1-октябрь  ̶  Муғаллимлер ҳәм устазлар күни

 Тарийх илими бир нешше тараўларға бөлинеди. Соның ишинде этнография тараўы халықлардың келип шығыўын, қәлиплесиўин ҳәм этникалық дүзилисин, хожалығын, мәдений-тарийхый байланысларын, руўхый мәдениятын ҳәм миллий өзгешеликлерин тарийхый процесс пенен байланыстырып үйрететуғын илим. Усы машақатлы тараў арқалы халқымыз тарийхын изертлеўге өзиниң салмақлы үлесин қосқан илимпазлардың бири Айназар аға Өтемисов болып есапланады. Ол өзиниң саналы өмир жолын халқымыз тарийхын ҳәр тәреплеме үйрениў менен бирге өсип киятырған жас әўладты усы тарийх руўхында тәрбиялаў ҳәм болажақ тарийхшы илимпазларға пайдалы жол-жорықларын бериўге бағышлады. Сонлықтанда жәмәәт арасында иззет ҳүрметке ийе. Өзиниң дем алыста болыўына қарамастан тез-тез келип жаслар менен ушырасып турады. Илим менен шуғылланыў барысындағы қыйыншылықлар ҳәм қызықлы ўақыяларды еслеп жас оқытыўшылар ҳәм студентлердиң халқымыздың оғада бай тарийхына болған қызығыўшылығын оятады.

Қарақалпақстан илиминиң ҳәм билимлендириў тараўының раўажланыўына, өсип киятырған жаслар тәрбиясында салмақлы үлес қосқан инсан устазымыз Айназар аға Өтемисов өмириниң 60 жылдан аслам дәўирин халқымыздың тарийхын изертлеўге ҳәм келешек жасларды тәрбиялаўға жумсады. Бул тараўда 1950-жыллардан баслап жемисли түрде мийнет етти.

