын алып барыў мақсетинде Айрықша жағдайлар басқармасының ўәкиллери менен ушырасыў болып өтти.

Илажға Нөкис қалалық Айрықша жағдайлар бөлиминен капитан Р.Рахимбаев, аға сержант П.Қурбанов, факультет деканларының орынбасарлары, профилактикалық инспекторлар, тьюторлар ҳәм студент-жаслар қатнасты.

Ушырасыўды институттың жаслар мәселелери ҳәм руўхый-ағартыўшылық ислери бойынша биринши проректоры Қ.Қодиров басқарып барды.

Илажда тараў қәнигелери тәрепинен атап өтилгениндей, республикамызда газ ийсинен зәҳәрлениўдиң алдын алыў, өрт қәўипсизлиги қағыйдаларына әмел етиў, сондай-ақ, социаллық тараў объектлери, көп қабатлы ҳәм жеке тәртиптеги турақ жайлардың жылытыў қазанлары, олардың морыларын гүз-қыс мәўсимине таярлаў мақсетинде қала ҳәм районлар кесиминде жәмийетлик басламада арнаўлы топарлар шөлкемлестирилди. Пайтахтымыз Нөкис қаласының өзинде 5 секторға бөлинген ҳалда Айрықша жағдайлар басқармасының қәнигелери тәрепинен үйрениў ҳәм мониторинг жумыслары алып барылмақта.

Соңғы жылларда халқымыз арасында қәўипсизлик талапларына жуўап бермейтуғын қолбала, стандарт болмаған газ үскенелери, насаз жағдайдағы жылытыў қазанлары және морылардан пайдаланыў ақыбетинде газ ийсинен зәҳәрлениў жағдайлары жүз бермекте.

Әсиресе, көп қабатлы турақ жайларда ижарада жасайтуғын жоқары оқыў орынларының студентлери арасында жүз берип атырған усындай унамсыз ақыбетлер тараў жуўапкерлери тәрепинен күн тәртибиндеги әҳмийетли мәселе сыпатында баҳаланбақта.

Ушырасыўда студентлердиң ижарада жасап атырған үйлеринде тараў қәнигелери менен бирге мониторинг жумысларын алып барыў, атап айтқанда, үйрениў жумысларының жуўмақлары бойынша ижара үйлерин қызыл, сары ҳәм жасыл категорияларға ажыратқан ҳалда тийисли жуўапкерлерге мағлыўматлар бериў, анықланған кемшиликлер ҳәм машқалаларды сапластырыў бойынша анық белгиленген әмелий жумысларды алып барыў, жаслар арасында түсиндириў ҳәм үгит-нәсият жумысларының нәтийжели вариантларын әмелиятқа енгизиў мәселелери сөз етилип, бул бағдарда институт ҳәм Айрықша жағдайлар басқармасы қәнигелери менен биргеликте әмелге асырылатуғын жумыслар белгилеп алынды.

Ислам Матеков,

Қарақалпақстан хабар агентлигиниң шолыўшысы.