Өзбекстан Республикасы Министрлер Кабинетиниң 2022-жыл 26-сентябрьдеги тийисли протоколына тийкарланып, усы жылдың 3-9-октябрь күнлери «Кекселерди қәдирлеў, оларға хүрмет көрсетиў – халқымызға тән жақсы пазыйлет» идеясы астында мәмлекетимиздиң барлық аймақларында «Кекселер ҳәптелиги» өткерилиўи режелестирилген.

Мәҳәлле ҳәм нураныйларды қоллап-қуўатлаў министрлигиниң мәлимлеме хызметиниң берген мағлыўматы бойынша, елимизде барлық мәҳәллелерде нуранийлар, соның ишинде, «Сақаўат» ҳәм «Мүриўбет» интернат үйлеринде жасап атырған кекселердиң қатнасыўында мәдений-ағартыўшылық илажлар, таңлаўлар, қайырқомлық илажлары, соның ишинде, нураный ҳәм жаслар ушырасыўының өткерилиўи режелестирилмекте.

Қарақалпақстан хабар агентлиги