А.Өтемисов 1934-жылы 23-декабрьде ҳәзирги Қараөзек районы Қараөзек хожалығының «Самат» аўылында дийхан шаңарағында дүньяға келген. 1953-жылы мектепти питкергеннен кейин Самарқанд университетиниң тарийх қәнигелигине оқыўға киреди. Оны 1958-жылы питкерип шыққаннан кейин өзиниң туўылып өскен районына келип орта мектепте тарийх пәни муғаллими ҳәм районлық халық билимлендириў бөлиминде методист болып ислейди. 1959-жылы апрель айынан баслап Өзбекстан Республикасының сиясий ҳәм илимий билимлерди үгит-нәсиятлаў жәмийетиниң Қарақалпақстан бөлиминде инспектор-методист болып жумыс ислейди. Оның халқымыз тарийхын илимий жақтан үйрениўге болған қызығыўшылығы студентлик дәўирден-ақ басланған еди. Себеби лекция барысында алған билимлери ҳәм Хорезм археологиялық-этнографиялық экспедициясының үлкемизде алып барған жумысларының жуўмақлары менен таныс болып барыўы, сондай-ақ Л.С.Толстованың Самарқандтағы қарақалпақлар ҳаққындағы жәриялап барған мағлыўматлары А.Өтемисовтың илимге болған талпынысларын күшейттирди. Сонлықтанда ол 1960-жылы февраль айынан баслап Өзбекистан Илимлер Академиясының Қарақалпақстан филиалының Н.Дәўқараев атындағы тарийх, тил ҳәм әдебият институтының археология ҳәм этнография секторында киши илимий хызметкер болып жумыс ислейди. Усы ўақытлардан баслап болажақ илимпаз республикамыз ҳәм оннан тысқарыда Л.С.Толстова, У.Х.Шалекенов, Х.Есбергеновлар басшылығында алып барылған этнографиялық экспедициялардың қурамында болып халық арасынан көпти көрген, шешен, куўақы кисилерден тарийхый мағлыўматлар жыйнай баслайды. Нәтийжеде У.Шалекенов басшылығындағы Қоңырат этнографиялық отрядының материаллары 1962-жылы илимий журналда жарық көрди. Онда Қоңырат қаласы көп адам жыйналатуғын Хорезм оазисиндеги ең үлкен саўда базарына ийе. Қоңыратта өзлериниң саўда дүканына ҳәм кәрўанына ийе үлкен саўдагерлер болды. Олардың көпшилиги Оренбург, Бухара, Ашхабад ҳәм Хорезмниң көплеген қалалары менен саўда жүргизди. Сондай-ақ, халық арасында үлкен абырайға ийе, әўладтан-әўладқа өтип киятырған 75 жастағы Қыдыр үйши Ерназаровтан қара үйдиң соғылыўы, жыйналыўы ҳәм қарақалпақ қара үйлериниң қоңсы халықлардан айырмашылықларын көрсетип береди. Кейинги ўақытларда қара үйлерди шарўаларға ҳәм Газли-Урал газопровод қурылысшыларына жеткерип берип атырғанлығы айтылады. Усы жумыслардың нәтийжесинде халық арасынан көплеген мағлыўматларды жыйнаў менен бирге, олардың бийбаҳа мийрас екенлигин аңлайды. Усындай экспедиция материаллары ҳәм илимий әдебиятлар тийкарында Л.С.Толстова менен бирликте 1963-жылы қарақалпақлардың этногенези туўралы илимий мақаласын жәриялайды. Онда аўызеки халық дөретиўшилигиниң естеликлери болған тарийхый легенда, шежире изертлеўшилердиң көплеген қызықтырған сораўларына жуўап берип баҳалы мийрас болып есапланады. Усы мақалада аўызеки халық дөретиўшилигине үлкен дыққат бөлип, илимпазлардың дыққатын ҳәр тәреплеме усы мәселеге қаратып, аўызеки халық тарийхый традициясын ҳәзирше халық арасында жасап киятырған екен оларды ҳәр тәреплеме пайдаланыў кереклигин көрсетеди. Кем-кемнен тәжирийбе топлаўы ҳәм илимий мақалалар жазыўға қатнасыўы, белгили бир теманы таңлап илимий жақтан изертлеў кереклигин көрсетеди. Нәтийжеде 1965-1968-жылларда этнография қәнигелиги бойынша Өзбекистан Илимлер Академиясының тарийх институтында аспирантурада оқып, өзиниң диссертациялық илимий жумысын дәслеп тарийх илимлериниң кандидаты Л.С.Толстова, кейин ала тарийх илимлериниң докторы У.Х.Шалекеновтың басшылығында алып барады. Усы дәўирде белгили илимпазлар менен танысып, олардың лекцияларын тыңлаў менен бирге изертлеў жумысларындағы тәжирийбелерин үйренип, баҳалы мәсләҳәтлерин алып турады. Соның менен бирге дала экспедиялары ўақтында ел арасынан этнографиялық материалларды жыйнаў усылларын  үйренеди.

Усындай тынымсыз излениўлердиң нәтийжесинде ол 1971-жылы «Түслик Арал жағаларындағы балықшылардың турмысы ҳәм мәденияты» (XIX-әсирдиң ақыры XX әсирдиң 60-жыллары) деген темада кандидатлық диссертациясын Ташкентте табыслы қорғап шығады. Буннан кейинги дәўирде тарийх, тил, әдебият институтында аға илимий хызметкер болып ислеп, этнография тараўының раўажланыўына өзиниң салмақлы үлесин қосты. Усы дәўир ишинде ел арасынан өнерментшилик түрлерин, халқымыздың үрип-әдет дәстүрлерин, қарақалпақ халқының қәлиплесиўи ҳәм жасаў шараятлары, елди ҳәр қандай жаўгершиликлерден қорғаған батырларының тарийхы бойынша ел арасынан дереклер жыйнады. Ол ушын көп санлы тарийхый-этнографиялық экспедициялардың қурамында болып республикамыздың дерлик барлық аўылларында болып аўызеки ҳәм жазба дереклерди жыйнаўды даўам етеди. Соның менен бирге жергиликли ҳәм орайлық қалалардағы музей, архив ҳәм китапхана фондларынан, әдебиятлардан көплеген илимий дереклерди жыйнаўға еристи. Усы жыйналған материаллардың негизинде қарақалпақ этнографиясы бойынша  монографиялар, илимий мақалалары журналларда, топламларда,  конференция материалларында жәрияланып халқымыз тарийхын таныстырыўға да үлес қосты. Соның менен бирге жыйналған материаллар көплеген тарийхшы илимпазлардың илимий мийнетлеринде пайдаланылды. Сондай-ақ, А.Өтемисов тәрепинен халық арасынан жыйналған материаллардың көп екенлигин өзимиздиң илимий жумысымызды ислеў барысында академия бөлиминиң китапханасында сақланып атырғанлығының гүўасы болыў менен бирге олардан пайдаланған едик. Атап айтқанда 1970-жыллары Шымбай қаласының базарын ҳәм ондағы көринислерди шеберлик пенен сүўретлегенин көремиз. Әсиресе қала ҳәм оның әтирапындағы көплеген адамлардың үйлеринде халқымыздың өлмес мийрасы болған ески китаплардың ҳәм қол жазбалардың сақланып киятырғанлығын белгили этнограф Х.Есбергенов пенен болған экспедиция ўақтында тапқанлығын жазады. Әлбетте усы мийраслар халқымыздың өтмишин көрсетиў менен бирге олардың билимлендириўге ҳәм келешек әўладтың тәрбиясына үлкен дыққат аўдарғанлығынан дерек береди.

Айназар аға Өтемисов 1977-жылдан баслап Бердақ атындағы Қарақалпақ Мәмлекетлик университетинде дәслеп аға оқытыўшы, доцент болып ислеп, 1993-1994-жылларда Өзбекистан ҳәм Қарақалпақстан халықлары тарийхы кафедрасын басқарады. Әсиресе, тарийх қәнигелиги студентлери 1984-жылдан баслап Миздахқан археологиялық комплексинде археология-этнографиялық практикасын өтеп киятыр.   Усы дәўирде де студентлердиң этнографиялық практикасына басшылық етип, оларға халық арасынан мағлыўматлар жыйнаў тәжирийбелерин үйретип барады. Оның басшылығында көплеген студентлер этнография бағдары бойынша диплом ҳәм питкериў қәнигелик жумысларын жақлап шықты. Жыйналған материаллар негизинде «Қарақалпақстан балықшылары», «Қарақалпақлардың өнер-кәсиплери» атамасындағы китабы баспадан шығады. Ҳәр бир халық басқалардан өзине тән өнер-кәсиплери ҳәм үрип-әдетлери менен ажыралып турады. Өзиниң бул мийнетлеринде автор қарақалпақлардың өнер-кәсиплериниң түп сағасын, халықтың турмысында олардың орнын ҳәм әҳмийетин ашып көрсетиўге ериседи.

Айназар аға Өтемисов илимдеги салмақлы үлеслери менен бир қатар ол бир нешше жыллар даўамында республикамыздағы жоқары оқыў орынларында жасларға устазлық етип иззет-ҳүрметке ийе, абырайға ерискен инсан. Оның  шәкиртлери де илим ҳәм билимлендириў тараўында устаздың жолын жемисли даўам етпекте. Оның өмир жолы ҳәм ислеген ислери бүгинги күнги жасларымыз, әсиресе илим жолына қәдем атлаған ҳәр бир болажақ илимпаз ушын үлги  болып есапланады. Себеби жасларға ҳәм шәкиртлерине тәлим-тәрбия бериўден жалықпайтуғын, кәсибиниң пидайы  ретинде ҳүрметке миясар болды.

Узтазымыздың бүгинги күнге шекем ишинде баспасөзде жәриялаған мийнетлериниң  барлығы ҳәм Өзбекистан Илимлер Академиясы Қарақалпақстан бөлиминиң китапханасында бир нешше жыллар даўамында халық арасынан жыйнаған материалларының қол жазбалары сақланып, олардың барлығы халқымыздың тарийхына бағышланған. Олар келешекте ҳәр бир болажақ илимпаз ушын баҳалы мағлыўмат болатуғынлығы сөзсиз.

Саламат Сулайманов,

тарийх илимлериниң кандидаты, доцент.

Қарақалпақстан хабар агентлиги